Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында (кейинги орынларда Ҳәрекетлер стратегиясы деп аталады) қабыл етилип атырған нызамлардың жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм суд-ҳуқық реформалары процессине тәсирин күшейтиўге бағдарланған нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан арттырыў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленген.
Соның менен бирге, белгиленген кең көлемли реформалардың табыслы әмелге асырылыўы белгили дәрежеде өткен жылларда қәлиплескен нызамшылық базасына, сондай-ақ, норма дөретиўшилиги процесиниң сапасына байланыслы.
Усы бағдарда орын алған кемшиликлер түрли тараўлардағы жәмийетлик қатнасықларды пытыраңқы ҳалда тәртипке салыў унамсыз әмелиятының даўам етиўине алып келмекте, бул болса ҳуқықый коллизиялардың, ҳуқықты қолланыўда ҳәр қыйлы таллаў ҳәм шийеленисиўлердиң жүзеге келиўине себеп болмақта.
Бүгинги күн жағдайы системалы машқалаларға жедел қатнас жасаўды талап етеди, олардың шешимлериниң жоқ екенлиги елимизде алып барылып атырған реформаларда сәўлеленбекте. Бирақ, усы бағдарда норма дөретиўшилиги қатнасы нызам ҳүжжетлериниң елимиз экономикасы тармақларына тәсирин баҳалаў зәрүрлигин есапқа алмай атыр ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин инабатқа ала отырып, пуқаралардың турмысын ҳәм абаданлығын жақсылаўға байланыслы ўазыйпаларға ерисиўди тәмийинлемей атыр.
Соның менен бирге, улыўмалық түрге ийе болған нызамлардың көплиги, сондай-ақ, оларды әмелге асырыўдың турақлы механизмисиз айырым қарарлардың қабыл етилиўи, улыўма мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына унамсыз тәсир етпекте, социаллық қатнасықларды тийкарынан нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәртипке салыўға алып келмекте.
Системаластырылған нызамшылық базасын қәлиплестириў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый жақтан тәмийинлениўин жетилистириў, сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из жүзеге шығарыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясын әмелге асырыў бойынша әмелий илажлардың режеси (кейинги орынларда – Әмелий илажлар режеси) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
нызамшылық базасын системаластырыў, жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў турақлылығын тәмийинлеў;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў процесслериниң сапасын арттырыў, сондай-ақ, олардың орынланыўы мониторингин жетилистириў;
норма дөретиўшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;
норма дөретиўшилигинде «ақыллы тәртипке салыў» моделиниң элементлерин қолланыў;
норма дөретиўшилиги жумысының институционаллық тийкарларын жетилистириў.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң төмендеги тәртипти белгилеў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:
мәмлекетлик уйымлар тәрепинен нызамларды, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў басламасына тек ғана усы уйымлардың көтерилип атырған мәселелерди ямаса машқалаларды нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған әмелдеги нормалар ҳәм ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалары арқалы шешиў ўәкиллиги болмаған жағдайда жол қойылады;
нызамларды, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларын қолланыў, олар күшке кирген ўақыттан баслап орынланыўын шөлкемлестириў бойынша қосымша ишки ведомстволық ҳүжжетлер қабыл етиўге байланыслы миннетлемелер жүкленбеген ҳалда әмелге асырылады;
нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў ўақтында оған, қағыйда ретинде, нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди жетилистириў, шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, нызам жойбарын кең көлемли тарқатыў ҳәм оның мазмун-мәниси менен әҳмийетин үгит-нәсиятлаў бойынша мәселелерди өз ишине алған нызам жойбарын әмелге асырыўға байланыслы илажлардың режесин қосымша етеди. Онда, илажлар режеси нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен бир ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары тәрепинен оның орынланыўы үстинен тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеген ҳалда тастыйықланады;
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларында олар қабыл етилгеннен кейин айырым илажларды ҳәм қадағалаў режелерин, сондай-ақ, «жол карталары»н қосымша тәризде тастыйықламағаны ҳалда анық тапсырмаларды ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлерин белгилейтуғын нормалар, мүддетлер ҳәм жуўапкер орынлаўшылар мәжбүрий түрде нәзерде тутылады;
жаңа ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти қабыл етиў уқсас қатнасықларды тәртипке салатуғын бирдей юридикалық күшке ийе ҳүжжетти бийкар етиў менен бир ўақытта ямаса оған усыныс етилетуғын өзгерислерди киргизиў арқалы, соның ишинде, оны жаңа редакцияда баян еткен ҳалда әмелге асырылыўы тийис.
- Төмендегилерге:
а) Өзбекстан Республикасының Олий Мажлиси палаталарына Министрлер Кабинети менен биргеликте үш ай мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын, сондай-ақ, оларға қосымша етилип атырған мәлимлеме-таллаў материалларын юридикалық-техникалық жақтан рәсмийлестириўдиң бирден-бир усылын ислеп шығыў;
б) Өзбекстан Республикасы Олий судына Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының қарарлары жойбарларын ислеп шығыў ҳәм юридикалық-техникалық тәрептен рәсмийлестириў ҳәм оларды мәпдар ведомстволар менен келисиў тәртибин тастыйықлаў;
Өзбекстан Республикасы Жоқары суды ҳәм алдын жумыс ислеп атырған Жоқары хожалық суды пленумының қарарларын хатлаўдан өткериў ҳәм оларды системаластырыў, нызамшылықтағы өзгерислерди, сондай-ақ, ҳуқықты қолланыў әмелиятында наанықлықларды бийкарлаўды тәмийинлеўин есапқа алған ҳалда оларды қайта тастыйықлаў бойынша илажлар режесин ислеп шығыў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2019-жыл 1-январьдан баслап төмендегилерди сапластырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң «Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлериниң топламы», «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының хабарнамасы», «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлар топламы» ҳәм «Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамаларының топламы»на жазылыў;
«Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлериниң топламы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының хабарнамасы», «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарларының топламы», «Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамаларының топламы»н оларды Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлериниң мағлыўматлары миллий базасына (www.Lex.uz) өткерген ҳалда басып шығарыў, оннан архивлерде, мәлимлеме-ресурс орайларында сақлаў ушын, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың талапларына бола таярланатуғын нусқалар буған кирмейди.
- Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясын әмелге асырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда -Комиссия) 3-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
- Комиссия (Н.Исмоилов):
а) Концепция ҳәм Әмелий илажлар режесин әмелге асырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын сапалы ислеп шығыўды ҳәм белгиленген тәртипте киргизиўди тәмийинлесин;
б) Концецияны әмелге асырыў шеңберинде пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, илимий топарлар ҳәм сырт ел экспертлерин кең тартқан ҳалда ушырасыўлар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм баспасөз конференцияларын шөлкемлестирсин;
в) бир ай мүддетте нызамшылық базасын толық хатлаўдан өткериў ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди төмендегилер тийкарында қайта көрип шығыў бойынша усыныслар киргизсин:
анық тараўлардағы қатнасықларды тәртипке салатуғын (сайлаў системасы, архитектура ҳәм қурылыс, билимлендириў, инвестициялар, исбилерменлик жумысы ҳәм басқалар) нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаластырыў;
әмелге асырылып атырған реформаларды мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапық ҳалда жәмийетлик қатнасықларды нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен әмелий ҳәм нәтийжели тәртипке салыў;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дәрежесинде беккемлеў талап етилетуғын жоқары юридикалық күшке ийе нормаларды белгилеў;
ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди мүмкиншилиги болғанынша қысқартыў;
улыўма түрдеги, ҳәрекетсиз ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына тәсир етпейтуғын нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў;
тийкарсыз шеклеўлер, артықша тәртип-қағыйдалар ҳәм ескирген тәртипке салыў механизмлериниң бар екенлиги;
г) еки ай мүддетте ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң нормаларын жоқары юридикалық күшке ийе болған нызам ҳүжжетлерине өткериў ҳәм «тәртипке салыў гильотинасы» усылын қолланыў арқалы қалған ҳүжжетлерди, соның ишинде, нызамшылықты системаластырыў шеңберинде ҳәр бир ведомствоның ўәкиллигин басқышпа-басқыш азайтыўды ҳәм бийкар етиўди нәзерде тутатуғын, олар тәрепинен қабыл етилип атырған ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң анық дизимин белгилеў бойынша усыныс киргизсин.
д) еки ай мүддетте нызамшылықты системаластырыў процесинде пайдаланыў мақсетинде халықаралық шөлкемлердиң усыныслары, көрип шығылыўы зәрүр болған халықаралық шәртнамалардың талаплары ҳәм мәжбүрий тәртипте әмел етилиўи керек болған ҳәм ҳуқықый базадан шығарып жиберилмейтуғын талаплар бойынша бирден-бир ғалабалық дизимниң қәлиплестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем төмендегилерди тәмийинлесин:
а) Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасын ислеп шығыў ҳәм сынақ түринде иске қосыў, онда:
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарын ислеп шығыў ҳәм келисиў процесин басқарыў ҳәм қадағалаў, соның ишинде, жуўапкер ведомстволар, басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен жойбарларға электрон көринистеги виза қойыўды әмелге асырыў;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын көрип шығыў ҳәм келисиў бойынша ведомстволараралық электрон бирге ислесиўди, сондай-ақ, оларды ислеп шығыў процесиниң мониторинг етилиўин тәмийинлеў;
жойбарларды жәмийетшилик ҳәм кәсиплик шеңберде додалаў, соның ишинде, пайда, қәрежет ҳәм күтилип атырған нәтийжелердиң таллаўын және олардан физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен миннетлемелерине, социаллық тараўға, исбилерменлик жумысына, қоршаған орталық жағдайына тәсирин, сондай-ақ, жүзеге келиў мүмкин болған ақыбетлерди баҳалаў имканиятын жаратыў;
б) Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасының системасын, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда модернизациялаў:
миллий нызамшылықтың атамалы мағлыўматнамасын жетилистириў;
силтемелер ямаса белгили бослықлардың бар екенлигин көрсетип берген силтемели нормаларға ийе болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматларды қосымша мәлимлеме сыпатында көрсетиў;
пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектиниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине тәсир ететуғын, сондай-ақ, сырт ел инвесторлары ушын үлкен әҳмийетке ийе нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң шет тиллерге рәсмий аўдармасын тәмийинлеў.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Нызам ҳүжжетлериниң тәсиршеңлигин баҳалаў системасы» порталының Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасының структуралық бөлеги сыпатында оған интеграцияласыўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Илимлер академиясы ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте илимий эксперт шеңберлериниң ўәкиллери, жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм илимий дәрежелер алыў ушын талабанлар тәрепинен илимий-таллаў жумыс тийкарында ислеп шығылған нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усынысларды өз ишине алған онлайн ғалаба хабар системасын жаратсын ҳәм оны турақлы түрде жаңалап барсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
Концепция ҳәм Әмелий илажлар режесин әмелге асырыў шеңберинде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ҳәм өз ўақтында таярланыўы, келисилиўи ҳәм киргизилиўи үстинен мониторинг өткериўин тәмийинлесин;
ҳәр айда Комиссияға мониторинг нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты Әмелий илажлар режесинде нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаўда жуўапкер уйымлар менен шөлкемлерге илимий-методикалық ҳәм мәлимлеме-таллаў жағынан көмеклессин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Комиссияға норма дөретиўшилиги тараўында алдынғы сырт еллердиң нызамшылығын ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын, зәрүр жағдайларда, сырт ел (халықаралық) шөлкемлердиң ўәкиллерин тартқан ҳалда үйрениўди шөлкемлестириўге көмеклессин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 8-август