Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетлик уйымлардағы көп жыллық нәтийжели мийнети, мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин жоқарылатыў, елимизде кең көлемли реформаларды, ири дөретиўшилик жойбарларды табыслы әмелге асырыў, аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, интакерлик ҳәм шөлкемлестириўшилик пазыйлетлери менен Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға қосып атырған үлкен үлеси, жас әўладты ана жерге садықлық руўхында тәрбиялаў, жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў жолындағы ибратлы жумысы және туўылған күниниң 60 жыллығы мүнәсибети менен Ачилбай Жуманиязович Раматов «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықлансын.