АҚШтың Пенсильвания штатындағы Sethon Hill институтының Марк Эндюс басшылығындағы илимпазлары адам организмине шаўқымның қалай тәсир ететуғынлығын изертлеп, оның адам денсаўлығы ушын оғада зыянлы екенлигин анықлады.
Изертлеў барысында илимпазлар ҳәдден тыс шаўқым адамның ашыўын келтирип, психологиялық тормозланыўға ушырататуғынлығын анықлаған. Олар қәлеўшилердиң қатнасыўында тәжирийбе өткергенде, автомобиль магнитоласынан шыққан шаўқым артериялық басымды арттырып, ақыбетинде гипертониялық кризиске алып келетуғынлығын илимий жақтан дәлилледи. Илимпазлар шаўқымның нормасы 6 децибельден артып кеткен жағдайда адам денсаўлығына кери тәсир ететуғынлығын ескертпекте.
Сол себепли, денсаўлығыңызға жаман тәсир етпесин десеңиз шаўқымнан аўлақ болғаныңыз мақул.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.