«Нөкис қаласындағы “Жекетерек” мәҳәллесинде толық модернизацияланған ҳәм кеңейтилген суў тазалаў имаратын барып көрдик. Бул қурылма ишимлик суўының сапасын сезилерли дәрежеде жақсылаў имканиятын береди. Сондай-ақ, суў хожалығы, ишимлик ҳәм ақаба суў тараўларында әмелге асырылып атырған инновациялық жойбарлардың презентациясы менен де таныстық.
49

Халықтың саламатлығын қорғаў – бәрқулла комплексли қатнас жасаўды талап етеди ҳәм онда сапалы азық-аўқат, таза ҳаўа, таза суў әҳмийетли фактор есапланады. Жаңа суў тазалаў имараты 71 мәҳәллеге, яғный дерлик 350 мың халыққа ҳәм мектеп және емлеўхана сыяқлы социаллық тараў объектлерине таза суў жеткерип бериў имканиятын жаратады.

Жойбар Республикалық бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылып, өзбекстанлы инженерлер тәрепинен әмелге асырылды» – деп жазбақта С.Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги