Мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўлары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Өзиниң көп жыллық нәтийжели илимий-дөретиўшилик жумысы, жарқын ҳәм тәкирарланбас таланты менен халқымыздың мәдений, көркем-эстетикалық ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыўға, миллий руўхыйлығымызды байытыўға, елимизде мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларын раўажландырыўға, әсирлик дәстүрлеримизди, бай мийрасымызды қәстерлеп-абайлаўға ҳәм Жаңа Өзбекстанды жәҳән көлеминде үгит-нәсиятлаўға қосқан мүнәсип үлеси, жәмийетимизде өз-ара аўызбиршилик, жақсылық ҳәм кеңпейиллик принциплерин беккемлеў, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, олардың шеберлик ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў, жоқары маман кадрларды таярлаў, перзентлеримизди ана Ўатанға муҳаббат, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген маданият хызметкери» ҳүрметли атағы менен
Ерназаров Бекназар – Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, жазыўшы
«Келажак бунёдкори» медалы менен
Тореева Жанар Кутлымурат қызы – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының балет артисти
«Шуҳрат» медалы менен
Бабаев Хожаяз Джуманиязович – Мәдений мийрас объектлери реставрациясы дирекциясының Нөкис регионаллық реставрация орайының директоры
Байбосынова Сения Сарсенбаевна – Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи директорының илимий ислер бойынша орынбасары
Изентаева Гулбахар Жоллыбаевна – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң директоры
Калмуратов Нурлан Юсупович – “Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң ойыншысы
Реймов Султамурат Еденбаевич – Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң халық сазлары оркестри дирижёры
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2026-жыл 28-май