Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов Нөкис қаласында көшпели қабыллаў өткерди.
Қабыллаў даўамында сырт еллерге стажировкаға жибериў, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, студентлердиң оқыўын көшириў ҳәм қайта тиклеў, студентлер әмелияты ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў бойынша мүрәжатлар болды. Сондай-ақ, магистратура тәлими, электрон платформалар (HEMIS) жумысы, илимий-инновациялық ҳәм стартап жойбарлар менен байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатшыларға қәнигелер қатнасыўында жуўап берилди.
Көшпели қабыллаў нәтийжесинде 19 мүрәжат орнында унамлы шешилди. Қалған 28 мәселе бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырма берилип, оларды шешиў бойынша анық илажлар белгиленди.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги