«Санлы суд» концепциясы: Әдил судлаўдың жаңа басқышы

Соңғы жыллары Өзбекстанда суд-ҳуқық реформалары мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.
«Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде судлардың жумысында санластырыў процесслерине айрықша итибар қаратылмақта. Бул болса пуқаралардың судқа мүрәжат етиў имканиятларын кеңейтиў, әдил судлаўдың ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў, суд системасының ашықлығы ҳәм есап бериўин арттырыўға хызмет етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-августтағы ПП-140-санлы Пәрманы суд системасында санлы технологияларды енгизиўдиң жаңа басқышын баслап берди. Бул ҳүжжет тек ғана суд ислерин жүргизиўде қағаз түринен толық ўаз кешиўди емес, ал жасалма интеллект технологиялары арқалы «Санлы суд» концепциясын әмелге асырыўды да нәзерде тутады.
Пәрманда белгиленген ўазыйпалар миллий нызамшылықтағы принциплер менен үнлес. Атап айтқанда, Конституцияның 44-статьясында ҳәр бир шахстың судқа мүрәжат етиў ҳуқықы кепилленген. Усы көзқарастан, санлы технологиялар бул ҳуқықты әмелге асырыўда қолайлық ҳәм кең имканият жаратады.
Сондай-ақ, халықаралық ҳуқықтың әҳмийетли ҳүжжети – Инсан ҳуқықлары пүткил жер жүзилик Декларациясы (10-статья) да әдил судлаўға болған ҳуқықты тән алады. Демек, “Санлы суд” концепциясы арқалы Өзбекстан халықаралық стандартларға сәйкес бағдарда ҳәрекет етип атырғаны айқын көринеди.
«Санлы суд» концепциясы әмелге асырылғанда бир қатар ҳуқықый ҳәм әмелий абзаллықларға ерисиледи: Соның ишинде, жасалма интеллект арқалы болжаў – суд процесиниң шама менен нәтийжеси ҳәм суд қәрежетлери алдыннан есапланады. Бул пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлери ушын ҳуқықый қәўипти баҳалаў имканиятын береди.
Электрон мүрәжат ҳәм аралықтан қатнасыў – суд процесслеринде қатнасыўшылар суд имаратларына бармастан, онлайн тәризде қатнасады. Бул тек ғана ўақыт ҳәм қәрежетлерди үнемлеп қоймастан, ал суд процесслериниң ашық-айдынлығын да тәмийинлейди.Ҳүжжет айланысының ашық-айдынлығы – тәреплер ис материаллары менен электрон түрде танысыўы мүмкин. Бул судта айырым жағдайларда ушырасатуғын артықша тосқынлықларды сапластырады.
Автоматикалық процесслерде болса атқарыў қағазларының автомат түрде жиберилиўи, баянламалардың жасалма интеллект тәрепинен реал ўақытта таярланыўы арқалы инсан факторлары ҳәм қолайсызлықлар итималлығы азаяды.
Суд системасында санластырыўдың илимий әҳмийети соннан ибарат, ол «кибер ҳуқық» тараўында жаңа изертлеўлерди талап етеди. Суд процеслеринде жасалма интеллекттен пайдаланыў – классикалық процессуал ҳуқық нормаларын қайта көрип шығыўды талап етеди. Мәселен, жасалма интеллект арқалы таярланған протокол ямаса ҳүжжеттиң юридикалық күшке ийе екенлиги, электрон дәлиллерди баҳалаў тәртиби сыяқлы мәселелер өз алдына илимий изертлеўлерди талап етеди.
Әмелий жақтан болса, «Санлы суд» концепциясы судлардың нәтийжелилигин арттырып, экономикалық ҳәм пуқаралық айланыста ҳуқықый турақлылықты тәмийинлейди. Суд процесслериниң жедел ҳәм ашық-айдын өтиўи исбилерменлик орталығын жақсылаўға хызмет етеди.
«Санлы суд» концепциясының енгизилиўи – суд системасында жаңа дәўирди баслап береди. Енди суд ислери заманагөй технологиялар жәрдеминде тезирек, ашық-айдын ҳәм әпиўайы түрде әмелге асырылады. Пуқаралар ҳәм исбилерменлер судқа мүрәжат етиўде артықша әўерегершиликке дус келмей,. олар ушын қолайлы ҳәм исенимли шараят жаратылады.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, санлы технологиялар судты халыққа жақын, ашық ҳәм ҳақыйқый әдиллик қорғанына айландырады.
Полат Дошмуратов,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги