Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстанда – Жаңа кәсиплик аўқамлары!” сүрени астында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Оған қала ҳәм районлардағы мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларының кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң хызметкерлери қатнасты.
Илажда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Жеңисбай Аяпов шығып сөйлеп, кәсиплик аўқамлары тәрепинен кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлерди, әсиресе, жасларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер, жумыс ислеўшилердиң мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.
Илаж даўамында кәсиплик аўқамлары белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар бирлескен комитеттиң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Байрам илажында қатнасыўшылар дастурхан әтирапында өз-ара сәўбетлесип, пикир алысып, тәжирийбе алмасыў мүмкиншилигине ийе болды.
Байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги