Енди аттестация сораўларының қәнигелик пәнинен ямаса кәсиплик стандартлардан екенлигин анықлаў мүмкин

41

Енди аттестация сораўларының қәнигелик пәнинен ямаса кәсиплик стандартлардан екенлигин анықлаў мүмкин болады. Бул ҳаққында “Тәлим қадағалаўы” Telegram-каналы хабар берди.

Мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелериниң педагоглары ушын усы жылдың август-декабрь айларында өткерилетуғын маманлық категориясы сынақлары усы жылдың 21-октябрь күнинен баслап даўам етпекте.

Енди педагоглар тәжирийбе (тест) сынақларының биринши басқышында берилген 40 сораўдың қайсы бири қәнигелик пәнинен ҳәм қайсы бири кәсиплик стандартлардан екенлигин өз алдына талқылаўы мүмкин.

Буның ушын педагоглар жеке кабинетинен қәнигелик сынақ нәтийжеси баллары көрсетилген жердеги “Толық” түймесин басыўы керек болады.

– Төртмүйешлик формалар – қәнигелик пәнинен берилген сораўлар;

– Дөңгелек формалар – кәсиплик стандартлардан берилген сораўлар.

«@PedagogEduBot» арқалы болса педагоглар ушын аттестация алдынан бийпул диагностикалық тестлерди ислеп, ақшалай жеңиске ийе болыўыңыз мүмкин, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги