Сәршемби күни Хуан Гуайдо басшылығындағы Венесуэла оппозициясы ПДВСА мәмлекетлик нефть компаниясын қадағалаўды өз қолына алған.
Хуан Гуайдо Конгрессте шығып сөйлеген сөзинде: «ертеме-кешпе Мадуро конституция нызамларын бузғаны ушын суд алдында жуўап береди», деп атап өткен.
Көплеген Батыс мәмлекетлери нызамлы мәмлекет басшысы сыпатында Гуайдоны тән алған болса да, Мадуро елеге шекем мәмлекетлик мәкемелерди қадағалайды. Әлбетте Гуайдо өзиниң ўақытша ҳүкиметин дүзиўи ушын оған қаржы керек. Бул ушын болса мәмлекеттиң дәрамат келтиретуғын тараўларын басқарыўды өз қолына алыўы зәрүр.
ПДВСА басқарыўын қадағалаў ҳәм Венесуэланың баҳалы сырт ел активлерин басқарыў сыяқлы жеңилликлерди қолға киргизиўдиң бир ғана жолы бар, ол да болса Мадуроны ҳәкимияттан шығарып жибериў, деп қосымша етти Гуайдо.
ӨзА