Мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларын буннан былай да раўажландырыў бойынша кең көлемли илажлар ҳаққында

33

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

2026-жыл 1-июнь күни өткерилген мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият хызметкерлери менен тараўларды буннан былай да раўажландырыў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған ушырасыўда алға қойылған басламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, дөретиўшилерге мүнәсип шараятлар жаратыў ҳәм тараўда жеке меншик сектордың қатнасын буннан былай да кеңейтиў мақсетинде қарар етемен:

  1. I. Тийкарғи мақсетлер
  2. Төмендегилер усы Пәрманды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип белгиленсин:

(а) театр, кино, аяқ ойын, опера, фольклор, эстрада, академиялық ҳәм миллий саз әсбаплары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және әдебият сыяқлы бағдарларда дөретиўшилик бирлеспелердиң жумысын жолға қойыў ҳәм қоллап-қуўатлаў;

(б) дөретиўшилерди хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў, олардың халықаралық таңлаўларға қатнасыў санын 2027-жылы 20 процентке, жеңимпазлар санын 30 процентке, 2030-жылға шекем қатнасыўшылар санын 5 есеге, жеңимпазлар санын болса 2 есеге арттырыў;

(в) шайыр ҳәм жазыўшылар тәрепинен ҳәр жылы кеминде 50 ең сайланды шығармалар жаратылыўын, миллий әдебияттың ең жақсы 10 шығармасының шет тиллерге аўдарымаланыўын тәмийинлеў;

(г) дөретиўшилерди социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыў, соның ишинде, ҳәр жылы 1 мың дөретиўшини турақ жай менен тәмийинлеў, 3 мың дөретиўшини бийпул емлеў;

(д) мәмлекетлик емес театр ҳәм театр-студиялар санын 2028-жылы 50 ге жеткерип, театр тараўында жеке меншик сектордың қатнасын 25 процентке арттырыў.

  1. II. Тараўда талантларды жүзеге шығарыўдың жаңа системасын енгизиў
  2. Мәденият министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм кең дөретиўшилик жәмийетшилигиниң 1-қосымшаға муўапық мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларындағы дөретиўшилик бирлеспелерди (кейинги орынларда – дөретиўшилик бирлеспелер) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақулланатуғыны белгиленсин.
  3. (а) дөретиўшилик бирлеспелердиң дөретиўшилик басшылары ҳәм оларға шөлкемлестириў мәселелерин шешиўде жәрдем бериўши биргеликтеги басшылар Министрлер Кабинети тәрепинен тайынланануғыны;

(б) дөретиўши басшы өз бағдарында жана талантларды жүзеге шығарыўға жуўапкер есапланатуғыны;

(в) дөретиўшилик бирлеспелерге бириктирилген биргеликтеги басшылар:

(i) дөретиўшилик бирлеспе ҳәм оның бағдарына сәйкес дөретиўшилер ҳәм жәмәәтлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў және оларды финанслық қоллап-қуўатлаўға жуўапкер есапланатуғыны;

(ii) дөретиўшилик бирлеспе бағдары бойынша мәҳәлле – район – ўәлаят – республика дәрежесиндеги таңлаўлар ҳәм мәдений илажлардың жыллық реже-графигин дөретиўшилик басшылар менен биргеликте тастыйықлайтуғыны ҳәм оларды шөлкемлестиретуғыны;

(iii) халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлар жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелериниң гастроль сапарларын шөлкемлестириўге және халықаралық фестиваль ҳәм таңлаўларға қатнасыўына көмеклесетуғыны;

(г) биргеликтеги басшыларға олар тиккелей басшылық ететуғын мәкеме (шөлкем, кәрхана) ҳәм оның системалы шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан дөретиўшилик бирлеспелерге қаржы бағдарлаўга руқсат берилетуғыны;

(д) дөретиўшилик бирлеспелердиң жумысын қаржыландырыўға бағдарланған қәўендерлик қайырқомлықлары меценатлық жәрдеми есапланатуғыны ҳәм оларға нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлер қолланылатуғыны;

(ж) 2027-жылдан баслап дөретиўшилик бирлеспелердиң жыллық дөретиўшилик есабаты түринде Миллий дөретиўшилер қурылтайы өткериледи ҳәм онда дөретиўшилик бирлеспелердиң жыл даўамында ең жақсы нәтийже көрсеткен дөретиўшилер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендеги тәртипте хошаметленетуғыны:

(i) дөретиўшилердиң көркем кеше, шеберлик мектеби ҳәм дөретиўшилик үйлери шөлкемлестирилетуғыны;

(ii) бир жыл даўамында ҳәр айда 5 миллион сум муғдарында гонорар төленетуғыны;

(iii) үш жыл даўамында Өзбекстан бойлап самолёт, поезд ҳәм жәмийетлик транспортлардан бийпул пайдаланатуғыны, бунда тасыў қәрежетлери бойынша алынбай қалған дәраматлар кейин ала ҳәр айда қаплап берилетуғыны;

(iv) мәмлекетлик медицина мәкемелеринде емлениў қәрежети толық қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Талантларды анықлаў ҳәм раўажландырыў, олардың продюсерлик жумысын қоллап-қуўатлайтуғын бизнес жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде Мәденият министрлиги жанында юридикалық шахс статусысыз “Дөретиўшиликке инвестиция” мәмлекетлик мақсетли қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Қорға 2026-жыл 1-июльге шекем республикалық бюджет есабынан 200 миллиард сум қаржы ажыратыў илажын көрсин ҳәм 2027-жылдан баслап мәмлекетлик бюджет параметрлеринде ҳәр жылы кеминде 200 миллиард сум қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  3. Мәденият министрлиги 2026-жыл 1-июльден баслап Қордың есабынан ашық-айдын система тийкарында ең перспективалы жойбарларды қаржыландырыў системасын жолға қойсын.
  4. Мәденият министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2027-жылдан баслап ҳәр жылы театр, саз әсбаплары, хор ҳәм аяқ ойын бағдарында улыўма орта билимлендириў мәкемелери арасында район – ўәлаят – республика дәрежесинде таңлаўларды өткерип барыўды жолға қойсын. Бунда:

(а) ҳәр бир бағдар бойынша республика дәрежесиндеги таңлаўда жеңимпаз деп табылған улыўма орта билимлендириў мәкемесине өз дөретиўшилигин үгит-нәсиятлаў, сахна декорациялары ҳәм липаслары, музыка әсбапларын сатып алыў ушын Қор қаржылары есабынан 500 миллион сумнан грант бериледи;

(б) республикалық таңлаў жеңимпазлары мәденият ҳәм көркем өнер бағдарлары бойынша мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлерине кириўде дөретиўшилик имтиханнан азат етиледи ҳәм оларға максимал балл бериледи.

  1. 8. 2026-жыл 1-июльден баслап Өзбекстан Республикасы пуқараларына миллий саз әсбапларын сатып алыў қәрежетлериниң 30 процент бөлегин Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериў системасы жолға қойылсын.

III. Тараўды қоллап-қуўатлаў механизмлерин және де кеңейтиў

  1. 9. 2026-жыл 1-сентябрьден 2036-жыл 1-январьға шекем:

(а) тийкарғы жумысы концерт тамаша, кинематография, балалар ушын контент  жаратыў болған субъектлер, мәмлекетлик емес театр ҳәм театр-студиялар және мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы жеке меншик билимлендириў шөлкемлери қосымша қун салығынан, пайда салығынан, айланбадан алынатуғын салықтан, жер салығынан, мүлк салығынан, оларда ислеўши хизметкерлер физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи;

(б) шет ел компанияларының Өзбекстан аймағында кино өнимин жаратыў менен байланыслы жумысының нәтийжесинде алынған дәраматлары Өзбекстан Республикасы резидентлериниң дәраматларына төлем дерегинде салық салыўда салық базасына киргизилмейди.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Салық комитети және Мәденият министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы Пәрманның 9-бәнтинде нәзерде тутылған салық жеңилликлерин бериў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Төмендегилерди мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәр жылы қаржыландырыў системасы енгизилсин:

(а) жылына кеминде 50 ең сайланды шығармаларды жаратыў ушын шайыр ҳәм жазыўшыларға дөретиўшилик буйыртпа бериў;

(б) опера, симфония сыяқлы классикалық ҳәм заманагөй жанрлар бойынша ҳәр жылы кеминде 20 жаңа шығарма жаратыў ушын дөретиўшилерге мәмлекетлик буйыртпа бериў;

(в) ҳәр жылы миллий әдебияттың ең сайланды 10 шығармасын шет тиллерге аўдармалаў ҳәм авторлардың қатнасыўында шет еллерде презентациялар өткериў қәрежетлерин қаплап бериў;

(г) Жазыўшылар аўқамының усынысы тийкарында басып шығарылатуғын китапларды басып шығарыў ушын қағаз сатып алыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплап бериў;

(д) поэзия менен көркем өнерди бирлестирген ҳалда шөлкемлестирилетуғын ең сайланды 100 поэзиялық концертлерди өткериў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериў.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы Пәрманның 11-бәнтинде белгиленген илажларды қаржыландырыў ушын республикалық бюджет есабынан 2026-жылы 25 миллиард сум, 2027-жылдан баслап ҳәр жылы 50 миллиард сум ажыратсын.
  2. Талантлылар ҳәм олардың устазларын қоллап-қуўатлаў бойынша сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2026-жыл 1-сентябрьден баслап:

(а) мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларындағы абырайлы халықаралық ҳәм республикалық таңлаўларды жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендеги муғдарларда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди:

(i) Гран-при ҳәм 1-орын жеңимпазы – халықаралық таңлаў бойынша 300 миллион сум, республикалық таңлаў бойынша 100 миллион сум муғдарында;

(ii) 2-орын ийеси – халықаралық таңлаў бойынша 200 миллион сум, республикалық таңлаў бойынша 50 миллион сум муғдарында;

(iii) 3-орын ийеси – халықаралық таңлаў бойынша 100 миллион сум, республикалық таңлаў бойынша 25 миллион сум муғдарында;

(б) таңлаўлардың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлаған оқытыўшының (концертмейстердиң) айлық мийнет ҳақысына бир жыл даўамында 100 процентке шекем үстеме Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленеди;

(в) абырайлы халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары (сыйлы орын ийелери) ҳәм олардың оқытыўшылары (концертмейстерлери)ның таңлаўларда қатнасыўы қәрежетлери толық Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери есабынан қапланады;

(г) усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажлары жеке секторда жумыс алып барыўшы шахсларға да қолланылады;

(д) усы бәнтте нәзерде тутылған абырайлы халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлар Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте анықланады.

  1. IV. Тараў ўәкиллериниң социаллық тәмийнатын және де беккемлеў
  2. 2026-жыл 1-июльден баслап ҳәр жылы турақ жайға мүтәж 1000 мәденият, көркем өнер ҳәм дөретиўшилик тараў ўәкиллерине бирлемши базардан квартира сатып алыў ушын төмендеги тәртипте ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылсын, бунда:

(а) Ипотека бағдарламасы шеңберинде ипотека кредитлерин ажыратыўда басланғыш төлем кредит алыўшы тәрепинен 2-қосымшада белгиленген муғдарларда қәлиплестириледи, бунда қәлиплестирилетуғын басланғыш төлемниң 50 проценти ҳәм кредит мүддетиниң биринши бес жылы даўамында төленетуғын кредит процентлериниң 10 процентлик пункттен артқан бөлеги Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртиби енгизилсин;

(б) дәслепки төлемниң 50 процентин қаплап бериў Экономика ҳәм финанс министрлигиниң “subsidiya.idm.uz” бағдарламалық тәмийнат системасы арқалы автоматластырылған ҳалда әмелге асырылады.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери мәденият тараўы ўәкиллерин зәрүр турақ жайлар менен тәмийинлеўге жуўапкер етип белгиленсин.
  2. Бир аймақтан басқа аймаққа келип ислеп атырған ҳәм усы аймақта өз турақ жайына ийе болмаған мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларының ўәкиллерине турақ жай ижарасы төлемлериниң бир бөлегин төмендеги муғдарларда қаплап бериў тәртиби енгизилсин:

(а) Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының 6 есеси;

(б) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – базалық есаплаў муғдарының 4 есеси.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы Пәрманның 14- ҳәм 16-бәнтлеринде нәзерде тутылған қәрежетлер ушын 2026-жылдан баслап ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен 50 миллиард сум ажыратсын.
  2. 2026-жыл 1-июльден баслап дөретиўшилик бирлеспелердиң усынысы тийкарында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төмендеги қәрежетлердиң қаплап берилиўи жолға қойылсын:

(а) ҳәр жылы 1 мыңға шекем Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емлениў бойынша жеңилликке ийе болмаған, бирақ өз жумысында жақсы нәтийжелерге ерискен мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларының ўәкиллерине жоқары технологиялық операцияларды өткериў;

(б) ҳәр жылы 2 мыңға шекем мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўы ўәкиллерине қамсызландырыў сыйлығы базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен артық болмаған ықтыярлы медициналық қамсызландырыў төлемлери ушын қәрежетлердиң 50 процентин қаплап бериў;

(в) ҳәр жылы 100 ге шекем тараўда кеминде 10 жыл ислеген мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўлары ўәкиллерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы санаторийларында бийпул емлениў.

  1. (а) 2026-жыл 1-сентябрьден баслап бюджеттен қаржыландырылатуғын театр ҳәм концерт-тамаша мәкемелеринде жумыс алып барып атырған аяқ ойын жәмәәтиниң көркем басшысы, балетмейстер, репетиторлары, балет артистлериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларын мийнетке ҳақы төлеўдиң базалық лаўазымлық мийнет ҳақыларының муғдарына ҳәм (ямаса) Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына тийкарланып белгилеўде тариф коэффициентлериниң муғдары Мәмлекетлик бюджет есабынан 2 есеге арттырылған ҳалда қолланылатуғыны;

(б) мәмлекетлик мәкемелерде аяқ ойын көркем өнери тараўында жумыс алып барып атырған аяқ ойыншыларды жеңиллетилген жумыс стажы менен пенсияға шығарыўда талап етилетуғын 20 жыллық жумыс стажының кеминде 15 жылы аяқ ойыншылық жумыстан ибарат болған жағдайда, қалған 5 жылы ушын балетмейстер ҳәм балет бойынша репетитор жумысы менен шуғылланған дәўирди есапқа алыўға руқсат бериледи.

  1. Майыплығы болған шахс деп табылған жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2026-жыл 1-сентябрьден баслап аймақларда инклюзив дөретиўшилик устаханалар шөлкемлестирилсин. Бунда инклюзив дөретиўшилик устаханаларын шөлкемлестириў және оларды сабақлықлар ҳәм дөретиўшилик ушын зәрүр қураллар менен тәмийинлеў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан ҳәр жылы 30 миллиард сум ажыратып барылады.
  2. 2026-жыл 15-июньнен баслап 3-қосымшаға муўапық мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған шахсларға Өзбекстан Республикасы аймағындағы аэропорт ҳәм темир жол вокзалларындағы VIP” заллардан бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилсин.
  3. V. Тараўда мәмлекетлик емес сектор белсендилигин арттырыў
  4. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2026-жыл 1-сентябрьден баслап:

(а) мәмлекетлик емес театр ҳәм театр-студиялардың төмендеги қәрежетлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи:

(i) ҳәр жылы 50 сахна шығармасын жаратыў қәрежетлери;

(ii) ҳәр айда жеке имаратты ижараға алыў қәрежетлериниң базалық есаплаў муғдарының 50 есесине шекемги бөлеги;

(б) мәмлекетлик мәденият объектлери олардың бос ўақтында мәмлекетлик емес театр ҳәм театр-студияларға спектакль көрсетиў ушын ижара төлемисиз пайдаланыў ушын бериледи. Бунда тамаша заллары ушын талабанлар еки ямаса оннан көп болған жағдайда, олар арасында таңлаў өткериледи;

(в) усы бәнттиң “а” киши бәнтинде белгиленген илажларды қаржыландырыў ушын ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен қосымша 10 миллиард сум ажыратылады.

  1. 2026-жыл 1-июльден баслап Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан:

(а) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда (Нөкис қаласы) ҳәм ўәлаятлар орайлары буған кирмейди) концерт-тамаша илажы шөлкемлестирилген ҳәм бир илаж шеңберинде 1 000 нан аслам билет сатылған жағдайда, концерт-тамаша шөлкемлестириўшилерине сатылған билетлер баҳасының 20 процентине тең болған муғдарда субсидия бериледи;

(б) мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес театрларға өзи жумыс алып барып атырған орында сахналастырылған спектакль ушын сатылған ҳәр бир билетке қосымша 10 мың сум, басқа аймаққа шығып көрсетилген жағдайда, 20 мың сум муғдарында субсидия берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2026-жыл 1-октябрьден баслап ҳәр жылы 500 мың муғаллим, шыпакер, мәмлекетлик хызметкер, белсенди оқыўшы ҳәм студентлерге және Социаллық реестрге киргизилген 100 мың шаңарақлардың бир перзентине, сондай-ақ, майыплығы болған балаларға театр, кино ҳәм концерт илажлары ушын бийпул ваучер берилетуғыны, бунда:

(а) ваучер баҳасындағы қаржылар шахслардың атына ашылатуғын социаллық карта арқалы берилетуғыны;

(б) ваучер бериў менен байланыслы қәрежетлер тийислисинше Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. VI. Киноиндустрия тараўын және де раўажландырыў
  2. Жеке меншик киностудиялардың еркин жумысын жолға қойыў және тараўда еркинлик ҳәм бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде:

(а) Миллий кинематография, кинокомпания ҳәм кинотеатрлар тармағын буннан былай да раўажландырыўға көмеклесиў бойынша республикалық комиссияның, Миллий кинематографияны раўажландырыў орайының, Кинематография агентлиги жанындағы Көркемлик кеңестиң жумысы сондай-ақ, ҳәр бир фильмге мәсләҳәтшилер топарын бириктириў әмелияты сапластырылсын;

(б) мәмлекетлик буйыртпа тийкарында жаратылатуғын фильмлердиң темасынан келип шығып, тараў қәнигелеринен ибарат ҳақы төленетуғын эксперт топарларын шөлкемлестирип барсын. Онда Көркемлик кеңес тәрепинен мақулланған ҳәм (ямаса) өндириске түсирилген жойбарларды жуўмақлаў усы кеңес тәрепинен әмелге асырылады ҳәм олар бойынша эксперт топарларының жуўмағын алыў талап етилмейди.

(в) «Өзбекфильм» киноконцерни» мәмлекетлик мәкемесине “миллий” статусы берилсин ҳәм оның жумысы жергиликли ҳәм халықаралық киностудияларға хызмет көрсетиўши киноконцерн сыпатында жолға қойылсын;

(г) Экономика ҳәм қаржы министрлиги Өзбекстан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен өткерилетуғын “Алтын Қумай” миллий кино презентациясының абырайын арттырыў мақсетинде 2027-жылдан баслап ҳәр жылы 5 миллиард сум ажыратып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлекетлик буйыртпа тийкарында кино, соның ишинде, Балалар контентин раўажландырыў орайының жойбарларын жаратыўда:

(а) маркетинг ҳәм реклама қәрежетлери ушын фильм бюджетиниң 30 процентке шекемги муғдарында қаржылар ажыратыўға руқсат бериледи;

(б) сатып алыў шәртнамаларын экспертизадан өткериў талабы бийкар етиледи;

(в) фильмлер көрсетилиўинен түскен қаржылардың 50 проценти продюсер ҳәм дөретиўшилик топарға қосымша хошамет сыпатында бериледи.

VII. Аймақларда мәдений илажларды шөлкемлестириў ҳәм китапқумарлықты раўажландырыў

  1. 27. 2026-жыл 1-июльден баслап Ташкент қаласы, Самарқанд ҳәм Наманган ўәлаятлары ҳәкимликлери жанында мәдений илажларды шөлкемлестириў дирекциялары (кейинги орынларда – дирекциялар) жумысы жолға қойылсын.
  2. 28. (а) дирекциялар тийисли ҳәкимликлер шөлкемлестириўинде жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер формасында шөлкемлестирилетуғыны, басқа исбилерменлерге дирекция устав фондына өз пул қаржылары менен қатнасыўына руқсат берилетуғыны;

(б) дирекциялар тийисли аймақта жайласқан, мәдений, ғалабалық, концерт-тамаша илажлары шөлкемлестирилиўи мүмкин болған имаратлар, комплекслер, павильонлар, стадионлар, сахналар, залларға (кейинги орынларда – мәденият объектлери) ийе болған барлық мәмлекетлик мәкемелер, соның ишинде, концерт, театр, мәденият сарайлары менен мәжбүрий түрде, сондай имарат ҳәм объектлерге ийе болған жеке меншик шөлкемлер менен болса өз-ара келисимлер тийкарында хызмет көрсетиў ҳаққында шәртнамалар дүзетуғыны;

(в) дирекциялар дүзилген шәртнамалар тийкарында ҳәр бир мәденият объектиниң күнлик жумыс режими, олардың бәнт ҳәм бос ўақытлары ҳаққында онлайн режимде мақлыўмат алып туратуғыны;

(г) дирекциялар мәденият объектлериниң бос ўақтынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде оларда мәдений илажлар өткерилиўин шөлкемлестиретуғыны, өзи тартқан илаж шөлкемлестириўшилери менен мәдений орынлардың мүлк ийелери атынан шәртнамалар дүзетуғыны;

(д) дирекциялар тәрепинен мүлк ийеси атынан дүзилген шәртнамаларға тийкарланып мәденият объектлерин илажлар ушын ижараға бериўден түскен қаржылардың хызмет көрсетиў шәртнамасында тәреплер өз ара келисим тийкарында белгилейтуғын бөлеги дирекцияларға өткерип берилетуғыны;

