16-декабрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис «O’zbekiston» ҳәм «O’zReport» телеканаллары, Олий Мажлис Сенатының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп сенаторлар Ташкент қаласы ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳаққындағы есабатын тыңлады.
Ташкент қаласын ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша турақлы жумыслардың әмелге асырылғанлығы атап өтилди. Усы жылдың тоғыз айы даўамында Ташкент қаласы бойынша жалпы аймақлық өним көлеми 87,8 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 114,1 процентке өскен. Халықтың жан басына салыстырғанда жалпы аймақлық өним 31,2 миллион сумнан артықты қураған.
Бектемир, Мырза Улығбек, Алмазар, Сергели, Учтепа, Чиланзар, Юнусабад, Яккасарай районларындағы 8 киши санаат зонасында 1 триллион 237,3 миллиард сумлық 582 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 239,2 миллиард сумлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылған.
Бектемир, Учтепа, Шайхонтуҳур, Яшнабод, Янгиҳаёт районларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарлар шеңберинде санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында улыўма баҳасы 6,8 триллион сумлық 120 инвестициялық жойбар иске қосылып, 11 мыңға шамалас жаңа жумсыс орынлары жаратылған.
Жәми 911,9 миллион доллар муғдарында өнимлер экспорт етилип, реже 137,2 процентке орынланған, экспорт географиясы 80 ге шамалас мәмлекетти қамтып алған.
Ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўды локализациялаў бағдарламасына тийкарланып 221 жойбар шеңберинде 2 триллион 946,6 миллиард сумлық жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарылған ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,5 есеге артқан.
Сондай-ақ, «Санлы Ташкент» бағдарламасы шеңберинде географиялық мәлимлеме – таллаў системасы – Геопортал енгизилип, оған министрликлер ҳәм уйымлардың 30 дан артық мәлимлеме системалары интеграцияланған.
Қала инфраструктурасы ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң сапасын тәмийинлеў бойынша жедел жәмийетлик қадағалаўды алып барыўшы «Халық қадағалаўы» порталы ҳәм оның мобиль қосымшасы иске қосылған. Портал арқалы пуқаралардан келип түскен 3 мыңнан аслам машқалалы мәселениң 2 мыңнан зыяты унамлы шешилген.
Ташкент қаласын раўажландырыў бойынша көплеген жумыслардың әмелге асырылыўы менен бир қатарда, айырым машқалалар менен бирге жол қойылған кемшиликлердиң бар екенлиги де атап өтилди. Соның ишинде:
мәмлекет ҳәм жәмийеттиң талаплары ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен келтирилген зыянларды қаплаў бойынша 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың өткен дәўири даўамында 30 мүлк ийесине компенсация қаржысы төлеп берилмеген;
жәмийетлик транспорттың өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў, әсиресе, халық көп жерлерде жолаўшылардың бир транспорттан екинши транспортқа қысқа ўақытта қәўипсиз өтиў имканиятын жаратыў мақсетинде қосымша түрде транспорт-өтиў кесилиспелерин шөлкемлестириў зәрүрлиги бар.
Атап өтилгениндей, «Тошшахартрансхизмат» акционерлик жәмийетине қараслы кәрханалар қарамағындағы автобуслардың 16,6 проценти (196 сы) техникалық насазлығы себепли ҳәрекет турақлылығы тәмийинленбей атыр, жолаўшылардың автобусларды күтип турыў ўақты айырым жөнелислерде 25-40 минутты қурамақта.
Ташкент қаласында ақаба суўларды қабыл етиў бойынша Салар, Бозсуў ҳәм Бектемир имаратларында суў тазалаў нәтийжелилиги жойбар бойынша 75 процентти қурады, бирақ ҳәзирги күнде бул имаратлар 35,5 – 51,3 процент қуўатлылық пенен ислемекте.
Қалада қурылыс объектлериниң кескин көбейиўи нәтийжесинде пайда болып атырған шаңларды суў сеўип бастырыў илажларының жетерлише көрилмей атырғанлығы атмосфера ҳаўасына шаңлардың нормадан артық шығарылыўына алып келмекте.
Быйылғы оқыў жылында Ташкент қаласындағы 25 улыўма билимлендириў мектеби 2,1 коэффициенттен жоқары қуўатлылық пенен жумыс ислемекте, 2026-жылы мектеп жасындағы балалардың саны 496,1 мыңға жетиўи күтилип атырғанлығы себепли жаңа мектеплер қурыўға талап та артып бармақта.
Усы жылдың 1-ноябрь жағдайына бола жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар дәрежеси 2020-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3 есеге артқан.
Кейинги жыллары мәлимлеме технологияларының жедел раўажланыўы менен бирге, көзбояўшылық, алдаўшылық жынаятының жаңа түрлери де келип шықпақта. Мәселен, усы жылдың өткен дәўиринде Ташкент қаласында мәлимлеме технологиялары тараўында жәми 580 жынаят исленген болып, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13 есеге артқан.
Психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлер, қадағалаў астындағы дәри-дармақлардың халық арасында нызамсыз айланыўы машқаласы кескин ҳәўиж алып баратырғанлығы кримонеген жағдайға қатаң қәўип салмақта. Ишки ислер уйымлары тәрепинен 59 дәриханада өткерилген илажлар даўамында жәми 66 мыңнан артық ҳәр қыйлы түрдеги тәсир ететуғын дәри қуралларының нызамсыз сатылыў жағдайларының анықланғанлығы буны айқын тастыйықлайды.
Мәжилисте сенаторлар тәрепинен машқалалы мәселелерди шешиў бойынша тийисли илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилип, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды ҳәм додаланды.
Додалаў жуўмағында Ташкент қаласында өз шешимин күтип турған машқалалы мәселелерди сапластырыў бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң жалпы мәжилисте суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.
Атап өтилиўинше, сенаторлар тәрепинен суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыўы аймақлар кесиминде үйренип шығылған.
Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўиринде жәми 18,1 триллион сум, соның ишинде, мәмлекет пайдасына 7,5 триллион сум әмелде өндирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда улыўма өндириў 2,3 есеге, мәмлекетке өндириў 2,4 есеге артқан.
Орынлардағы мәмлекетлик уйымлардың әмелий жәрдеми менен 16 968 жәрдемге мүтәж қарыздардың 9 751 и жумыс пенен тәмийинленип, 39 ына жеңиллетилген кредит ажыратылған. 366 қарыздарлықтың төлеў мүддети создырылған, 6 шөлкемге инвесторлар тартылған.
Соның менен бирге, мәжбүрий орынлаў тараўында айырым өз шешимин табыўы зәрүр болған мәселелер де бар екенлиги атап өтилди. Соның ишинде:
суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыўы толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлениўи;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген зыянлардың суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлери тийкарында қапланыўы ҳәм бул мәселени жуўмағына жеткериў илажларының көрилиўи;
алимент қарыздарлығы менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлерин толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеп барыў, соның ишинде, жумыссыз алимент төлеўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша илажлар көрилиўи сыяқлы мәселелерге итибар қаратылды.
Өз гезегинде, сенаторлар тәрепинен орынлаў системасына тийисли уйымлар менен биргеликте мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизген ҳалда орынлаў системасында пуқараларға қосымша қолайлықлар жаратыў илажларының көрилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул мәселе бойынша Сенаттың тйисли қарары қабыл етилди ҳәм бул мәселе парламент қадағалыўында қалдырылды.
Соң экспорт көлеминиң турақлы өсиўин тәмийинлеў ҳәм оның номенклатурасын диверсификациялаў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Ашық ҳәм ҳәр тәреплеме додалаў процесинде исбилерменлик орталығын жетилистириў, мәмлекетимиз кәрханалары, киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша қолайлы шараятлар жаратыў әмелге асырылып атырған экономикалық сиясаттың ең әҳмийетли баслы бағдарларынан бири екени айрықша атап өтилди.
Сыртқы саўда көлемлериниң избе-из өсиўин тәмийинлеў ҳәм экспорты хошаметлеўге қаратылған структуралық өзгерислер системалы тийкарда қолланылмақта. Атап айтқанда, валюта сиясаты либералластырылып, бир қатар ҳәкимшилик ҳәм бюрократиялық тосқынлықлар сапластырылды. Экспорт етилетуғын мийўе-овощ өнимлериниң баҳасын белгилеў ҳәм оларға ҳақы төлеўдиң базар механизми жолға қойылды, экспорт етиўшилер ушын бир қатар салық жеңилликлери ҳәм преференциялар енгизилди.
Сенаторлардың атап өткениндей, әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде сыртқы саўда көлеминиң турақлы өсиў динамикасы бақланып атыр. Соның ишинде, 2017-жылы 26,5 миллиард долларды, 2018-жылы 33,4 миллиард долларды, 2019-жылы 41,7 миллиард долларды, 2020-жылы 36,3 миллиард долларды қураған. 2021-жылдың январь-октябрь айларында бул көрсеткиш 32,6 миллиард долларды қураған, соның ишинде, экспортқа 12,4 миллиард доллар, импортқа болса 20,2 миллиард доллар туўра келген.
Экспорт ететуғын кәрханалардың саны 5 400 ге жетип, соң төрт жылда 1 891 ге (35 процент) өсти, бул, өз гезегинде, 561 миллион долларлық қосымша экспортты тәмийинледи.
Елимиздиң экспорт қурамында шийки заттың үлеси азайды. Соның ишинде, егер 2017-жылы шийки зат товарлары жәми экспорттың улыўма көлеминиң 25 процентин қураған болса, 2020-жылға келип бул көрсеткиш 16 процентке қысқарды.
Экспорт етилетуғын товарлар номенклатурасы сезилерли дәрежеде диверсификацияланды, 2021-жылға келип 2 365 атамаға жетти.
Соның менен бирге, Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитети тәрепинен өткерилген үйрениўлер даўамында анықланған унамсыз факторлар Сенат ағзаларын айрықша қәўетерге салды.
Атап айтқанда, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң тез-тез өзгерип турыўы ҳәм олардың экспорт етиўши кәрханалар тәрепинен тәртипке салыў тәсирин дурыс баҳаламай турып қабыл етилиўи олардың жумысында қыйыншылықларға алып келмекте.
Экспорт етиўшилиер тәрепинен қамсызландырыў хызметлеринен гиреў сыпатында пайдаланғанда қамсызландырыў сыйлығын қаплаў, сондай-ақ, саўда орынларын ашыў ҳәм сақлап турыў, офис, саўда ҳәм қоймаханаларды ижараға бериў, сырт елде реклама компанияларын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерин қаплаў механизмлери талап дәрежесинде ислемей атырғаны да сенаторлар тәрепинен сынға алынды.
Додалаў ўақтында мәмлекетте халықаралық аккредитациядан өткен, жергиликли аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин тексериў ҳәм сертификатлаў имканиятына ийе болған миллий лабораториялар жоқ екенлиги сынға алынды.
Додалаў жуўмақлары бойынша Сенаттың Министрлер Кабинетине тийисли парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте Айдар-Арнасай көллер системасында жүзеге келип атырған машқалалрдың экология және халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселеси де сенаторлар тәрепинен көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Айдар-Арнасай көллер системасының экологиялық ҳәм биологиялық орталығын жақсылаў, оннан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы белгили жумыслар әмелге асырылған.
Атап айтқанда, «Айдар-Арнасай көллер системасы дирекциясы» МУК шөлкемлестирилип, көллер системасының жағалық бойы регионларында балық жетистириў ханалары, инкубация цехлары және балық өршитиў бассейнлерин қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, Айдар-Арнасай көллер системасынан пайдаланыўда бир қатар машқалалы мәселелер сақланып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, көллер системасының суў көлеми 1994-2000-жылларда 44,1 миллиард м3 болған болса, «Чордара» суў қоймаханасынан 2013-2021-жылларда көллер системасына суў ағып түспегенлиги себепли суў көлеми 34 миллиард м3 ке шекем азайған.
Суў көлеминиң азайыўы ҳәм суў қурамының шорланыўы нәтийжесинде айырым жағалық бойлары 15-50 метрге артқа шегинип, 15-20 см ге шекем дуз қатламы пайда болған. Бул болса күшли шамал ўақтында дузлы шаңларға себеп болмақта, аўыл хожалығы жерлери егислик майданлары ҳәм инсан саламатлығына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Атап өтилгениндей, көллер системасында балықшылық тараўын раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген.
Балық резервлерин сақлап қалыў ҳәм қорғаў бойынша қадағалаў системасы дурыс жолға қойылмағанлығы ақыбетинде балық услаў жағдайлары ушыраспақта.
Көллер системасы аймағында белгиленген нормалар тийкарында балықландырыў, балық өнимлерин қайта ислеў, экотуризмди раўажландырыў, суўдың шорланыў дәрежесин жумсартыў жумыслары системалы шөлкемлестирилмеген.
Балық услаў контурларын ижараға бериў, ижара ҳақысын өндириў, балық резервлерин қорғаў, аўлаў қағыйдаларына әмел етиўди қадағалаўға алыў, балық услаўда пайдаланатуғын техникаларды дизимге алыў ҳәм олардың қадағалаўын жүргизиў жумыслары түрли мәмлекетлик уйымларға жүкленген ҳәм олардың жумысы муўапықластырылмаған.
Көллер системасынан пайдаланыў бойынша қабыл етилген ҳүжжетлерде муўапықсызлық жағдайлары бар. Сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы қадағалаў бойынша район (қала) инспекцияларына Айдар-Арнасай көллер системасын қорғаў бойынша штат бирликлери ажыратылмаған.
Додалаў жуўмағында бул мәселелерге ашық-айдынлық киргизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў бойынша Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы 3-бәнти ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 9 –статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық Шуҳрат Муҳаммадович Маҳмудов, Рустам Раҳманович Ҳайдаров ҳәм Джамол Жаҳонович Чориевти он жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Буннан соң жалпы мәжилисте Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2020 ҳәм 2021-жылдың өткен дәўириндеги жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, есабат дәўиринде комитет тәрепинен 3 нызам дәслепки тәризде көрип шығылған. Атап айтқанда, нызамлар аймақлардың мәплеринен келип шығып, сын көзқараста талланған. Нызамлар халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде тараў қәнигелери, тәжирийбели әмелиятшылар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллерин тартқан ҳалда додаланып, Сенаттың жалпы мәжилисине киргизилген.
Сондай-ақ, қарар қабыл етиў ҳәм орынлаўдың барлық басқышларында ҳаял-қызлар ҳәм ерлер арасында теңлик принципин енгизиўге кең көлемли қатнасты нәзерде тутатуғын 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы қызғын додалаўлар тийкарында қабыл етилген.
Қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 22 илаж өткерилген. Соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқықлар менен имканиятлардың кепилликлери, ҳаял-қызларды кемситиў ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў тараўындағы назымлардың орынлардағы орынланыўы 4 мәрте, ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлардың исбилерменлигин раўажландырыў сыяқлы тараўларда 7 мәрте үйрениўлер алып барылды.
Өткен дәўир ишинде комитет тәрепинен 4 316 түрли илажлар өткерилген.
Комитет өз жумысы даўамында Өзбекстан Республикасы гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы, Республикалық ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеси, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, сондай-ақ, кең жәмийетшилик менен өз-ара бирге ислесиўде жумыс алып бармақта.
Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң Жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссия басшылары менен белсене бирге ислесиў ҳәм өз-ара қатнасық жолға қойылған.
Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм өз шешимин күтип атырған мәселелер ҳәр тәреплеме додаланып «Өзбекстанның раўажланыўында парламенттеги ҳаял-қызлардың роли» темасында ҳаял-қызлар форумын өткериў дәстүрге айланған.
Мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте «Жыл ҳаялы», «Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўларын өткериў жолға қойылған.
Сенатқа келип түскен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары, орынларда халық пенен ушырасыўлар ҳәм тез қабыллаўлар және социаллық тармақлардағы мүрәжатларда көтерилген мәселелер бойынша комитет тәрепинен 2 парламентлик сораў таярланған.
Быйылғы жылы комитет тәрепинен Сенаттың жалпы мәжилиси күн тәртибине мәҳәллелердеги жағдай, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў , исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында мәселе киргизилген.
Нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм нызамнын келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилиўи процесин үйрениў жумысы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы машқалалар нызамшылық ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен биргеликте «Ҳаял-қызларды кемситиў ҳәм зорлық көрсетиўден қорғаў ҳаққында», «Йод жетиспеўшилиги кеселликлери профилактикасы ҳаққында», «Халықты туберкулез кеселлигинен қорғаў ҳаққында», «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында» ҳәм «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамларын әмелге асырыўға қаратылған нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи ҳәм әмелде қолланылыўы жағдайы мониторинг етилди.
Комитет ағзалары тәрепинен пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў жумыслары әмелге асырылды. Есабат дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 17 мыңнан аслам жазба мүрәжат көрип шығылған.
Комитет ағзалары тәрепинен Сенатта ҳәм орынларда улыўма 4 мыңнан аслам пуқаралар қабыл етилген.
Есабат дәўиринде комитет ағзалары сайлаўшыларды тәшўишке салып атырған машқалаларды терең үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша илажлар көриў мақсетинде өз сайлаўшылары менен 562 ушырасыў өткерген.
Сондай-ақ, тийисли аймақ ҳәм сайлаўшылардың мәплерине тийисли машқалаларды шешиў бойынша парламентлик қадағалаўдың сенатор сораўы түринен де нәтийжели пайдаланып, мүрәжат еткен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәплери менен байланыслы мәселелер бойынша 85 сенатор сораўы жиберилген.
Сенат тәрепинен мақулланған нызамлардың мазмун-мәнисин жәмийетшиликке түсиндириў, пуқараларға мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат бериў мақсетинде телевидение, радио, социаллық тармақлар ҳәм күнделикли басылымларда 12 мыңға шамалас материал жәрияланған.
Додалаў жуўмағы бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети