Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

61

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплерин беккемлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобаллық мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, Жаңа Өзбекстандағы демократиялық реформалар, жаңаланыў процесслери ҳәм ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен сәўлелендириўдеги үлкен хызметлери, заманагөй журналистика ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы нәтийжели жумысы және жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Шуҳрат» медалы менен

Атамуратов Илхамбек Мухамметали улы – «Жаслар ТВ» телеканалы ҳәм «Нукус ФМ» радиосының бас редакторы.

 

Өзбекстон Республикасы

            Президенти                      Ш.МИРЗИЁЕВ

 

 

Ташкент қаласы,

2026-жыл  25-июнь