Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 6-июльдеги «2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының инновациялық раўажланыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-165-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Аймақлардың басшыларына нефть, газ, энергетика, жол инфраструктурасы, автомобиль санааты, темир жол тасыў тараўларындағы кәрханалардың басшыларына – инновациялар енгизилген кәрханалар, инновациялық технологиялар, рәсмийлестирилген ойлап табыўлардың саны төмен екени, жергиликли қолланбалардың коммерцияластырылмағаны, тараўларға инновациялық технологияларды кеңнен енгизиўде немқурайдылыққа жол қойылғаны, илимий шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўдиң орнатылмағаны, инновацияларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жергиликли бюджеттен қаржылардың ажыратылмағаны;
жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлердиң басшыларына – илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларда грант жойбарларының үлеси төмен екени, олардың коммерцияластырыў қорларына қаржы ажыратылмағаны, илимий жойбарлар бойынша патентлер алынбағаны, халықаралық басылымларда илимий мақалалардың басып шығарылмағаны, илимий кадрларды таярлаў процеси төмен дәрежеде шөлкемлестирилгени, тармақларға хызмет көрсетиў тараўы жеткиликли дәрежеде раўажланбағаны көрсетип өтилсин.
- Төмендегилер:
а) 2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының инновациялық раўажланыў стратегиясын 2022-2023-жылларда әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;
б) 2022-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырылатуғын инновациялық қолланбаларды комерцияластырыў ҳәм стартап жойбарлардың дизими 2-қосымшаға муўапық;
в) тармақлар бойынша:
2022-2023-жылларда экономиканың реал секторы тармақлары тәрепинен жаңа инновациялық өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша әмелге асырылатуғын анық тийкарғы жойбарлардың дизими 3-қосымшаға муўапық;
2023-2026-жылларда экономика тармақларында әмелге асырылатуғын «драйвер» инновациялық жойбарлардың дизими 4-қосымшаға муўапық;
экономика тармақлары шөлкемлери тәрепинен жаңа қолланба ҳәм технологиялар тийкарында илимий көлемли ҳәм инновациялық өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў жойбарларын әмелге асырыўдың 2023-2026-жылларға мөлшерленген прогноз көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық;
г) илимий ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери бойынша:
2022-2023-жылларда илимий шөлкемлер тәрепинен жаңа қолланба ҳәм технологияларды жаратыў және енгизиў жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық;
2022-2026-жылларда илимий шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылатуғын «драйвер» инновациялық жойбарлардың дизими 6а-қосымшаға муўапық;
2022-2024-жылларда инновациялық жумыстың перспективалы бағдарларында илимий шөлкемлердиң жанында шөлкемлестирилетуғын, илимий көлемли өнимлер (товар ҳәм хызметлер) өндириске қәнигелескен жаңа инновациялық академиялық кәрханалардың дизими 6б-қосымшаға муўапық;
2022-2023-жылларда жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен жаңа қолланба ҳәм технологияларды жаратыў ҳәм енгизиў жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасы 7-қосымшаға муўапық;
2023-2026-жылларда жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен әмелге асырылатуғын «драйвер» инновациялық жойбарлардың дизими 7а-қосымшаға муўапық;
2022-2024-жылларда инновациялық жумыстың перспективалы бағдарларында жоқары билимлендириў мәкемелери жанында шөлкемлестирилетуғын, илимий көлемли өнимлер (товар ҳәм хызметлер) ислеп шығарыўға қәнигелескен жаңа инновациялық кәрханалардың дизими 7б-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Инновациялық раўажланыў министрлиги 2023-жыл 1-декабрьге шекем 2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының инновациялық раўажланыў стратегиясында ерисилген нәтийжелер ҳәм мақсетли көрсеткишлер және тийисли дәўир ушын экономиканы инновациялық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шығып, бул Стратегияны әмелге асырыў бойынша келеси еки жылға мөлшерленген «Жол картасы»н тастыйықлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарының сапалы ислеп шығылыўын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин шөлкемлестирсин.
- Усы қарарға 5-қосымшада көрсетилген тармақ шөлкемлери Инновациялық раўажланыў министрлиги менен келисилген ҳалда илимий көлемли ҳәм инновациялық өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў жойбарларын әмелге асырыўдың 2023-2026-жылларға мөлшерленген прогноз көрсеткишлерине муўапық ҳәр жылы ислеп шығылатуғын «жол карталары» тийкарында өз қаржылары есабынан илимий көлемли ҳәм инновациялық өнимлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестирсин.
- 2022-2024-жылларда перспективалы бағдарларда инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилетуғын, илимий көлемли ҳәм инновациялық өнимлер (товар ҳәм хызметлер) ислеп шығарыўға қәнигелескен жаңа инновациялық (spin-off) кәрханалардың дизими 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жаңа инновациялық кәрханалар:
Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда өндирис ямаса хызмет көрсетиў процесслеринде ресурсларды оптималластырылған ҳалда талап жоқары болған ҳәм перспективалы инновацияларды кеңнен енгизиў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған илимий көлемли кәрханалар есапланатуғыны;
жумысы мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары және хожалық жүргизиўши субъектлер менен биргеликте мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде, жергиликли бюджет ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәр жылы илимий көлемли өним (хызметлер) өндириске қәнигелескен жаңа инновациялық кәрханаларда бәсекиге шыдамлы жаңа өнимлер ислеп шығарыў технологияларын өзлестириў жойбарларына мәмлекетлик илимий бағдарламаларға ажыратылған қәржылардың 10 процентиниң қаратылыўын тәмийинлесин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери жаңа инновациялық кәрханалардың шөлкемлестирилип атырған аймағына қарамастан өз жумысын барлық аймақларда әмелге асырыўға ҳәм қарыйдарлар базасын кеңейтиўге жәрдемлессин.
- Ташкент қаласы, Алмазар районы, Студентлер қалашасы аймағындағы 1,95 гектар жер майданында Инновациялық оқыў-өндирислик технопаркиниң имараты үскенеленген ҳалда қурып питкерилгени ҳәм оның негизинде Инновациялық раўажланыў министрлигиниң шөлкемлестириўинде «Inno texnopark» ЖШЖ шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң «Inno texnopark» ЖШЖны «Yildiz Texnoloji Geliştirme Bölgesi Texnopark A.Ş.» шөлкеминиң Өзбекстандағы исенимли ўәкили (кейинги орынларда – исенимли ўәкил) исенимли басқарыўына бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Онда:
а) «Inno texnopark» ЖШЖ исенимли басқарыўға бес жылдан көп болмаған мүддетке бериледи;
б) келисимлерге бола исенимли ўәкилге төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленеди:
әмелдеги инфраструктураны басқарыў ҳәм технопарк резидентлерине хызмет көрсетиў;
технопарк резидентлериниң инновациялық жойбарларын әмелге асырыў ҳәм интеллектуаллық ҳәм санаат мүлкин басқарыўда жәрдемлесиў;
маркетинг, реклама ҳәм мәлимлеме хызметлерин көрсетиў;
сырт еллерден технологиялар трансферине жәрдемлесиў ҳәм инвеститцялық қорларды ҳәм венчур капиталларын тартыў;
технопарк резидентлери өниминиң халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркаларға қатнасыўын тәмийинлеў;
в) технопарк жойбарларын әмелге асырыў нәтийжесинде резидентлердиң барлық алған рухсатнамалары, патентлери илимий ҳәм инновациялық қолланбалар, технологиялар, хызметлери ҳәм аналитикалық мағлыўматлары Инновациялық раўажланыў министрлигиниң мүлки есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында инновациялық аймаққа айландырылып атырған районларда инновациялық, стартап, коммерцияластырыўға таярлаў, коммерцияластырыў ҳәм технологиялар трансфери жойбарлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын жойбарлар дизимине тийкарынан Инновациялық раўажланыў министрлигиниң коллегия қарарына муўапық мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың есабынан қаржыландырылатуғыны;
«Inno texnopark» ЖШЖ қарамағындағы оқыў-илимий лаборатория әсбап-үскенелеринен тийислисинше студентлер ҳәм докторантлар бийпул пайдаланатуғыны белгиленсин.
- «Inno texnopark» ЖШЖ ҳәм оның резидентлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-июньдеги «Республикада мәлимлеме технологиялары тараўын раўажландырыў ушын шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5099-санлы пәрманының 5-бәнти менен IT-парк резидентлерине берилген жеңилликлер (социаллық салықтан тысқары) ҳәм преференциялар 2022-жыл 1-августтан баслап енгизилсин.
«Яшнабад» инновациялық технопарки резидентлери ушын 2022-жыл 1-августтан баслап 2025-жыл 1-августқа шекем айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент етип белгиленсин.
Бас министрдиң орынбасары С.Умурзаков Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте еки ай мүддетте «Inno texnopark» ЖШЖ ҳәм «Яшнабад» инновациялық технопаркине резидентликке қабыл етиўдиң белгиленген тәртибин тастыйықласын.
- Төмендегилерге:
а) Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаковқа:
Усы қарардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмиийнлеў, «Жол картасы»н әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
инновациялық мәселелер бойынша баслық орынбасарларының жумыс нәтийжелилигинен келип шығып, оларды хошаметлеў ямаса интизамый, соның ишинде, ийелеп турған лаўазымынан азат етилиўге шекемги қатаң шараларды көриў, зәрүр жағдайларда, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизиў;
б) Инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмановқа министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары, хожалық бирлеспелери, устав фондында мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған кәрханалардың инновацияларды енгизиў бойынша жумысын уйымлараралық муўапықластырыў, олардың жумысына инновацияларды енгизиўдиң жағдайын баҳалаў ҳәм турақлы түрде инновациялық мәселелер бойынша баслық орынбасарларының есабатларын тыңлаў және оларға шөлкемлестириўшилик-методикалық жәрдем көрсетиў;
в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, соның ишинде, хожалық бирлеспелериниң басшыларына – усы қарарда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў тийкарында тийисли аймақта инновациялық өнимлерди ислеп шығарыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, ҳәр шеректиң жуўмағында кейинги айдың 5-сәнесине шекем усы қарар менен белгиленген илажлардың орынланыўы бойынша Инновациялық раўажланыў министрлигине есабат берип барыў ўазыйпалары жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанында Алдыңғы технологиялар орайын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3674-санлы қарарына 9-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаковқа ҳәм Инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмановқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 6-июль