«РИА Новости» киятырған 2019-жылы дүнья сахнасында күтилип атырған сиясий ҳәдийселердиң онлығын жәмледи. Олардың айырымлары менен таныстырамыз.

Агентликке бола, жаңа жылда Уллы Британия Европа Аўқамын тәрк етиўи, АҚШ Россия менен дүзилген орта ҳәм кем аралықлы ракеталарды жоқ етиў шәрнамасынан шығыўы, Сириядағы жағдайды сиясий тәртипке салыўда үлкен өзгерис болыўы, Аўғанстан менен «Талибан»ның тиккелей сөйлесиўлери сыяқлы сиясий ўақыялар үлкен итимал менен жүз бериўи мүмкин.

 

Хош бол Европа Аўқамы, Хош бол!

Мине еки жылдан берли, Уллы Британия Брюссель менен ЕАдан шығыў шәртлери бойынша сөйлесиўлер алып бармақта. Ҳәзирги процесс 2019-жылдың 29-мартында өзиниң кульминациясына шығады. Себеби бул сәнеде Лондон ЕАны рәсмий түрде тәрк етеди. Бирақ бул ўақытқа шекем «Брексит» қалай әмелге асыўы ҳәзирше түсиниксиз болып тур.

Ноябрь айында Британия ҳүкимети «Брексит» шәртлери бойынша ЕА менен келисим жойбарын тастыйықлады. Бул ҳүжжет пуқаралардың ҳуқықлары, қаржылай тәртипке салыў, өтиў дәўири, Ирландия шегарасы сыяқлы мәселелерди қамтып алған болып, ҳәммеси шешилгендей болған еди. Бирақ, машқалалар енди басланған көринеди.

Көплеген британиялылар Тереза Мэй  ҳүкиметин сөйлесиўлерде Брюсселге болысты, деп есапламақта. Нәтийжеде ҳүкиметке исенимсизлик билдирилди. Бул да жетпегендей көплеген ҳәмелдарлар ҳүкиметтен кетти, атап айтқанда «Брексит» мәселелери бойынша министр отставкаға шықты.

Бул жағдайда Британия ҳүкимети басшысы ЕА менен келисимди парламентке даўысқа қойыўды белгисиз мүддетке қалдырды. Мэйдиң ўәдесине бола, ол Еврокомиссияны «Брексит» шәртлерине айырым өзгерислер киргизиўге исендириўге ҳәрекет етеди. Бирақ, Брюссель келисим яки өзгериссиз қалатуғыны ямаса улыўма болмайтуғынын айқын түсиндирип қойды.

Ҳәзирги ўақытта Уллы Британияда «Брексит» бойынша жаңа референдум өткериўдиң тәрепдарлары күш топлаўға кирискен. Егер Британия парламенти ЕА менен келисимге даўыс бермесе, келеси жылы референдум және қайта шөлкемлестирилиўи ямаса «ЕАдан кескин шығыў» жүз бериўи мүмкин. Егер екинши ўақыя жүз берсе, Британия сиясий кризис ҳәм кескин финанслық жоғалтыўларға дус келетуғыны анық.

 

Қуралланыў бәйгиси басланды ма?

 

Глобаллық қәўипсизлик тараўында адамзатты не күтип атырғаны белгисиз. Бирақ. АҚШ пенен Россияның орта ҳәм аз аралықлы ракеталарды жоқ етиў бойынша шәртнамасының белгисиз келешеги глобаллық қәўипсизликке тәсир ететуғын тийкарғы унамсыз факторлардан бири болыўы мүмкин.

Бул ҳүжжет 1987-жылы қол қойылған болып, оның миннетлемелери шеңберинде тәреплерге орта ҳәм аз аралықлы баллистикалық, қанатлы ракеталар, олардың инфраструктураларын жоқ етиўи жүкленген. Келисим мүддетсиз характерге ийе, бирақ кейинги ўақытларда Москва ҳәм Вашингтон бирин-бири шәртнама қағыйдаларына әмел етпеўде айыпламақта.

Экспертлердиң пикиринше, егер шәртнаманы бузыў процесси ҳақыйқатында да басланса, 2019-жыл қуралланыўдың глобаллық түстеги жаңа бәйгисине есик ашады.

 

Сирия ушын узақ күтилген сиясий ҳәдийсе

 

2019-жылы Сириядағы жағдай сиясий жақтан тәртипке түсиўи күтилмекте. Яғный, жаңа жылдың басында Сирияда конституциялық комитеттиң биринши ушырасыўы болып өтеди. Бул бойынша кепиллик бериўши мәмлекетлер – Россия, Иран ҳәм Түркия 18-декабрьде Женевада БМШ Бас хаткериниң арнаўлы елшиси Стаффан Де Мистура менен келисимге еристи. Комиссияны қәлиплестириў процеси дерлик жуўмақланған, тек ғана оның қурамы бойынша ҳәр қыйлы пикирлерге ийе екени ушын, сөйлесиў жуўмақланбай тур.

 

«Талибан» фонындағы сайлаўшылар

2019-жылы Аўғанстан президентлигине сайлаўлар өткериледи. Бул ири сиясий илаж 20-апрельге белгиленген болып, басқа мүддетке қалдырылыўы мүмкин, деген шама да жоқ емес.

Аўғанстанның тийкарғы машқалаларынан бири – бул қарама-қарсылықлы тәреплердиң келисимге келмей атырғаны болып тур. Атап айтқанда, ҳүкимет тәрепинен «Талибан»ды келисимге келтиретуғын анық усыныслар еле ислеп шығылмаған. Олар менен тиккелей сөйлесиў орнатылмаған, терактлер, урыслар даўам етпекте.

Солай болса да, жуўмақланып атырған 2018-жыл Аўғанстан машқаласы бойынша анық шешимлерге келиўдеги салмақлы қәдемлер жылы сыпатында тарийхқа кирди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Аўғанстан мәселеси бойынша Ташкентте ири әнжуман өткерилди. Сондай-ақ, Москвадағы конференцияда «Талибан» ўәкиллери биринши мәрте қатнасып, Қабул делегациясы менен ушырасты.

Улыўма, сондай ўақыяларға тийкарланып кирип киятырған 2019-жылы Аўғанстан ҳүкимети менен «Талибан» арасында тиккелей сөйлесиўлер басланыўы мүмкин.

Малоҳат Ҳусанова,

ӨзА