Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) және оларды таярлаўда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелери арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, жеке меншик билимлендириў хызметлерин көрсетиў тараўында зәрүр шараятлар жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-5280-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-июльден баслап денетәрбия ҳәм спорт тараўында жумыс алып барып атырған мектептен тысқары мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемесин (кейинги орынларда – мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемеси) мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги илажлары енгизилсин:
жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшылар тәрепинен шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемесиниң жумысын алып барыў ушын мәмлекет қарамағында болған зәрүр имарат ҳәм объектлерди 2024-жыл 1-январьға шекем ижара төлемлерисиз (коммунал төлемлер буған кирмейди) оларға бериў;
2024-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемеси тәрепинен денетәрбия ҳәм спорт хызметлерин көрсетиў ушын пайдаланылатуғын имарат ҳәм объектлер ижара төлеминиң қәрежетлерин 50 процентке азайтыў.
- Мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелери Салық кодексине тийкарланып социаллық тараўда жумысты әмелге асыратуғын юридикалық тәреплер ушын белгиленген салық жеңилликлеринен пайдаланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Спортты раўажландырыў министрлиги (М.Исмаилов) ҳәм Қаржы министрлиги (Д.Султанов) мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелери ушын Салық кодексинде нәзерде тутылған салық жеңилликлери бойынша кеңнен түсиндириў жумысларын аймақлар кесиминде әмелге асырсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемесин бажыхана бажысын төлеўден азат етиўди (бир бөлегинен азат етиўди) нәзерде тутатуғын нызам жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 30-октябрьдеги «Абырайлы халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен Өзбекстан спортшылары ҳәм олардың тренерлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы 878-санлы қарарына муўапық абырайлы халықаралық спорт жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшыларды таярлаған мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемелериниң тренерлерине төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықлар мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған тренерлер ушын да енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Ирматов) ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев) менен биргеликте еки ай мүддетте сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемелериниң қәбилетли спортшыларын анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция), сондай-ақ, оларды Өзбекстан Республикасы сайланды командаларының тийкарғы ҳәм резерв қурамларына усыныс етиўдиң тәртибин тастыйықласын ҳәм әмелиятқа енгизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Ирматов) ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев) менен биргеликте бир ай мүддетте жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар менен ушырасып, мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў тилегин билдирген спортшылардың анық дизимин қәлиплестирсин ҳәм усы дизимди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жеткерсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиқов) менен биргеликте бир ай мүддетте мәмлекет қарамағындағы имарат ҳәм объектлердиң мәнзилли дизимин қәлиплестирсин;
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Ирматов), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери менен биргеликте қәлиплестирилген дизим бойынша мәмлекет қарамағындағы имарат ҳәм объектлердиң мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў тилегин билдирген спортшыларға ижара шәртнамасы тийкарында белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кучимов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың мазмун-мәниси ҳаққында арнаўлы көрсетиўлердиң таярланыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Мәмлекетлик спорт-билимлендириў мәкемеси ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзегерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, Өзбекстан Миллий олимпия комитети баслығының биринши орынбасары Р.С.Ирматов, Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 1-июль