Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў ҳаққында

197

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимизде өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын жаңа басқышқа көтериў, мәҳәллениң Жаңа Өзбекстан турмысындағы орнын ҳәм абырайын және де арттырыў, елимизде кең көлемли реформаларды әмелге асырыў арқалы инсан қәдирин улығлаў, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасын нәтийжели жолға қойыў бағдарындағы үлкен хызметлери, жәмийетимизде өз-ара дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, әзелий жақсы дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў, руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ислерине қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 «Дўстлик» ордени менен

 Машарипов Юсупбай Атаханович – Елликқала районындағы “Шарқ юлдузи” аўыл пуқаралар жыйынының Жаңа Өзбекстан көшесиниң бийи

«Шуҳрат» медалы менен

 Казахбаев Полат Торебаевич  – Қоңырат районындағы «Таллық» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

 Ташкент қаласы,

2026-жыл 19-март

–0–