Сербия менен пайдалы бирге ислесиўде әҳмийетли қәдем

118

Өзбекстан елшиси (резиденциясы Будапешт қаласында жайласқан) Ойбек Шахавдинов Сербия мәлимлеме ҳәм телекоммуникациялар министри Борис Братина менен сөйлесиў өткерди, деп хабар береди “Дунё” МА хабаршысы.

«Сөйлесиўлер ўақтында Сербия тәрепи Өзбекстанның Санлы технологиялар министрлиги ҳәм басқа да тийисли структуралары менен узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екенин билдирди.

Сөйлесиў барысында мәлимлеме-коммуникация технологиялары, соның ишинде, санлы өнимлерди биргеликте ислеп шығыў ҳәм кейин ала үшинши мәмлекетлер базарларына шығыў бойынша бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирген ҳалда, өз-ара сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги