Киши бизнес субъектлериниң өсиўи ушын және де қолайлы экономикалық ҳәм ҳәкимшилик шараятлар жаратыў ҳаққында

47

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Киши бизнес субъектлери ушын салық режимин және де қолайластырыў, қосымша қун салығы ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў арқалы айланыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм бизнестиң өсиўин хошаметлеў мақсетинде қарар етемен:

  1. Тийкарғи мақсетлер
  2. Төмендегилер усы Пәрманды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип белгиленсин:

(а) бизнестиң өсиўи ушын экономикалық ҳәм административлик қолайлықлар жаратыў;

(б) тийкарғы салық ставкаларын асырмастан ашық-айдын салық базасын кеңейтиў;

(в) санлы сервислер ҳәм салық салыўдың әдиллик принципине тийкарланған қәўипке бағдарланған салық ҳәкимшилигин жақсылаў;

(г) мәмлекет, бизнес, хызметкерлер, тутыныўшылар, жергиликли бюджетлер ҳәм инвесторлар мәплериниң тең салмақлылығын тәмийинлеў.

  1. Бизнестиң өсиўин хошаметлеў ҳәм улыўмалық салық режимине өтиўди жумсартыў
  2. 2026-жыл 1-июньнен баслап салық салыўдың улыўмалық белгиленген тәртибине өтиў ушын белгиленген шекленген муғдар базалық есаплаў муғдарының он еки мың есеси етип белгиленсин.

III. Киши ҳәм орта бизнести қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары

  1. 2026-жыл 1-июньнен баслап:

(а) мийманхана ҳәм улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлери тәрепинен:

(i) алкоголь ҳәм темеки өнимлерин сатыўда нақ пул төлемлерин қабыл етиўге руқсат бериледи;

(ii) алкоголь өнимлерин сатып алыўда санлы маркировкалаў кодлары усы субъектлерде жуўмақлаўшы тутыныўға реализация етилген деп тән алынады;

(б) улыўмалық аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлери ушын:

(i) айырым категориядағы хызметкерлерди мийнет уйымларының мобиль қосымшасы арқалы әпиўайыластырылған тәртипте сол күнниң өзинде ҳәм белгили бир мүддетке рәсмийлестириў ҳәм мийнет ҳақысын төлеў тәртиби енгизиледи;

(ii) төленген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў, түсимниң нақ пулсыз түрде түскен үлесине қарамастан, төленген салық суммасының 40 проценти муғдарында әмелге асырылады;

(в) улыўмалық аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерине тийисли имарат ҳәм объектлерге және жер участкаларына тутас аймақлардан пайдаланыўда төленетуғын ижара төлеминиң муғдары Салық кодексинде белгиленген тәртипте анықланатуғын жер салығының бир есеси муғдарында белгиленеди.

  1. 2027-жыл 1-январьдан баслап:

(а) алкоголь өнимлерин усақлап сатыў ҳуқықы ушын ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары тәрепинен алкоголь өнимлерин реализациялаў ҳуқықы ушын жыйымлар бирлестирилсин ҳәм оның ставкасы базалық есаплаў муғдарының 10 проценти муғдарында белгиленсин;

(б) физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен исбилерменлик субъектлерине улыўма майданы 1 000 квадрат метрден артық болған мүлк ижараға берилгенде, салық салыў мақсетинде ижара төлеминиң ең кем ставкалары қолланылмайды, Ташкент қаласы буған кирмейди;

(в) киши бизнес субъектлерине бухгалтерия есабын жүргизиўши шөлкемлер ҳәм салық мәсләҳәтшилерин тартыў қәрежетлерин еки есе арттырған ҳалда шегирме етиўге руқсат берилсин.

  1. Қосымша қун салығы бойынша жеңиллетилген тәртипти енгизиў
  2. 2026-жыл 1-июньнен 2030-жыл 1-январьға шекем тийкарғы жумыс түри улыўма аўқатланыў, саўда ямаса хызмет көрсетиў тараўы болған исбилерменлик субъектлерине, мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған кәрханалар және ири салық төлеўшилерден тысқары, ықтыярлы түрде қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртибин таңлаў ҳуқықы берилсин.
  3. Қосымша қун салығын есаплап шығыў ҳәм төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртибинде:

(а) Қосымша қун салығы ставкасы товарларды (хызметлерди) сатыў бойынша барлық айланысларға салыстырғанда 6 процент етип белгиленеди;

(б) пайда салығы ставкасы 0 процент етип белгиленеди ҳәм салық есабатын усыныў миннетлемеси бийкар етиледи;

(в) сатып алынған товарлар (хызметлер) бойынша төленген қосымша қун салығы суммасын есапқа алыў ҳуқуқы берилмейди;

(г) салық салыўдың улыўма белгиленген тәртибинде нәзерде тутылған:

(i) қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер, преференциялар ҳәм төленген салықтың бир бөлегин қайтарып бериў тәртиби қолланылмайды;

(ii) қосымша қун салығының унамсыз парық суммасы есаптан шығарылады;

(д) усы тәртиптеги исбилерменлик субъектлеринен товарлар ҳәм хызметлерди сатып алған сатып алыўшыларға қосымша қун салығы суммасын есапқа алыў ҳуқуқы бериледи.

  1. Төмендегилер:

(а) исбилерменлик субъектлери тәрепинен қосымша қун салығын есаплап шығыў ҳәм төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртибине өтиў ямаса оны қолланыўдан бас тартыў хабарнама жиберилген айдан кейинги айдың биринши сәнесинен әмелге асырылады;

(б) қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртибинен улыўма белгиленген тәртипке өтилгенде, салық төлеўши бундай өтиў сәнесинде өзиниң балансындағы товар-материаллық запаслар ҳәм узақ мүддетли активлер қалдықларының баланс қунында есапқа алынған қосымша қун салығы суммаларын белгиленген тәртипте есапқа алыў ҳуқықына ийе болады.

  1. Салық комитети бир ай мүддетте электрон есап-фактуралар ҳәм сатып алыў чеклеринде қосымша қун салығын 6 процентлик ставка бойынша есаплаў және оның айрықша есабын жүргизиў системасын енгизсин.
  2. Қосымша қун салығы ҳәкимшилигин жақсылаў
  3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

(а) қосымша қун салығы төлеўшиси гүўалығы тек ғана усы салық төлеўшилерди есапқа алыў мақсетинде бериледи ҳәм тәсир илажларын белгилеў ушын тийкар болып есапланбайды;

(б) төмендегилер бийкар етиледи:

(i) қосымша қун салығы төлеўшиси гүўалығын ўақтынша тоқтатып турыў тәртиби;

(ii) Өзбекстан Республикасының бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып кириўди (импортты) әмелге асырыўшы юридикалық шахслар, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларды мәжбүрий тәртипте қосымша қун салығының төлеўшиси деп тән алыў;

(в) 2027-жыл 1-январьдан баслап салық қәўпи дәрежеси төмен болған жағдайларда қосымша қун салығының унамсыз парқы суммасын қайтарыўда (қаплаўда) инсан факторы қатнасыўындағы әмелдеги әмелияттан ўаз кешиледи;

(г) салық төлеўшиде усы Пәрман күшке киргенге шекем пайда болған ҳәм  келиўде пайда болатуғын 10 миллион сумға шекемги қосымша қун салығы бойынша унамсыз парық суммалары олардың арзасы талап етилмеген ҳалда автоматикалық тәртипте қайтарып бериледи. Бул сумманы қаплап бериў менен байланыслы салық тексериўлери өткерилмейди.

  1. Салық комитети және Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2026-жыл 1-октябрьге шекем электрон есап-фактуралар ҳәм салық есабатының қәўип дәрежесин реал ўақыт режиминде баҳалаў нәтийжесинде қосымша қун салығының унамсыз парқы суммасын автоматикалық тәризде қайтарыў (қаплаў) әмелиятын енгизсин.
  2. Киши бизнес субъектлерине ҳәкимшилик жүкти кемейтиў
  3. 2028-жыл 1-январьға шекем киши бизнес субъектлерине салық уйымларының “Салық қәўпин анықлаў, таллаў ҳәм баҳалаў” автоматластырылған бағдарламасы арқалы анықланатуғын салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық белгилери өз бетинше дүзетиў имканияты берилип, төмендеги салық тексериўлери өткерилмейди:

(а) салық қәўпи суммасы бес жүз миллион сумға шекем болғанда – салық аудити;

(б) салық қәўпи суммасы жүз миллион сумға шекем болғанда – көшпели салық тексериўи.

  1. Салық комитети 2026-жыл 1-июльден баслап камерал салық тексериўи талабына түсиниклер ҳәм (ямаса) дүзетиўлер усынылғанда салық төлеўшилердиң банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды жеделлестириў процесин толық автоматластырсын.

VII. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

  1. Усы Пәрманның норма ҳәм қағыйдалары, егер олардың өзинде кеширек мүддет көрсетилмеген болса, дәрҳал күшке кирсин.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Салық комитети менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Салық комитетиниң баслығы Ф.Х.Пулатов белгиленсин.
  4. Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев