“Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда айрықша белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм қәбилети, умтылыўшаңлығы, интакерлиги ҳәм нәтийжели мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўын жоқарылатыў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайын және де арттырыўға үлкен үлес қосып киятырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, қатаң турмыслық позицияға, кең дүньяқарас ҳәм жоқары потенциалға ийе, халық мәпи ҳәм журт келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға уқыплы болған пидайы ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшағадағы дизимге муўапық мақуллансын.
- “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға сыйлықланғанлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығының лауреатларының ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы жумысы, олардың бийбаҳа таланты ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.
***
“Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың
ДИЗИМИ
Қарақалпақстан Республикасы бойынша
Аллашов Рахим Толыбай улы – Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң әскерий бөлим топары қәнигеси
Алимбаев Нодирбек Турғун улы – Төрткүл районындағы “Уллыбағ” аўыл пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси