ИЗБАСАР ФАЗЫЛОВ… Бул исм аталғанда «ҚАРАҚАЛПАҚ» деп аталған миллетке дәрекли ҳәрбир адамның ядына ең алды менен «Қара қой» қосығы ҳәм өзинде инсаныйлық деген түсиникке тийисли барлық ағла пазыйлетлерди жәмлеген, өзиниң қысқа ҳәм аўыр өмир жолын ел-журтына, халқына ҳадал хызмет етиўге бағышлаған зәбердес инсанның келбети ядымызға түседи.
Бары-жоғы он алты жасында бундай писик шығарма дөретиў – тек ғана қарақалпақ әдебиятында ғана емес, ал жержүзилик әдебият тарийхында да оғада кем ушырасатуғын ҳәдийсе екенлиги ҳәммеге мәлим. Дүньяның басқа да халықлары сыяқлы, тарийхый өтмиштиң небир жақсы-жаман, жеңисли-утылыслы дәўирлерин, қыйын өткеллерин, айралықлар, кемтарлықларды да көп көрген қарақалпақлар арасында «жетимлик» деп аталған тәғдир ҳақыйқый турмыста да, усы миллеттиң шайырлары дөреткен әдебиятта да оның жазмышы байлардың малын бағыў сыяқлы машақатлы ўазыйпа менен тиккелей байланыслы болғанлығы белгили. Сол – Избасар Пазыл улының балалығы өткен дәўирлерде маңлайына жетимлик жазылған ҳәм оның жәбирин тартқанлардың арасында сол «Қара қой» қосығында жыр етилген тәғдирди, онда өз сәўлелениўин тапқан ўақыяны басынан кеширмеген жетим ел арасынан табылмаса керек. Соның ушын да әсирлер даўамында ата-бабаларымыз жетилистирилип барған, халықтың жүрегине жақын поэтикалық дәстүр жолы менен дөретилген, соның менен бирге әдебий сын көзқарасынан жетик болған бул қосықтың халық жүрегинен беккем орын алғаны тосыннан емес. Әйне усы жылларды еслеўши заманласларымыз, ҳәтте: «Қара қой» қосығы – сол дәўирде ел арасында мал бағып, бақташылық еткенлер ушын «гимн» яңлы өзгеше бир шығарма болды, – деп жийи ядқа түсиреди.
Баспасөзде, илимий изертлеўлерде Избасар Пазыл улы (ҳүжжет бойынша: Фазылов) өмири, әдебий дөретиўшилиги ҳаққында аз жазылған жоқ. Олардың ҳәзирги дәўирге дейинги жазылғанларында да көпшиликке белгили, ол қарақалпақ совет әдебиятының иргесин қалаўшылардың бири, коммунистлик партияның ҳәм оның көсеми Ленинниң сиясатын, сол дәўирдеги партия тәрепинен әмелге асырылған ислердиң садық жыршысы, жәмийетлик искер сыпатында сәўлеленген. Оның халқымыздың тарийхында «қара дақ» сыпатында из қалдырған жеке адамға сыйыныўшылық ақыбети болған репрессияға байланыслы бөлеги 60-80 жыллардың сиясаты көзқарасынан «Репрессия қурбаны болған жәмийетлик искер ҳәм шайыр» деген теманың әтирапында ғана қысқа сөз етилип келинди.
2000-жылларға келип, Избасар Пазыл улы өмириниң көпшиликке аян болмаған фактлери менен байланыслы мийнетлер жүзеге келе баслады. Олардың арасында айрықша дыққатқа сазаўар мийнетлердиң қатарында – тарийхшы илимпаз Шәрип Бабашевтың Қарақалпақстан Республикасы тарийхындағы сиясий қурбанларға байланыслы ҳүжжетлерди тарийхый факт сыпатында жүзеге шығарыў бойынша алып барған кең көлемдеги изертлеўлери ҳәм белгили әдебиятшы алым Сарыгүл Баҳадырованың «Әмиўдәрья» журналының 2002-жыл 2-санында жәряланған «Жигирма тоғыз жастан елиў жасқа шекем түрмеде» атлы эссеси. Ш.Бабашевтың мийнетлери жазықсыз жазалаў жылларының көплеген қурбанлары қатарында Избасар Пазыл улының да репрессияға ушырап қамалыўына байланыслы «Айрықша қупыя» грифти менен сақланған ҳүжжетлерди жүзеге шығарыўы менен баҳаланса, ал С.Баҳадырованың эссеси Избасар Фазыловтың өмири менен тиккелей байланыслы болған инсанлардың берген мағлыўматларына сүйенилип, бирқанша тың фактлерди жүзеге шығарыўы менен баҳалы.
Усы биз келтирип өткен мийнетлер, ӨзРИА ҚБ Фундаменталь китапханасы қолжазбалар қорында сақланып киятырған мағлыўматлар, сондай-ақ усы мағлыўматларды бир-бири менен салыстырып анализлеў тийкарында жүзеге келген пикирлеримиз Избасар Фазыловтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бүгинги күн көзқарасынан баҳалаў мүмкиншилигин береди.
Биз бәрше илимий мийнетлерде, сабақлықларда Избасар Пазыл улы (И.Фазылов) ҳаққында «Ол жарлы бадырақтың баласы болған» деген сол дәўирдеги шайыр ҳәм сиясий искерлер ушын қәлип болып есапланған мағлыўматқа үйренип қалғанбыз. С.Баҳадырова өзиниң эссесинде шайырдың ата-теги ҳаққында айрықша дыққатқа ылайықлы бир фактти келтирип өтеди. Бул мағлыўматқа қарағанда, Избасар Пазыл улының ата-бабалары ҳаққында олар неше дәўирлерден берли муқыятлап сақланып киятырған өзлериниң «Шежире» («нәсепнама») китабы болған. Ол өзи 1937-жылы қамалар алдында усы китапты жасырып, 1951-жылы түрмеден шығып келгенде ағайинлерине таслап кеткен. Усы «Шежире» китаптағы мағлыўмат бойынша, Избасар Пазыл улының ата-бабаларының шығысы Саба бийге барып ушласады. Усы Саба бийдиң үш баласының бири Шәбекеден Пазыл, ал Пазылдың үш баласының бири Избасар болған. Избасардың әкеси 1909-жылы Избасар бир жасқа шыққанда, ал ол жетиге шыққанда анасы қайтыс болып, ол әкесиниң ағасы Әметтиң балалары Өтеген ҳәм Дәўлетиярдың шаңарағы, туўрырағы усы шаңарақты басқарып отырған олардың анасы Улеке маманың тәрбиясында болады. Усы әўладқа тийисли яғный Әметтиң қызы Гүлжаннан туўылған С.Баҳадырованың анасының өз қызына берген мағлыўматларына ҳәм белгили алым Қырықбай Байниязовтың усы мақаланың авторына берген аўызша мағлыўматларына қарағанда Саба бийдиң кейинги әўладлары өз дәўириниң ең алдыңғы қатардағы зиялы, қурғын жасайтуғын шаңарақлардың бири болған.
С.Баҳадырованың эссесинде келтирилип өтилген Избасар Пазыл улын тәрбиялаған Улеке мама өзиниң тәрбиясындағы балалардың солардың арасында Ибасардың да тәрбиясына, олардың билим алыўына аса итибар берген. Эсседе Улеке маманың диний шығармалардан: «Шаркитап», «Қуран» ҳәм т.б. жақсы билгенлиги, бул шаңарақта китаптың наятый қәдирленгенлиги, соның менен бирге, сол дәўирдиң белгили қыссаханлары, зиялы адамлары оның үйине жийи жыйналып, өзара пикир алысып отыратуғын болғанлығы баянланады. Улеке маманың «илим-ҳикмет – бизиң өз ата-бабаларымыз дөреткен китапларда» деген сөзлериниң өзи бул шаңарақтың әсирлер даўамында қәлиплескен дәстүрий мәдениятты айрықша қәдирлегенин көрсетеди.
Кеңес ҳүкимети орнап атырған дәўирлердеги қурғын хожалықлардың мал-мүлкин тәркилеў, өзлерин қуўдалаў сыяқлы ўақыялар бул шаңарақты да шетлеп өтпеген. Олар да усындай жағдайлар басына түскен басқа да шаңарақлар киби бундай жағдайлардан бас саўғалап, Кеңес ҳүкимети жоқ жерлерге қашып кетиўге ҳәрекет еткен. Избасар Пазыл улы да өз күнелииўи ушын аўылдың малын бағыўға мәжбүр болған күнлери усы ўақытлар еди.
Ҳәммемизге мәлим, Кеңес ҳүкимети өзиниң сиясатын ен жайдырып баслаған бул дәўирде халықтың экономикалық турмысы шынында да айтарлықтай болмаған. Сол себепли «жарқын келешек» ҳаққында ўәде еткен бул сиясат аш-әптада болғанларды өзине мәргиядай тартқаны ҳақыйқат. Сол ўақытта еле бозбала, бары-жоғы он алты жаста болған ҳәм сол жасқа тән турмыстың ақ-қарасын дурыслы танымай, жаңалыққа жаны қумар жүреги алып ушып турған Избасарға да бул ҳүкимет «айдын жол» болып көрингени тосаттан емес. Буның үстине Улеке маманың бала тәрбиясына қаттықол, дәстүрий, ескише консервативлик қараўлары жаңалыққа умтылыўшы жас өспирим Избасардың усы шаңарақты тәрк еттиўине себепши болғанлығын аңлаў қыйын емес. Ол бул шаңарақты таслап, Шымбайға, сол ўақыттағы жетим балалар ушын ашылған мектеп-интернатқа жол алады. Эсседе берилген мағлыўматларға қарағанда, Избасар бул шаңарақты сағынып, дәслеп туўысқанларын көриў ушын өзи тәрбияланған үйге жийи келип туратуғын болған. Оның бул шаңарақты тәрк етиў себеплери ҳаққындағы пикиримизди эсседеги «Бул үйдиң адамлары Избасарды жүдә суўыққанлық пенен қабыл алды. Үстиндеги кийимине күлди. Билим алған оқыўына күлди. «Адамға қандай қылып, жақсы болыў жолларын үйретпесе, буннан оқыў бола ма?!» деп ермек етти. Ол буннан кейин бул үйге келиўди сийреклетти» деп келтирилген мағлыўматлар да дәлиллей алады.
Бул қараслардың ҳәртүрлилиги Избасардың пүткиллей Кеңес ҳәкимияты алып барған сиясатқа жақынласыўына себепши болған болса, итимал. Бирақ ол өзи тәрбияланған бул шаңарақтан әсирлер даўамында ата-бабаларымыз жетилистирип барған миллийлик пенен суўғарылған билим, тәрбия ҳәм усылардың тәсиринде жүзеге келген инсаныйлық, сабырлылық ҳәм өз исине садықлық сыяқлы пазыйлетлерди қабыл етти. Бул пазыйлетлер оның өмириниң қыйын демлеринде көп қыйыншылықларды жеңип өтиўинде жолдас болады. Оның сол ўақытта он алты жасында дөреткен «Қара қой» қосығы да тек туўма шайырлық қәбилеттиң ғана тәсири емес, ал атақлы өз тарийхы, өз шежиреси, тәлим-тәрбиясы бар шаңарақтан алған билиминиң де жемиси екенлиги гүмансыз.
Избасар Пазыл улының буннан кейинги өмири тиккелей Кеңес ҳәкимиятының ықтыярында болады. «Жаңа оқыў оған қыйын болмады», – деп келтириледи эсседе. «Себеби, ол – ескише саўатқа ийе еди»… С.Баҳадырованың бул пикирине толық қосылыўға болады. Себеби, бурыннан белгили дәрежеде саўаты бар, интеллектуаллық дәрежеси жоқары, ақыл-парасатқа ийе адамларды өз қатарына тартыў – Кеңес ҳәкимиятының өз кадрларын таярлаў ушын алып барған сиясатының бир бөлеги болғанлығы белгили. Буның үстине ол халық арасында өзиниң «Қара қой» қосығы арқалы шайырлық таланты менен де кеңнен танылып үлгерген еди. Бары-жоғы жети жылдың ишинде усындай өзгешеликлери арқасында сол дәўирде бир адам қанша жетискенликлерди ийелеўи мүмкин болса, ол соның бәрине ериседи. 30-жыллардың ишинде ол Төрткүл аўылхожалық техникумын питкергеннен кейин, «Жас Ленинши», «Қызыл Қарақалпақстан» газеталарының редакторы, ҚҚАССР Орайлық Атқарыў комитетиниң ағзасы, дәслепки Пролетар жазыўшылар шөлкемин дүзиўшилердиң бири сыпатында белгили болады. 1934-жылы шайырдың ең дәслепки «Жеңис жолында», ал 1936-жылы «Қосықлар» аты менен екинши топламы Мәскеўде басылып шығады. Шайырдың сайланды шығармалары сол дәўирлердеги сабақлықларда жәрияланады.
Сол 30-жыллардағы әдебий жөнелисти өзинде сәўлелендирген «Аўдарыспақ жалыны», «Жеңис ҳаўазы» журналлары «Әдебий альманахлар», «Қызыл Қарақалпақстан» газеталарында басылған мақалалар бул дәўирдиң – улыўма қарақалпақ әдебиятының тарийхындағы ең аўыр, ең көп қарама-қарсылықларға ийе дәўир болған деген жуўмақты келтирип шығарады. Сол дәўирде Кеңес ҳәкимиятының идеологиясының тийкарғы органлары болған бул газета-журналларда басылған мақалаларда «Кеңес әдебияты қандай болыўы керек?», «Әдебияттың партиялылығы», «Социалистлик реализм методы», «Кеңес әдебияты жазыўшысының ўазыйпалары нелерден ибарат?» ҳәм т.б мәселелелер бойынша сөз етилип, ал бул мәселелерде, әсиресе: әдебий сын өз функциясы шеңберинен ҳәдден тысқары шетке шығады. Әдебий жөнелиске арналған газета ҳәм журналларда басылған мақалалардың, Қарақалпақстан жазыўшылары кеңесиниң есап бериўлериниң дерлик басым бөлеги, сол дәўирдеги жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармаларын әдебий сын көзқарасынан таллаўға емес, ал көбирек оларды идеологиялық көзқарастан таллаўға қаратылған еди. Бул негатив жағдайдың қаншелли дәрежеде пәт алғанлығын сол дәўирде, 1936-жылы «Қызыл Қарақалпақстан» газетасының 1-февраль санында И.Сағыйтов тәрепинен жәрияланған «Қарақалпақ әдебиятында сын мәселеси ҳақкында» мақаласында келтирилген төмендеги фактлер арқалы да аңлаў мүмкин: «…жазыўшының жетиспеслик жақларын шыдамлылық пенен түсиндириўдиң орнына өсип киятырған жас жазыўшыларымыздың маңлайына урғандай қылады. Нәтийжеде буннан келип шығатуғын жуўмақ: оларды сынаған жазыўшының ҳәм оның шығармаларының бир тыйынға кереги жоқ болып шығады. Жазыўшыны қайтып орнынан тура алмастай етип урады, оған түрлише аўыр айыплар тағады, ол жазыўшының революцияға да, советке де қарсы қылып, шығарады». И.Сағыйтовтың мақаласы: сол дәўирдиң «әдебий критиклери» тәрепинен жас жазыўшыларға жасалған қатнасты ғана сәўлелендирген болса, қәлеми ысылған сол дәўирде тәжирийбели есапланған жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармаларына болған усы тақылеттеги сынның нәтийжелери буннан он есе аўыр еди. Шайыр ҳәм жазыўшыларға тағылған усындай айыплаўлар сол ўақытлары әсте-әсте жыйыла келип, олардың келешекте Кеңес ҳүкимети тәрепинен аўыр жазалаўларға алып келиўге шараят жарата баслайды. Қолда бар мағлыўматлар, Кеңеслик идеологияның бундай жаза ушын шараятты, сол дәўирде ҳүкиметтиң әдеўир нәзерине түскен, көплеген жетискенликлерге ерискен Избасар Пазыл улына 1930-жылдың биринши ярымынан баслап-ақ таярлай баслағанынынан дәрек береди.
Шайырдың 1934-жылы «Жеңис жолында» топламы жарық көргеннен кейин, бул топлам ҳаққында еки түрли көзқарастағы мақалалар жәрияланады. Н.Дәўқараевтың мақаласы топламды жоқары баҳалайды да, «Шаңбас» исми менен шыққан «аноним сыншы» шайырды әдебият майданынан қысып шығарыўға ҳәрекет етеди. Бул мақалалар сол тустағы жазыўшы ҳәм шайырлар арасында талқыға түсип, 1934-жылы Н.Жапақов ҳәм Д.Назбергеновлардың авторлығында Избасар Пазыл улын ақлап, «Шаңбастың терис пикирине қарсы» атлы мақаласы шығады. Усы аноним сыншы менен А.Бегимовтың «Аўдарыспақ жалыны» журналының 1-2-санларында жәрияланған «Қарақалпақстан кеңес әдебияты социалистлик қурылыс дәўиринде» атамасында басылған, Қарақалпақстанда 1928-жылы дүзилген Қарақалпақстан Пролетариат жазыўшылар шөлкеминиң жумысларын сынға алған мақаласы бизге сол дәўирде Избасар Пазыл улының әдебият мәселесинде тутқан позициясы ҳаққында белгили дәрежеде мағлыўмат бере алады. А.Бегимов өз мақаласында бул шөлкем ҳаққында: «1928-жылы Қарақалпақстанда Пролетариат жазыўшылар шөлкеми дүзилип, оның айналасында Избасар, Айтбай, Қожамет, Тәжиахмет усаған жазыўшылар шөлкемлесе баслады. Бул шөлкем аз болса да, жумысларды әмелге асырды, бирақ бул шөлкем әдепки ўақытта шығып қалған бир-еки жазыўшыларға масайрап, басқа жумыс ислеп, көпшилик пенен қатнасыў дегенди билмеди. Жаңадан жазыўшылар тәрбиялаў исин қолға алмады, кадрлар таярлаў дегенди умытты. Ол өрис алған шөлкем болмай, жабық түрдеги шөлкем болып саналды» деп жазады.
Избасар Пазыл улы Қарақалпақстан Пролетар жазыўшылар шөлкемин дүзиўдиң ең белсенди басламашыларының бири болғанлығы белгили. Тийкарында А.Бегимовтың Избасар Пазыл улының хызмет еткен бул шөлкеми ҳаққындағы «жазыўшыларды тәрбияламаў», «кадрлар таярламаў», «жабық шөлкем» деген сөзлериниң аржағында Избасар Пазыл улының көркем әдебиятқа болған позициясы жатады. Әсирлер даўамында қәлиплесип раўажланған миллий әдебиятқа көплеген уллы шайырларды, жетик шығармаларды берген өз жолы, өз концепциясы, өз әдебий тилине ийе миллий поэзия базасында тәрбияланған Избасар Пазыл улы ушын бул шөлкем адым жерде ушыраса бермейтуғын ҳақыйқый талант ийелериниң шөлкеми болыўы тийис еди. Ол шайыр тәрбиялап шығаратуғын кадр емес, ал тәбият тәрепинен инсанға сийрек берилетуғын инаят екенлигин жақсы билетуғын еди. Сонлықтан оның тийкарғы мақсети: шөлкемниң әтирапына усындай шөлкемлер ушын тәбиий ҳал болған, шынында да шайырлық талантқа ийе сөз ийелерин жыйнаўдан ибарат еди.
1936-жылы Мәскеўде Избасар Пазыл улының «Қосықлар» атамасындағы екинши топламы шығады. Шайыр ушын сол дәўирде үлкен жетискенлик болып есапланған бул табыс оның душпанлары ушын үлкен соққы болғаны сөзсиз. Енди олар шайырды газета бетлеринде «Избасар… енди ҳешнәрсе жазбай өз шайырлығын сөндириў алдында турыпты» деген айыплаўлар таға баслайды. Шайырдың жетискеликлерин көре алмаған оппозицияның мақсети белгили болса да, онда шайырдың сол ўақытларда баспада өз шығармалары менен аз көриниўи ҳаққындағы аз да болса ҳақыйқатлық бар еди. Олар соны өз мақсетлеринде пайдаланыўға урынады. Буның бир дәлили сол ўақыттағы шайыр Мырзағалый Дәрибаевтың оған арнап «Жырла шайыр!» аты менен жазылған қосық хаты.
Избасар Пазыл улы оған жуўап сыпатында 1936-жылда «Жеңис ҳаўазы» газетасында басылған «Жырлайман» қосығын жазады. М.Дәрибаевтың қосығында шайырды өзи таңлаған бул жолдан қайтпай гүресиўге, көплеген жаңа қосықлар дөретиўге шақырады.
1935-1936 жылларда баспасөзде шайырдың сийрек көриниўиниң белгили объектив себеплери бар еди. Избасар Фазыловтың Мырзағалый Дәрибаевқа жазған «Мен жырлаўға тайынман» мазмунындағы жуўап қосығы көтериңкиликти баян етсе де, мәниси бойынша қосықтың контекстинен ажралып турған «Ўақыт жырламаға күтә дым қыйын» қатарлары шайырдың бул сөзлерде сол ўақыттың ҳақыйқый шайыр сыпатында жырлаў қыйын дәўир екенлигин нәзерде тутқанын аңлаў қыйын емес.
Бизге белгили, Кеңеслик идеологияның тийкарғы қуралы ҳәм оның қатаң қадағалаўында қәлиплесип атырған жаңа әдебият жазыўшылардан жаңа мазмун, жаңа формаларды талап етти ҳәм усы дәўирге дейинги дәстүрий поэзия усылларынан пайдаланыў «ескиликтиң қалдығы» сыпатында қараланған. Әдебиятта дөретиўшилерге алдын ала белгиленип берилген тема, идея, образлар қурамынан ибарат қәлип ҳәм шеклеўлер сол дәўирдеги әдебиятта жазыўшы ҳәм шайырларда стереотиплик пикирлеўди қәлиплестирген еди. Ақыбетинде, әдебиятта мүдиў идеясыз, жасалма конфликтке қурылған, асыра суўретлеў, мақтаўлар, еликлеўлерден ибарат декларативлик характердеги қосықлар, ҳақыйқый турмыстан ажыралып қаған жасалма образлар пайда болады. Буның үстине бул дәўирдеги шайыр ҳәм жазыўшылар ушын үлги болған М.Горький, Д.Бедный, В.Маяковскийдиң шығармаларының дөретиўшилик усыллары қарақалпақ әдебиятының сол дәўирдеги раўажланыў басқышы ушын «өгей» усыллардан еди.
Наятый бай қарақалпақ миллий поэтикалық дәстүри базасында шайырлығы қәлиплескен, он алты жасында-ақ «Қара қой» қосығы арқалы усы жетик поэтикалық дәстүрдиң ийеси, қатал ҳәм әдалатлы сыншы есаланған халықтың кеўилинен шыға алған Избасар Пазыл улы ушын кеңес әдебияты қурып берген бундай «дөретиўшилик майданы» оғыры тарлық ететуғыны тәбийий. Буның үстине оған тийкарсыз, изли изинен қойылған айыплардың да оған руўхый соққы болып, онысыз да дөретиўшилик еркинлигинен айырылған шайырдың жаңа қосықлар дөретиўине тосқынлық еткени сөзсиз. Әлбетте, бундай орталыққа қосық жазыўға еби барлардың бейимлесиўи мүмкин, бирақ интеллектуаллығы Избасар дәрежесиндеги дөретиўши ушын өзиниң ҳақыйқый талантын жасырып қойып, белгиленген қәлип бойынша қосықлар жазыў аса қыйын ҳәм бул оның тәбиятына сай келмейтуғын жағдай еди.
Отызыншы жыллардың екинши ярымында, әсиресе ҳәўижге минген Сталинлик репрессия ушын душпан көптен таярлап қойған «айыплары бар» Избасар Пазыл улы қурбан сыпатында әллеқашан таяр еди. Көп узамай ең соңғы, оны еркинен айыратуғын айып та табылады. Избасар Фазыловтың «халық душпаны» сыпатында қамалыўына байланыслы мағлыўматлар, тарийхый ҳүжжетлер Қарақалпақстандағы Сталинлик репрессия тарийхы бойынша бийбаҳа мийнетлер дөреткен белгили тарийхшы Ш.Бабашевтың «Қарақалпақстан Республикасы тарийхындағы сиясий қурбанлар», «Жазықсыз жазаланған репрессия қурбанлары» мийнетлеринде белгили дәрежеде ашып берилген.
1937-жылдың август айының 6-сәнесинде Қарақалпақстан ИИХК комиссары В.Д.Штейн ўәлаятлық партия комитетиниң секретары ҳәм ВКП (б) Орайлық комитетиниң Қарақалпақстан бойынша партколлегиясы хаткериниң атына арнаўлы хат жоллайды. Бул хат мазмуны бойынша, Избасар Пазыл улы әллеқашан «халық душпаны» болып үлгерген аўылласы Қазақбай Алламбергенов пенен жасырын байланысып, контрреволюциялық ҳәрекетке қатнасып жүрген. ҚҚАССР Ишки Ислер Халық Комиссариатының усы хаты тийкарында 1937-жыл сентябрь айының 22-сәнесинде Қарақалпақстан ўәлаятлық партия комитетиниң бюро мәжилиси Избасар Фазылов ҳаққындағы партколлегияның шешимин мақуллап, оны партия қатарынан шығарады. 1937-жылдың сентябрь айының 26-сәнесинде ол Өзбекстан ССР Жынаят Кодексиниң 1464, 67 статьялары менен қамаққа алынады. Дәслеп ол 1938-жылы 10-ноябрьдеги СССР Жоқарғы Суды Әскерий Коллегиясының ҳүкими боынша он жыл қамаққа ҳәм бес жыл ҳуқықынан айырыўға ҳүким етиледи. Қарақалпақстан ИИХК МКБ 3-бөлиминиң киши лейтенанты Бахтиозинниң ҚҚАССР Прокуратурасына 1937-жылы 10-декабрь күни жоллаған қарарында Қарақалпақстанның аймағынан «Контрреволюцияшылық миллетшил шөлкемниң қатнасыўшылары», «Контрреволюциялық қопарыўшылық жумысларын халық хожалығының барлық тараўларында, сондай-ақ мәдений идеологиялық фронтта да алып барған» деген айыплар менен сентябрь-октябрь айларының өзинде қамаққа алынған 49 адамнан ибарат дизим келтирилген. Бул дизимде сол дәўирдиң ең ири тулғалары, қарақалпақ халқының мақтаныш еткен уллары – Қасым Әўезов, Әбиў Қудабаев, Көптилеў Нурмухаммедов, Сейфүлғәбит Мәжитовлер менен бир қатарда, Избасар Пазыл улының да исми бар еди.
Көп узамай Избасар Фазылов, Қасым Әўезов, Сейфүлғәбит Мәжитовлердиң авторлығында баспадан шыққан барлық китаплар жыйнап алынып, басқа қадаған етилген китаплар қатарында өртеледи.
Избасар Пазыл улының өмирлик жолдасы ҳәм ол кеткен ўақтында енди ғана дүньяға келген перзенти Бекполатқа жазған хатлары бойынша мағлыўматларда, ол 1947-жылдың 26-сентябрине дейин Магадан қаласындағы қатал тутымдағы сиясий тутқынлар сақланатуғын қамақханада отырады. Оннан соң ол сол қаладағы №3 жерасты заводына мәжбүрий күш сыпатында жумыс ислеўге жибериледи. Соннан он жыллық түрмени, үш жыл еркинен айырыўды өтеп, 1950-жылы Қарақалпақстанға қайтады. Үлкен үмитлер, келешек ҳаққындағы арзыў-әрманлар менен туўған жерине қайтқан ҳәм аўыр кеселге шатылса да руўхы, ерки сынбаған шайырға Кеңес ҳәкимияты және жудалықты мүнәсип көрип, ол екинши мәрте: азатлықтағы өмири бир жылға жетпей-ақ, 1951-жылдың 11-июньинде тағы да қамаққа алынып, бул сапары Россияның ең бир түпкириндеги Қызылжар (Краснояр) үлкесине сүргин етиледи.
Сталинлик репрессия дәўири ҳәм оның қурбанлары болған сиясий тутқынлардың тәғдири ҳаққында көплеген мийнетлер жазылған, ҳүжжетли кинофильмлер сүўретке алынған. Олардың ҳәммесинен келип шығатуғын бир жуўмақ: бул дәўир инсаният тарийхындағы инсан, оның ҳуқықының ең жаман аяқасты етилген, тарийх бетлеринде «қара дақ» болып қалған дәўир сыпатында өзинен из қалдырған. Көпшилик авторлар сталинлик лагерьлерди фашистлик концлагерлерге теңейди. Бул ҳақыйқат! Усы темада жазылған арнаўлы мийнетлер ҳәм ҳүжжетли кадрлардан бизге белгили болған сиясий тутқынлардың тәғдирин Избасар Пазыл улы да өз басынан өткереди. Миллионаған халық азаматларының басын жутқан, оғада көп азаматлардың руўхын сындырып, инсаныйлық пазыйлетлерден журдай еткен бундай лагерьлерден тири ҳәм инсан болып қайтқанлар наятый азшылық. Ол енди қамалып, тергеўдиң небир қыйнаўлар, урып-соғыўлар, руўхый азап бериўлерге қандай етип шыдаған болса, лагерьлерде де басына түскен азапларға сондай төзим бере алды.
Заманласларының сөз етиўине қарағанда, Избасар Пазыл улы өзиниң тутқынлықта өткен өмири, көрген қыйыншылықлары ҳаққында, ҳәтте ең жақынларына да ҳешқашан, ҳешнәрсе айтпаған, көз жас төгип, қамсықпаған. Ондағы бундай төзимниң, шыдамлылық, сабырлылық, беккем парасат, мийтиндей ираданың баслы себепшиси, бизиң пикиримизше, бул оның шайырлық жүреги, шайырлық болмысы. Бул асырып тәриплеў емес, себеби шайырлардың басқа әпиўайы адамлардан парқы: оның қыялы, фантазиясы шекленбеген. Ол сағынышта, қапалық ҳәм жудалықта бар дәртин қосықларда төгип, өз азапларын жеңиллете алатуғын өзгешеликке ийе. Көпшиликке бул жыллар «Избасар Фазылов ушын дөретиўшилик жыллары болмады» деген пикир келиўи мүмкин. Керисинше, ҳешқашан баспа жүзин көрмеген, ҳешким еситпеген тек шайырдың жүрегинде ғана сақланып қалған, қыйын ўақытларда оған дәлде болған бул қосықлардың баспа жүзин көрген қосықлардан парқы, шайыр оларды ҳешқандай тосықларсыз, нусқаўларсыз жаратты. С.Баҳадырованың эссесинде шайырдың өз жүрегинде мудамы сақлаған муҳаббаты, өмирлик жолдасы Нәбийраға лагерьден қосық пенен жазылған хатының тексти келтирилген. Бул – шайыр өмириниң аўыр-аўыр демлеринде де өз дөретиўшилигин даўам еттиргениниң айқын дәлиллериниң бири.
1957-жыл 13-июньде СССР Жоқарғы суды Әскерий Коллегиясы тәрепинен Избасар Фазыловтың өз исин қарап шығыў ҳаққындағы арзасы қаралады ҳәм ол «гүнасыз» деп табылып, азат етиледи. Бул сапары ол дәрриў ўатанына қайта қоймайды. А.Бегимов оны излеп хат жазғаннан кейин ғана, туўылған жердиң дийдары оны және өзине шарлап, 1959-жылдың басында ол елине және қайтып келеди.
Избасар Пазыл улының ақланып. өз елине қайтып келиўи дөретиўши орталықта үлкен жаңалық болады. «Совет Қарақалпақстаны» газетасының 1960-жыл, 6-март сәнесинде шыққан санының бир бети оның дөретиўшилигине арналып, онда Хожабек Сейитовтың оған арналған мақаласы, шайырдың өз ўатанына қайтқаннан кейинги мийнет қахарманы Айым Камалова ҳаққында жазып баслаған «Айым» дәстанынан үзинди ҳәм оның усы газетаның хабаршасына берген келешек жобалары ҳаққында мағлыўмат бериледи. Онда шайыр өзиниң өмири ҳаққында повест жазыўды жобаластырғанын, оны жақын күнлерде жазып баслайтуғынлығын билдирген. Елдиң азаматларының арқасында оның партия ағзалығындағы стажы, Жазыўшылар аўқамына ағзалығы, сиясий тутқынлар ушын арналған лагерьде, узақ, бийгәне журтларда өткерген жигирма жыллық өмириниң әйне гүллеген дәўиринен басқа барлығы тикленеди. Шайыр өмириниң соңғы жылларында «Әмиўдәрья» журналының поэзия бөлимин басқарады. 1961-жылы 13-январьда сол азаплы жылларда арттырған аўыр кеселлик себепли дүньядан өтеди.
Көркем шығармаға, соның ишинде қосыққа әдебият теориясының қатаң талаплары қойылып, заманагөй оқыўшының эстетикалық талаплары жоқары дәрежеде өскен усы дәўир ҳәм келешекте коммунистлик идеологияның қәпесинде дөреген қосықлардың санаўлылары ғана ҳақыйқый поэзия маржанлары сыпатында қалатуғынлығы белгили. Солардың арасында Избасар Пазыл улы Фазыловтың «Қара қой» қосығының да өз орны болатуғынлығына гүман жоқ.
Шайырды ол пүткил өмирин бағышлаған поэзияның образлы тилинде бәлентпәрўаз ушын жаратылған, бирақ заман гәрдиши себепли өзи қәлегендей пәрўаз ете алмаған суңқарға ғана мегзетиў мүмкин.
Гүлбәҳәр НУРАТДИНОВА,
Қаллы Айымбетов атындағы «Халық даналығы» фолькклубы ағзасы, әдебияттаныўшы.