Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиң белсенди ҳәм интакер жас әўлад ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў мақсетинде өзиниң жоқары күш-ғайратын, билими және потенциалын, талант ҳәм қәбилетин көрсетип, түрли тараўларда ерискен жетискенликлери менен Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына, оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, ана Ўатанымызға меҳри ҳәм садықлығы, үлгили минез-қулқы ҳәм әдеби, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен теңлеслерине ҳәр тәреплеме үлги болып киятырған төмендеги интакер ҳәм жетекши жасларымыз «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Азатова Шахзода Алишер қызы – Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы 4-курс студенти
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл 29-июнь