Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Ишки базарды азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеў, өним жетистириўди көбейтиўдиң есабынан халықтың дәраматларын арттырыў, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди материаллық ресурслар (хызметлер) менен үзликсиз тәмийинлеў және жетистирилген өнимлерди кепилликли сатып алыў мақсетинде:
- Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги және Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң (кейинги орынларда – Бағшылық агентлиги) мийўе-овощ тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылыўы нәзерде тутылған қаржылары есабынан Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорына 12 ай мүддетке, соның ишинде, 11 айлық жеңилликли дәўир менен қосымша 300 миллиард сум бюджет ссудасын жыллық 10 процент ставкада ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Қаржы министрлигине қайтарылған қаржылар есабынан жыл даўамында Бағшылық агентлигиниң буйыртпалары тийкарында қосымша бюджет ссудасын ажыратып барыўды тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин. Онда, ажыратылған бюджет ссудасы бойынша қарыздарлықтың жәми суммасы усы қарар шеңберинде 300 миллиард сумнан артып кетпеўи кереклиги белгилеп қойылсын.
- Усы қарардың 1-бәнтинде белгиленген қаржылар Бағшылық агентлиги тәрепинен коммерциялық банклерге ресурс сыпатында қаратылған ҳалда, Бағшылық агентлигиниң жойбарлаў офислери басшыларының ҳәм мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшилериниң усынысына бола:
аўыл хожалығы кәрханаларына – мийўе, жүзим, картошка, овощ, палыз егинлери, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, собықлы ҳәм майлы егинлер (кейинги орынларда – аўыл хожалығы егинлери) жетистириўге туқымлық, төгин, жанылғы, өсимликлерди қорғаў қуралларын жеткерип бериў ушын;
өнимлерди қайта ислейтуғын, сақлайтуғын ҳәм экспорт ететуғын кәрханаларға – жетистирилген аўыл хожалығы егинлерин сатып алыўда талап етилетуғын айланба қаржыларды толықтырыў ушын ажыратылады.
Онда:
аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын кредитлер 150 миллион сумға шекем гиреўсиз бериледи;
кредитлер бойынша процент төлемлери жыллық 14 процент (соннан 3 проценти банк маржасы) муғдарында белгиленип, кредитлер 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен 12 ай мүддетке шекем ажыратылады;
ажыратылған кредит қаржыларының 50 процентке шекемги бөлеги қарыз алыўшы талабына тийкарланып нақ пулда бериледи;
ажыратылған кредитлер бойынша Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорының қаржылары гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етиледи.
- Қаржы министрлиги ҳәм аўыл хожалығы министрлиги аўыл хожалығы егинлерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ҳәм оларды сатып алыў системасын қоллап-қуўатлаў мақсетлери ушын Бағшылық агентлигине зәрүр қаржылардың алты ай бурын ажыратып барылыўын тәмийинлесин.
- а) кредит қаржыларының қайтара алмаў қәўипин қамсызландырыў бойынша ямаса зүрәәтти қәўип-қәтерден қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси аўыл хожалығы егинлерин жетистириўшилерге ажыратылатуғын кредитлер бойынша гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етилип, кредитлерди сөндириўге қаратылыўы мүмкин екени;
б) аўыл хожалығы егинлерин жетистириўшилерге зүрәәтти қәўип-қәтерден қамсызландырыў қәрежетлериниң 50 проценти Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының есабынан қаплап берилетуғыны белгилеп қойылсын.
Қаржы министрлиги 2023-жыл ҳәм келеси жыллар ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен аўыл хожалығы егинлерин жетистириўшилерге зүрәәтти қамсызландырыў қәрежетлериниң 50 процентин қаплаў мақсетлери ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорына зәрүр қаржылар аыратылыўын тәмийинлесин.
- Бағшылық агентлиги директоры Х.Каримов, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.Ҳаитов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери:
усы жылы қосымша ажыратылып атырған 20 мың гектар ҳәм 2023-жылы берилетуғын 95 169 гектар егислик майданларында жетистирилген өнимлердиң есабынан импортты қысқартыўға жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын;
2022-2023-жылларда азық-аўқат өнимлери жетистирилетуғын майданлар кеминде 300 мың гектарға жеткерилиўин тәмийнлесин. Онда, азық-аўқат өнимлерин жетистириў ушын мөлшерленген жерлерге егинлерди жайластырыў Бағшылық агентлиги тәрепинен белгилеп бериледи.
- Аўыл хожалығы министрлиги (А.Воитов), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.Ҳаитов) ҳәм Бағшылық агентлиги (Х.Каримов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаят, район (қала) ҳәкимликлери менен биргеликте:
өнимдарлы туқым ҳәм нәл сортларын, төгин ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларын орынларға жеткерип, дала ярмаркаларын өткериў және егинлерди жер майданларында «бир контур – бир өним» принципи тийкарында жайластырыў;
аўыл хожалығы өнимлерин кепилликли сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў илажларын көрсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Мультимедиа орайы мийўе-овощ тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, ерисилип атырған жетискенилклер ҳәм нәтийжелер ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етиў мақсетинде төмендеги ўазыйпалардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин:
медиа өнимлер (ролик, көрсетиў, репортаж, интервью ҳәм ҳәр қыйлы слайдлар) арқалы мийўе-овощ тараўында фермер, дийқан хожалықлары, қыйтақ жер ийелери және халықтың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў;
халықты аўыл хожалығы тараўында исбилерменликке қызықтырыў, жерден ҳәм ресурслардан өнимли пайдаланыў арқалы өз дәраматын арттырыўға үйрететуғын телекөрсетиўлер шөлкемлестириў;
халықтың аўыл хожалығы тараўында жүз берип атырған жаңалықлар, унамлы тәжирийбелер, сондай-ақ, азық-аўқат өнимлерине болып атырған талаплар ҳәм өзгерислер ҳаққында кеңнен хабардар етиў;
аўыл хожалығы тараўында дүньядағы алдыңғы тәжирийбелерди республика аймағында ғалаба ен жайдырыў.
- Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаев ҳәм аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов Экспортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан жүзим жетистиретуғын аўыл хожалығы кәрханаларының айланба қаржыларын толықтырыў ушын Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорына 2 жыл мүддетке, соның ишинде, 12 айлық жеңилликли дәўир менен 10 миллион АҚШ доллары муғдарында жыллық 2 процент ставкада қаржы ажыратсын.
Онда, жүзим жетистиретуғын аўыл хожалығы кәрханаларына қаржы ажыратыў шәртлери Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет қомиссиясы тәрепинен белгиленеди.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Аўыл хожалығы министрлиги (А.Воитов), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.Ҳаитов) менен биргеликте ҳәр бир аймақта усы қарардың мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша таныстырыўлар ҳәм семинарлар өткерсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов), Аўыл хожалығы министри (А.Воитов) менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин және мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Есап палатасы (Б.Турабов) Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик қаржыны қадағалаў инспекциясы менен биргеликте усы қарарда нәзерде тутылған қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўына ҳәм жумсалыўына турақлы қадағалаў орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымша киргизилсин.
- Аўыл хожалығы министри мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов, Бағшылық агентлигиниң директоры Х.М.Каримов, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң директоры М.М.Убайдуллаев және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 6-октябрь