Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Жоқары қәнигели тренер кадрларды тартқан ҳалда қәбилетли жас шахматшыларды таярлаў, шахмат бойынша миллий сайланды команданың әмелдеги ағзалары менен турақлы байланысты тәмийинлеў, сондай-ақ, шахматты ақыл ҳәм пикирлеў процесин раўажландыратуғын спорт түри сыпатында және де ен жайдырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен Өзбекстан шахмат федерациясының:

мәжбүрий мектеп бағдарламалары шеңберинде қосымшаға муўапық 150 улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларын тәжирийбе сыпатында шахматқа оқытыўды шөлкемлестириў;

Шахмат бойынша Республикалық қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер мектебин Өзбекстан шахмат федерациясының қарамағына бериў;

2018-жыл 1-сентябрьден баслап мүлкшилик түрине қарамастан, барлық шахмат клублары және шахматқа оқытыў ҳәм шахматшылар таярлаўды әмелге асыратуғын басқа да спорт мәкемелери (кейинги орынларда шахмат клублары деп аталады) Өзбекстан шахмат федерациясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келискен ҳалда мәжбүрий аккредитациядан өткерилиў тәртибин белгилеў;

шахмат клублары тәрепинен өзлериниң жумыслары ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан шахмат федерациясына есабатлар усыныў механизмин енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан шахмат федерациясына Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келискен ҳалда бир ай мүддетте:

шахмат клубларын аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы режени;

республикадағы барлық улыўма орта билимлендириў мектеплеринде шахматқа оқытыўды басқышпа-басқыш қамтып алыў, жоқары қәнигели тренер кадрларды таярлаў, шахмат клублары ҳәм улыўма орта билимлендириў мектеплери шахмат классларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын;

шахмат клубларының жумысы ҳаққындағы есабатлар түрин тастыйықлаў усыныс етилсин.

  1. Шахмат бойынша Республикалық қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеби өз жумысын толық өзин-өзи қаржыландырыў тийкарында алып баратуғыны, хожалық ҳәм қаржылық жумыс мәселелерин еркин түрде шеше алатуғыны;

Шахмат бойынша Республикалық қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер мектебиниң жумысын қаржыландырыў оның өз қаржылары, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлық қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Өзбекстан шахмат федерациясы менен биргеликте 2018-жыл 20-августқа шекем улыўма орта билимлендириў мектеплеринде шахматқа оқытыў бойынша билимлендириў бағдарламаларын тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан шахмат федерациясы және басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

барлық шахмат клубларының паспортластырыўдан өткерилиўин тәмийинлесин;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республкасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 9-август