Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, сиз, әзизлерди – Алмалық кән-металлургия комбинатының көпмиллетли татыў жәмәәтин Өзбекстан санаатының мақтанышы болған үлкен өндирислик комплекси шөлкемлестирлгениниң 75 жыллығы менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Өзиниң данқлы дәстүрлери менен дүнья көлеминде даңққа ерискен бул көп тармақлы комбинат сизлер сыяқлы жоқары тәжирийбели кәнши ҳәм қәнигелер, жумысшы ҳәм хызметкерлериниң пидайылық мийнети менен республикамыздың экономикалық қүдирети ҳәм халқымыз абаданлығын арттырыўға үлкен үлес қосып келмекте.

Мәмлекетимиз экономикасында бар шийки зат резервлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм жедел технологияларға тийкарланған миллий санаатты раўажландырыўдай әҳмийетли ўазыйпаны өтеў мақсетинде кейинги жыллары бул жерде кең көлемдеги модернизациялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул ҳаққында айтқанда, «Қалмаққыр», «Ангрен», «Чодак», «Хонжиза» майданлары ҳәм жаңа ашылған «Ёшлик – 1» кәниндеги шийки затты терең қайта ислейтуғын 6 кәрхана ҳәм 5 байытыў фабрикасы, мыс еритиў ҳәм рух заводлары ҳәм басқа ислеп шығарыў инфраструктуралары қурылғанын атап өтиўимиз лазым.

Әне усындай әҳмийетли өзгерислер себепли комбинат мыс ислеп шығарыў бойынша дүньядағы отыз ең үлкен комплекс қатарынан ылайықлы орын алғаны бәршемизди әлбетте қуўантады.

Бүгинги күнде бул жерде жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислейтуғын 3-мыс байытыў фабрикасы қурылысы жуўмағына жеткерилмекте. Жақында Алмалықта болып, сизлер менен биргеликте әне сондай қуўатқа ийе болатуғын 4-мыс байытыў фабрикасы қурылысын баслағанымыз та айырықша итибарға ылайық. Бул фабрикалар иске түсиўи менен комбинат бойынша жылына 160 миллион тонна шийки затты қайта ислеў имканияты пайда болады. Айтыў керек, бул – Өзбекстан санааты тарийхындағы үлкен нәтийже болып табылады.

Санааттың драйвер тараўларын раўажландырыў ҳәм аймақлар потенциалын толық иске салыўға қаратылған жедел ҳәм системалы жумысларымыз себепли комбинатта Ташкент ўәлаяты халқы ушын мыңлап жаңа жумыс орынлары жаратылыўы дыққатқа ылайық.

Әзиз заманласлар!

Биз тәбийғый байлықларды өзлестириў ушын үлкен инвестицияларды қосыў, ислеп шығарыў тараўында жоқары квалификациялы кадрлар таярлаў мәселесине әҳмийет берип атырмыз.

Сол мақсетте комбинат қурамында шөлкемлестирилген, дүньядағы жедел тәжирийбелер, атап айтқанда, дуал билимлендириў бағдарламаларына муўапық жумыс көрсетип атырған Инженерлик мектебине биз үлкен исеним менен қараймыз. Сондай-ақ, Алмалықтағы Ташкент мәмлекетлик техника университети ҳәм Москва полат ҳәм еритпелер институты филиаллары да бул бағдарда алдымизда турған ўазыйпаларды орынлаўға үлкен үлес қосып атырғанын атап өтиў керек. Биз бул жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық ҳәм оқыў-методикалық базасын беккемлеў жумысларын даўам еттиремиз.

Инсан қәдирин улығлаў, оның турмыслық мәплерин тәмийинлеў ушын комбинат жумысшы ҳәм хызметкерлериниң машақатлы мийнетин хошаметлеў, олардың жумыс ҳәм дем алыў шараятларын жақсылаўға үлкен итибар қаратылмақта. Алдымызда бул бағдардағы жумысларымыз әлбетте жаңа басқышға көтериледи.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги байрам мүнәсибети менен Ўатанымыздың жоқары сыйлықларына ийе болған комплекстиң бир топар жумысшы-хызметкерлерин шын жүректен қутлықлап, алдағы жумысларында жаңа табыслар тилеймен.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Глобал ислеп шығарыўдың әҳмийетли ҳәм ажыралмас буўынына айланған, күшли экономикаға ийе болған Жаңа Өзбекстан мәмлекетин қурыўда Алмалық кән-металлургия комбинаты сыяқлы жетекши санаат кәрханаларының үлкен орны ҳәм әҳмийетин беккемлеўде сизлерге жаңадан-жаңа жеңислер тилеймен.

Бәршемиз ушын қәдирли, данқлы тарийх ҳәм айдын келешекке ийе болған комбинат өмириндеги бүгинги қутлы сәне менен сизлерди және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, жумысларыңызда әўмет ҳәм табыс тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти