Аз қәрежетли саяхатты усынатуғын мәмлекетлер рейтингинде усы жыл тек ғана Беларусь, Молдова ҳәм Абхазия, сондай-ақ, Ҳиндстан, Непал, Марокко. Индонезия, Танзания сыяқлы экзотикалық мәмлекетлер де орын ийеледи, деп хабар береди «Skyscanner».

Атап өтилиўинше, экспертлер отыз мәмлекет мысалында он төрт күнлик – еки адамлық саяхат, барыў-келиў авиабилет қәрежетлерин (Россия қалаларынан әмелге асырылатуғын авиапәрўазлар орташа баҳасынан келип шығылған) есаплап шыққан. Онда мийманхана ҳәм ижара үйде жасаў, кафе, ресторанларда аўқатланыў, транспорт және кеўилашар орынларға кететуғын қәрежетлер де есапқа алынған.

Демек, «Skyscanner» рейтингине бола, аз қәрежетли саяхатты усынатуғын мәмлекетлердиң биринши төртлигине Беларусь, Молдова, Абхазия ҳәм Грузия кирген. Экзотикалық жөнелислердеги аз қәрежетли саяхатлар бойынша болса Ҳиндстан жетекшилик етпекте.

Ҳиндстанға саяхат етиў Грузияға саяхат етиўден тек-ғана 32 долларға қымбат (бул мәмлекетке еки ҳәптелик саяхатқа орташа 1564 доллар кетиўи мүмкин). Сондай-ақ, аз қәрежетли саяхат рейтингине Вьетнам (1980 доллар) ҳәм Шри-Ланка (2072 доллар) кирген. Бул мәмлекетлерге саяхат етиў Хорватия ҳәм Грецияда мийман болыўға қарағанда арзанлаў. Индонезия (2201 доллар), Таиланд (2266 доллар), Тунис (2400 доллар) ҳәм Танзания (2704 доллар) да дизимнен орын алған.

 

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА