«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық: ер адамлар – 60 жасқа, ҳаял-қызлар – 55 жасқа толғанда ҳәм мийнет стажы кеминде 7 жыл болғанда толмаған жасқа байланыслы пенсия тайынланатуғыны белгилеп қойылған.

Пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы 4742-санлы қарарында өзин-өзи бәнт еткен шахслар өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында әмелде ислеп берилген ўақытқа қарамастан, базалық есаплаў муғдары суммасының 50 процентинен кем болмаған муғдарда социаллық салық төлейди, усы салық суммасы Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорында толық бағдарландырылады ҳәм соннан келип шыққан ҳалда, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын белгиленген тәртипте пенсияны есаплап шығыў ушын мийнет ҳақы муғдары анықланады.

Демек, пуқара 7 жыл даўамында ҳәр жылы Пенсия қорына өзин-өзи бәнт еткен пуқара сыпатында социаллық салық төлемин әмелге тасырған жағдайда, келешекте пенсия алыў ҳуқықына ийе болады.

Ҳәзирги күнде, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 745 000 сумды қурайды.

М.Турдалиева, А.Аҳмедов (видео),

ӨзА