Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялар статистикасы

83

Мәмлекетимизде инвестиция сиясатын түпкиликли жетилистириў ҳәм әмелге асырыў барысында заманагөй, сапалы жантасыў ҳәм механизмлерди енгизиў, сондай-ақ инвестиция процесин жеделлестириў ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта. Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте.

– Инвестиция орталығы жақсыланғаны, зәрүр шараятлардың жаратылғаны нәтийжесинде 2025-жылдыӊ январь-сентябрь айларының жуўмағы менен республикамыздыӊ тийкарғы капиталын көбейтириўге 17612,8 млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 12850,4 млрд. сумды ямаса 1001,3 миллион АҚШ долларын қурады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы Саламат Мухаматдинов.

Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 5 699,5 млрд. сумы таў-кән санаатына, 3 978,6 млрд. сумы электр, газ бенен тәмийинлеўге, 1723,9 млрд. сумы қайта ислеў санаатына,
1 151,2 млрд. сумы тасыў ҳәм сақлаў ҳәм 1 111,0 млрд. сумы турақ жай қурылысы хызмет түрлерине жумсалған.

2025-жылдыӊ январь-сентябрь айларында улыўма майданы 669,2 мыӊ кв.м. болған 3 689 турақ жай питкерип тапсырылған. Соннан 307,3 мың кв.м.лик 1804 турақ жай аўыллық жерлерге туўра келеди.

Мәмлекетимизде халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў, ҳәрекеттеги өндиристи техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў,  стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў барысындағы актив инвестициялық сиясатты алып барыў илажлары нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги