USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 23 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЬЕКТЛЕРИН САПЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРЫН ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибин әпиўайыластырыў, сапластырыў процесин әмелге асырыўда исбилерменлик субъектлери ушын тийкарсыз қәрежетлер жумсаўға алып келетуғын артықша ҳәкимшилик шеклеўлерди бийкарлаў, бизнести жүргизиў бойынша халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын және де жақсылаў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Әдиллик министрлигиниң 2020-жыл 1-январьдан баслап:

финанс-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған ҳәм (яки) нызамшылықта белгиленген мүддетлерде өзлериниң устав қорларын қәлиплестирмеген кәрханаларды сапластырыў бойынша турақлы ислейтуғын арнаўлы аймақлық комиссияларды сапластырыў;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген пайыттан баслап бир жыл ишинде устав фонды шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған муғдарда қәлиплестирилмегенлиги ушын исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибин бийкарлаў;

мәмлекетлик уйымлар арасында электрон мәлимлеме алмасыўын енгизиў арқалы исбилерменлик субъектлерин сапластырыў процесиндеги  артықша ҳүжжетлер ҳәм тәртип-қағыйдаларды қысқартыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) исбилерменлик субъектлери-юридикалық шахсларды (кейинги орынларда-кәрханалар) ықтыярлы сапластырыўда:

бир ямаса бир неше күнделикли баспа басылымларда кәрхананың сапластырылыўы ҳаққында дағазалар бериў талап етилмейди, бунда тийисли мағлыўматлар дизимнен өткериўши уйымның рәсмий сайтына жайластырылады;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап финанс-хожалық жумысын әмелге асырмаған ҳәм салық қарызы бар болмаған кәрханалардың финанс-хожалық жумысы тексерилмейди;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен өткерилетуғын, сапластырылатуғын кәрхананың финанс-хожалық жумысын тексериўдиң ең узақ даўамлылығы үш жылды қурайды;

финанс-хожалық жумысын тексериў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардан кәрхана ҳаққындағы бар мағлыўматларды алыў Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасы (кейинги орынларда-Система) арқалы әмелге асырылады;

кәрхананы ықтыярлы сапластырыўдың улыўма мүддети дизимнен өткериўши уйым ықтыярлы сапластырыў ҳаққында хабардар етилген күннен баслап алты айдан аспаўы керек;

б) исбилерменлик субъектлери-физикалық шахслардың жумысын тоқтатыўда арза бериўши тәрепинен мәмлекетлик салық хызмети уйымының салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарызы жоқлығы ҳаққындағы жуўмақты алыў талап етилмейди;

в) финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханаларды сапластырыўда:

кәрхананың финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған деп есаплаў ушын тийкар болатуғын мүддет тоғыз айды қурайды;

финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханалар мәмлекетлик салық хызмети уйымының усынысына тийкарланып дизимнен өткериўши уйым тәрепинен үш жыл мүддетке ҳәрекетсиз режимге өткериледи;

ҳәрекетсиз режимге өткерилген кәрханалардың жумысы үш жыл даўамында тикленбеген жағдайда дизимнен өткериўши уйым оларды Исбилерменлик субъектлериниң Бирден-бир мәмлекетлик реестринен шығарады.

  1. Системаға жалғанған мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен тийисли мәлимлемелердиң өз ўақтында, толық, исенимли тәризде киргизилиўин тәмийинлемеў мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң белгиленген тәртибин бузыў деп есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Системаға жалғанған мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен тийисли мәлимлемелер өз ўақтында, толық ҳәм исенимли тәризде киргизилиўи үстинен, соның ишинде, Система арқалы турақлы қадағалаў орнатсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Өзархив» агентлиги бир ай мүддетте ықтыярлы сапластырылып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳүжжетлерин қабыл етиўде архив хызметлериниң әмелдеги норматив бойынша анықланатуғын баҳаларын еки есеге шекем төменлетиў илажларын көрсин ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Әдиллик министрлиги Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте Системаны усы Пәрман талапларына сәйкеслендириў, мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң оған жалғаныўын шөлкемлестириў бойынша қаржыландырыў дәреклери анық көрсетилген илажлар бағдарламасын;

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси, Экономикалық процессуал кодекси және «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамына финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханаларды дизимнен өткериўши уйым тәрепинен үш жыл мүддетке ҳәрекетсиз режимге өткериў, жумысы үш жыл даўамында тикленбеген жағдайда оларды Исбилерменлик субъектлериниң Бирден-бир мәмлекетлик реестринен шығарыўды нәзерде тутауғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усынысларды;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Исбилерменлик субъектлерин ықтыярлы сапластырыў ҳәм олардың жумысын тоқтатыў тәртиби ҳаққындағы реже ҳәм Финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик реестрден шығарыў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарларын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2020-жыл 1-январьдан баслап қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 7-июнь

ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИНИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫН  ҲӘМ НЫЗАМЛЫ МӘПЛЕРИН ҚОРҒАЎ СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Елимизде исбилерменлик жумысының иркинишсиз әмелге асырылыўын тәмийинлеў, бизнес жүргизиў  ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм республикамыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Усы мақсетте альтернатив тексериўлер ҳәм режеден тысқары тексериўлердиң барлық түрлери бийкар етилди, исбилерменлик жумысы тараўындағы бир қатар лицензияланатуғын жумыс түрлери ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдалары қысқартылды ҳәм әпиўайыластырылды. Усы илажлар елимизде исбилерменлик орталығын раўажландырыўға ҳәм Өзбекстан Республикасының халықаралық көлемдеги рейтингине унамлы тәсир етпекте.

Соның менен бирге, исбилерменлик жумысы тараўында бир қатар системалы машқалалар сақланып қалмақта, олардың шешилиўи бизнести раўажландырыў жолындағы тосқынлықларды сапластырыў, елимизге сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кепилликли қорғалыўын тәмийинлеў имканиятын береди. Атап айтқанда:

бириншиден,  қадағалаўшы уйымлар ҳәм инсаплы исбилерменлик субъектлери арасында  исенимли бирге ислесиўди орнатыўға қаратылған Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясының қабыл етилгенлиги әмелдеги тексериўлер системасын мәмлекетлик қадағалаўдың басқа да түрлерин, сондай-ақ, салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди өндириў тәртибин түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды талап етеди;

екиншиден,  нызам ҳүжжетлеринде заман талапларына жуўап бермейтуғын айырым ҳуқықый механизмлердиң барлығы себепли салықлар, басқа да мәжбүрий төлемлер, пенялар ҳәм финанслық жәриймалар бойынша қарыздарлықлар жасалма жол менен жыйналып бармақта;

үшиншиден, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўына алып келип атырған мәмлекетлик уйымлардың нәтийжесиз ҳәм артықша қадағалаў функциялары әмел етпекте;

төртиншиден, исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилетуғын тексериўлердиң шөлкемлестириўшилик тәреплерин ҳәм тәртип-қағыйдаларын комплексли тәртипке салыў ҳәм олардың нызамлылығы мониторингин алып барыўдың бир пүтин системасының жоқлығы қадағалаўшы уйымлар жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм өткерилетуғын тексериўлердиң тийкарлылығын әдил баҳалаў имканиятын бермей атыр;

бесиншиден,  өткерилетуғын тексериўлердиң ашықлығын, жәриялығын ҳәм әдиллигин тәмийинлейтуғын қадағалаўшы уйымлардың жумысы үстинен бийғәрез жәмийетлик қадағалаў системасы енгизилмеген;

алтыншыдан,  көшпес мүлк объектлерин бузып, мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаўдың әмелдеги механизминдеги кемшиликлер олардың ҳуқықларының ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўына алып келмекте, исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин, сондай-ақ, елдиң инвестициялық тартымлылығын төменлетпекте.

Бизнести раўажландырыўдағы бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлик субъектлерин қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин буннан былай да күшейтиў, елимизде инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Саўда-санаат палатасының усы Пәрман күшке кирген ўақытта бар болған қатаң белгиленген салық ҳәм қарыздарлық ушын есапланған пенялар бойынша қарыздарлықты, сондай-ақ, финанслық жәриймалар ҳәм суд қәрежетлери (суд шығынлары буған кирмейди) бойынша төмендегилерге есапланған қарыздарлықты есаптан шығарыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

2018-жыл 1-апрельге шекем жеке тәртиптеги исбилермен статусын жойытқан физикалық шахсларға ҳәм 2018-жыл 1-апрельден финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған (соның ишинде жумысын ўақтынша тоқтатқан) жеке тәртиптеги исбилерменлерге;

мәмлекетлик дизимнен өтпей исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырғаны ушын бир жыллық қатаң белгиленген салық суммасы есапланған физикалық шахсларға.

Усы бәнттиң биринши абзацында көрсетилген қарыздарлықларды есаптан шығарыў, усы бәнттиң тийисли түрде екинши ҳәм үшинши абзацларында нәзерде тутылған шахслар 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте исбилерменлик жумысын тиклеген ямаса нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткен жағдайларда әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының аймақлық басқармалары менен биргеликте усы бәнтте көрсетилген шахслардың исбилерменлик ҳәм финанс-хожалық жумысын тиклеўде, сондай-ақ, оларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериўде белсене жәрдем берсин, орынланған жумыслардлың нәтийжелери ҳаққындағы айлық есабатларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизип барсын.

  1. Жеке тәртиптеги исбилерменлер сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтпей жумыс алып барып атырған физикалық шахслардан тийисли жумыс түри бойынша белгиленген ставкадан келип шығып есапланған бир жыллық муғдардағы қатаң белгиленген салықты бирге өндириў тәртиби бийкар етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети:

а) Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Жоқары суд пенен биргеликте үш ай мүддетте исбилерменлик субъектлери-юридикалық шахсларға есапланған өндириў үмитсиз болған салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер, усы қарыздарлық ушын есапланған пенялар бойынша қарыздарлықты, сондай-ақ, финанслық жәриймалар ҳәм суд қәрежетлери (суд шығынлары буған кирмейди) бойынша қарыздарлықты хатлаўдан өткерсин, кейин ала көрсетилген қарыздарлықты белгиленген тәртипте есаптан шығарыў илажларын көрсин;

б) Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратурасы, Орайлық банки, Қаржы министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте:

салық ҳәм басқа да төлемлер бойынша қарыздарлығы болған ҳәм еки ай даўамында исбилерменлик жумысын әмелге асырмай атырған жеке тәртиптеги исбилерменлердиң жумысын тоқтатыў тәртиби;

финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханаларды тоқтатыў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, жумыс ислемей атырған шөлкемлер ҳәм  мәкемелери узақ мүддет бийдәрек болған шөлкемлердиң үмитсиз қарыздарлығын есаптан шығарыў механизмлерин жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 2018-жыл 1-сентябрьден:

исбилерменлик субъектлериниң финанс-хожалық жумысы менен байланыслы болмаған режели тексериўлер;

исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын қадағалаў тәртибиндеги тексериўлер бийкар етилсин.

  1. 2018-жыл 1-сентябрьден:

Исбилермелик субъектлериниң жумысын тексериў басламасы менен шығыў тийисли исбилерменлик субъектлери тәрепинен нызам бузыўшылық жүз бериў қәўпи дәрежесинен келип шығып, тексериўди баслама көтериўди нәзерде тутатуғын «қәўипти таллаў» системасының нәтийжелери тийкарында әмелге асырылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын тексериўди муўапықластырыў бойынша ўәкилликли уйым болып есапланатуғыны;

қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасында дизимге алыныўы шәрт екенлиги;

Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасында дизимге алынбағын исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын тексериўлер нызамсыз болып есапланатуғыны;

исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын тексериўлердиң нәтийжелери қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериў жуўмақланғаннан кейин үш күн даўамында Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасына киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Ўәкилликли уйым менен келисилген ҳалда исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын тексериўлер түрлериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;

Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасында дизимнен өткериў арқалы ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде өткерилетуғын тексериўлер дизими 2-қосымшаға муўапық;

Қадағалаўшы уйымлардан басқа шөлкемлерге өткерилип атырған айырым қадағалаў функцияларының дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм 2018-жыл 1-сентябрьден әмелге енгизилсин.

  1. Қадағалаўшы уйымлар Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Саўда-санаат палатасы менен келискен ҳалда 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте өз жумысына «қәўипти таллаў» системасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги қадағалаўшы уйымларға «қәўипти таллаў» системасын өз жумысына енгизиўде жәрдемлессин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасының басланғыш версиясын ислеп шықсын ҳәм 2019-жыл 1-январьдан оның төмендегилерге имканият беретуғын толық версиясын иске қоссын:

а) ўәкилликли уйымға:

қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде тексериўлерди өткериў бойынша қабыл етилген қарарлардың тийкарлылығын үйрениў ҳәм тексериўлерди өткериўге табылмас код пенен рухсат бериў;

қадағалаўшы уйымлар тәрепинене нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тексериўлер өткериў тәртибине әмел етилип атырған қадағалаўды әмелге асырыў;

б) қадағалаўшы уйымларға өткерилген тексериўлердиң нәтийжелерин киргизиў;

в) исбилерменлик субъектлеринен өз сораўларына бола өткерилип атырған тексериў ҳаққындағы мәлимлемени қысқа хабар (SMS) көринисинде ҳәм реал ўақыт режиминде Интернет тармағы арқалы алыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң  ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына усы Пәрман талапларын инабатқа алған ҳалда «Исбилерменлик субъектлериниң жумысын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын орнатылған тәртипте киргизсин;

бир ай мүддетте «Исбилерменлик субъектлериниң жумысын мәмлекет тәрепинен қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы күшке киргенге шекем әмел етилетуғын Қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысында өткерилетуғын тексериўлерди келисиў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы ўақтыншалық режени және Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасын жаратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-июньдеги «Бизнестиң нызамлы мәплериниң мәмлекет тәрепинен қорғалыўы ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққындағы» ПП-5087-санлы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының исбилерменлик субъектлери – Палата ағзаларының жумысында өткерилетуғын тексериўлер мониторингин әмелге асыратуғыны ҳәм тексериўлерде қатнасатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилетуғын тексериўлер үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм жуўмақлары бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасына мәлимлеме бериў усыныс етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Қадағалаўшы уйымлардың лаўазымлы шахсларын исбилерменлик субъетлеринде тексериў өткериў ҳуқықын бериў бойынша аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының ҳәм Орайлық банкиниң 2018-жыл 1-сентябрьден баслап жеке тәртиптеги исбилерменлерге Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған жаңа жеңил автомобильлерди банк корпоратив карталары арқалы сатып алыў ҳуқықын бериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  5. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда «Давергеодезкадастр» комитети деп аталады) ҳәм Әдиллик министрлигиниң 2018-жыл 1-октябрьден көшпес мүлкке (жер участкалары, имарат ҳәм қурылмалар көп жыллық тереклерге) болған ҳуқықты дизимге алыў ҳаққындағы гүўалықты рәсмийлестириўди бийкар етиў, тийисли жазыўды көшпес мүлкке болған ҳуқықлар ҳәм олар менен дүзилген келисимлер мәмлекетлик реестрге электрон түринде киргизиў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  6. 2018-жыл 1-октябрьден сондай тәртип енгизилсин, оған бола:

көшпес мүлкке болған ийелик ҳуқықы ҳәм басқа да айғақлық зат ҳуқықлары ҳаққындағы, соның ишинде. усы ҳуқықлардың жүзеге келиўи, өтиўи, шеклениўи ҳәм бийкар етилиўи, сондай-ақ, олар менен дүзилген келисимлер ҳаққындағы мәлимлеме жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик нотариал ведомстволары, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң аймақлық структуралары, сондай-ақ, басқа да ўәкилликли уйымлар тәрепинен «Давергеодезкадастр» комитетиниң аймақлық уйымларына тийисли ис-ҳәрекетлер жүз берген күннен баслап бир күн мүддетте мәлимлеме-коммуникация системаларынан пайдаланған ҳалда усынылады;

«Давергеодезкадастр» комитетиниң аймақлық уйымлары усы бәнттиң екинши абзацында нәзерде тутылған мәлимлемеге тийкарланып көшпес мүлкке болған тийисли ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асырады;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүрәжат еткенде, мәмлекетлик ҳәм басқа да шөлкемлер сораў жибергенде «Давергеодезкадастр» комитетиниң аймақлық уйымларының көшпес мүлкке болған ҳуқықлар ҳәм олар менен дүзилген келисимлер мәмлекетлик реестрден тийисли ҳуқықтың мәмлекетлик дизимнен өткенлигин тастыйықлайтуғын электрон ҳәм (ямаса) қағаз түриндеги көширмени усынады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы бәнттиң талапларынан келип шыққан ҳалда көшпес мүлкке болған ҳуқықларды ҳәм олар менен дүзилген келисимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибин қайта көрип шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа механизмин енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаў бойынша орайластырылған қорды (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў;

Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң анық дәреклерин белгилеў, оларда жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлеги қаржыларының тартылыўын нәзерде тутыў;

мәмлекет ҳәм жәмийет талаплары ушын жер участкаларының алып қойылыўын Қор менен мәжбүрий тәризде келисиў тәртибин енгизиў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң анық дәреклерин нәзерде тутқан ҳалда, Қор жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. 2018-жыл 1-сентябрьден Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

Министрликлер ҳәм ведомстволар өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Қосимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 27-июль