Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм ишки базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў және аграр тараўда халықтың басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы олардың дәраматларын арттырыў, сондай-ақ, «Бир аймақ-бир өним» принципи тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди кеңейтиў, сондай-ақ, экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрьдеги «Мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзимгершиликте шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисинде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-20-санлы қарарына муўапық, фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы аз өнимли пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған ҳәм халыққа алыс болмаған аймақлардан:
2022-жылы 80 мың гектар егислик майданларын;
2023-2025-жыллары 120 мың гектар егислик майданларын халыққа ашық электрон таңлаў арқалы ижараға бериў белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда фермер хожалықлары және кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған және елатлы пунктлерге жақын ҳәм суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден 2022-жылдың ақырына шекем қосымша 20 мың гектар – улыўма 100 мың гектар егислик майданлары, 2023-жылы 95 169 гектар егислик майданлары 1 – 1.13 қосымшаларға муўапық халыққа ашық электрон таңлаў арқалы ижараға берилетуғыны белгиленсин.
Онда:
а) егислик майданлары пуқараларға 30 жыл мүддетке:
суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден – Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында 0,15 гектардан 1 гектарға шекем, басқа ўәлаятларда 0,30 гектардан 1 гектарға шекем ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 0,30 гектардан 2 гектарға шекемги өлшемлерде;
аз суўлы жерлерден – ўәлаятларда 0,50 гектардан 1 гектарға шекем ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 0,50 гектардан 2 гектарға шекемги өлшемлерде ижараға бериледи;
б) 2022-2023-жыллары дийқан хожалығын жүргизиў мақсетинде егислик майданларын халыққа бериў ушын шөлкемлестирилетуғын ашық электрон таңлаўда 1 талабан қатнасқан жағдайда, бурынғысынан өзгеше тәризде, таңлаў өткерилген болып есапланады;
в) ыссыхана тармағы кеңнен раўажланған районларда дийқан хожалықларына ажыратып берилген егислик майданларында ысытыў системаларын орнатпаған ҳалда жеңил конструкциялы ыссыханалар қурылыўына руқсат бериледи.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген халыққа дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкалары ашық электрон таңлаў арқалы ижараға берилгенде, усы абзацда нәзерде тутылып атырған шахслар жоқарыдағы дәптерлерден шығарылмайды ҳәм олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық жеңилликлер ҳәм преференциялар бир жыл мүддетке сақлап қалынады;
жеңилликлер ҳәм преференциялардың бир жыллық әмел етиў мүддети дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкасына болған ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап есапланады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар (қалалар) ҳәкимликлери Аўыл хожалығы министрлиги (А.Воитов, Х.Каримов) ҳәм Кадастр агентлиги (Ф.Пулатов) менен биргеликте:
а) бир ай мүддетте 2022 жылы халыққа қосымша тәризде ашық электрон таңлаў арқалы ижараға берилетуғын 20 мың гектар егислик майданларының, 2023-жыл 1-январьға шекем 2023-жылы халыққа ашық электрон таңлаў арқалы ижараға берилетуғын 95 169 гектар егислик майданларының елатлы пунктлерге жақын, суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден таңланыўы ҳәм район (қала) ҳәкимлериниң резервине белгиленген тәртипте қайтарылыўы ҳәм мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;
Онда, жер участкаларына ийелик етиў ҳуқықы ямаса мүддетли пайдаланыў ҳуқықының бийкар етилиўи Жер кодексиниң 36-статьясында белгиленген жағдайларда, соның ишинде, жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланылмағанда, бул аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын зүрәәтлик дәрежеси үш жыл даўамында нормативтен (кадастр баҳасына бола) төмен болыўында билдирилгенде, жер участкасынан топырақ өнимдарлығының төменлеўине, оның химиялық ҳәм радиоактив элементлер менен патасланыўына, экологиялық жағдайдың төменлеўине алып келетуғын усыллар менен пайдаланылған жағдайда, әмелге асырылады;
б) резервке алынған жер участкаларын мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары район (қала) ҳәкимликлериниң буйыртпасына тийкарланып әмелге асырылыўын, онда мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджет қаржыларының есабынан қаржыландырылыўын;
в) мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилген егислик майданларының суў тәмийнаты жақсы болған жерлерде – Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында кеминде 0,15 гектарға, басқа аймақларда кеминде 0,30 гектарға және аз суўлы жерлерде кеминде 0,5 гектарға тең болған көлемлерде лотларға ажыратылып, бир ай ишинде ашық электрон таңлаўға қойылыўын;
г) егислик майданларын таңлаў ҳәм лотларға ажыратыў жумысларында мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкимлери жәрдемшилериниң қатнасыўын және олар тәрепинен билдирилген усыныслар инабатқа алыныўын;
д) жер ҳаққындағы нызамшылық ҳәм ижара шәртнамасының талаплары орынланбағанда, соның ишинде, ижараға берилген жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланылмағанда, талабан тәрепинен ашық электрон таңлаў арқалы жердиң ижара ҳуқықын утып алыў ушын алынған қосымша миннетлемелер орынланбағанда, жерге болған ҳуқық Жер кодекси ҳәм «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Нызамға тийкарланып бийкар етилиўи ҳаққында дийқан хожалықлары ағзалары арасында түсиндириў жумыслары алып барылыўын тәмийинлесин.
Усы бәнтте белгиленип атырған тапсырмалардың орынланыўын өз ўақтында тәмийинлемеген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлери нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылыўы ҳаққынла ескертилсин.
- Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, Аўыл хожалығы министрлиги (А.Воитов, Х.Каримов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлери:
2022-жылдың ақырына шекем қосымша 20 мың гектар, 2023-жылы 95 169 гектар егислик майданларын ашық-айдынлықты тәмийинлеген ҳалда дийқаншылық көнликпелерине ийе болған, соның ишинде, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген халыққа ажыратсын;
усы майданларға Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң усынысына тийкарланып, аймақлардың талаплары ушын зәрүр болған ҳәм экспортқа қолайлы аўыл хожалығы егинлериниң егилиўин тәмийинлесин. Онда, овощ, палыз, собықлы, майлы ҳәм картошка егинлерин интенсив усылда егиўге айрықша итибар қаратылсын;
өним жетистириўшилерге аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқымлық, нәл, минерал төгин ҳәм химиялық қураллар жеткерип бериў, сондай-ақ, зәрүр агротехникалық хызметлер көрсетиў жумысларын шөлкемлестирсин;
агросанаат кластерлери, таярлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиўши кәрханаларды тартқан ҳалда жетистирилген таяр өнимди сатып алыў, оны қайта ислеў, сақлаў, ишки ҳәм сыртқы базарларға бағдарлаў илажларын көрсин;
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги (И.Эргашев) менен биргеликте егислик майданларында зыянкеслер және кеселликлер тарқалыўының алдын алыў мақсетинде системалы бақлаўларды шөлкемлестирип, дийқан хожалықларына егинлерди қорғаў хызметлериниң өз ўақтында көрсетилиўин тәмийинлесин;
аўыл хожалығы өнимлерин жыйнаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм сатыўдың барлық басқышларын қамтып алған киши агрологистика орайлары жумысын жолға қойыў илажларын көрсин.
Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги директоры Х.М.Каримов бул илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў үстинен турақлы мониторинг орнатып, әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) Аўыл хожалығы министрлиги (А.Воитов) менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси және мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң директоры М.М.Убайдуллаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 10-сентябрь