(ж) дирекциялар өзлери дүзген шәртнама тийкарында өткерилетуғын ғалабалық илажларға руқсат алыў бойынша тәртип-қағыйдалардың орынланыўын тиккелей өзи тәмийинлейтуғыны белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәденият министрлигиниң усыныслары тийкарында 2026-жылдың ақырына шекем 50 ден 100 ге шекем шетки ҳәм алыс аймақлардағы мәҳәллелерде үлгили мәҳәлле китапханасын ҳәм китап дүканларын шөлкемлестирсин. Онда Жаслар ислери агентлиги:

(а) Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте үлгили мәҳәлле китапханаларының көркем, илимий-ғалабалық, ағартыўшылық, ҳүжжетли ҳәм биографиялық әдебиятлар менен толықтырылыўын;

(б) Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан миллий китапханасы менен биргеликте усы китапханалардың жумысы толық санластырылыўын тәмийинлесин;

(в) 2027-жыл 1-январьдан баслап усы китапханаларда “Оқыў” платформасынан пайдаланыў ушын шараятлар жаратсын.

  1. 2026-жыл 1-июльден баслап Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Өзбек Миллий қуўыршақ театрына финанслық, дөретиўшилик ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин еркин шешиў ўәкиллиги берилсин.

VIII. Билимлендириў системасын жетилистириў

  1. 31. 2026/2027-оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 10 нан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде, тәжирийбе тәризинде, музыка, сүўретлеў көркем өнери ҳәм технология сабақларын алдынғы сырт ел тәжирийбесине муўапық “Art” оқыў бағдарламасы тийкарында жетилистирген ҳалда оқытыў жолға қойылсын. Бунда улыўма орта билим бериў мәкемелерин “Art” бағдарларына сәйкес ҳалда үскенелеў қәрежетлери жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады.
  2. 2026/2027-оқыў жылынан баслап:

(а) балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери муғаллимлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары улыўма орта билим бериў мәкемелери хизметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарларына теңлестирилетуғыны;

(б) улыўма орта билим бериў мәкемелери және балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби муғаллимлериниң мийнет ҳақысына оқыўшыларының саз әсбапларын атқарыў дәрежесинен келип шығып, ҳәр айда 20 процентке шекем үстеме төлеў тәртиби енгизилетуғыны;

(в) балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери және қәнигелестирилген мектеплер менен улыўма билим бериў мәкемелери ортасында дөретиўшилик бирге ислесиў жолға қойылатуғыны ҳәм  дөретиўшилик жәмәәтлер тәрепинен улыўма орта билим бериў мәкемелеринде дәўирли рәўиште концерт-тамаша бағдарламалары менен шеберлик сабақлары өткерип барылатуғыны;

(г) ҳәр бир улыўма орта билим бериў мектебинде музыка ҳәм көркем өнер бағдарында кеминде 4 дөгерек шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы еки ай мүддетте жас дөретиўшилердиң стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы 10 жоқары билимлендириў мәкемесине Мәмлекетлик бюджет ҳәм Жоқары билимлендириўди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан тең үлеслерде 50 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Кәсип-өнер билимлендириўи агентлиги системасындағы Республикалық музыка ҳәм көркем өнер техникумы және Карим Зарипов атындағы Республикалық эстрада ҳәм цирк техникумы жоқары мектеп сыпатында қайта аталған ҳалда Мәденият министрлиги системасына өткерилсин, онда Республикалық музыка ҳәм көркем өнер жоқары мектеби және Карим Зарипов атындағы Республикалық эстрада ҳәм цирк жоқары мектебинде:

(а) питкериўшилерге кәсиплик билимлендириў ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи;

(б) қәбилетли питкериўшилерге белгиленген тәртипте өз оқыўын тийисли бакалавриат тәлим бағдары бойынша жоқары билимлендириў шөлкемлериниң екинши басқышынан даўам еттириў имканияты жаратылады;

(в) студентлерге белгили дөретиўшилер бириктириледи ҳәм оларға жоқары билимлендириў шөлкеми профессор-оқытыўшысына тең муғдарда мийнетке ҳақы төлеў шәртлери қолланылады.

  1. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты жанындағы Педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тармақлық орайы және Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанындағы Музыка тараўы педагогларын қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў орайы негизинде Мәденият министрлиги жанында Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты шөлкемлестирилсин.
  2. IX. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
  3. Мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларын комплексли раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Мәденият министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият министри О.А.Назарбеков белгиленсин.
  7. 40. Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2026-жыл 2-июнь