Нөкис инновациялық институты қаржы кафедрасының басламасы менен 10-ноябрь – Халықаралық бухгалтерлер күнинен бағышлап «Заманагөй бухгалтерияда заманагөй кадрлар» темасында студент-жаслар арасында жарыс шөлкемлестирилди.
Илажда институттың оқыў жумыслары бойынша проректоры Ш.Мадраҳимов, финанс кафедрасының баслығы, профессор А.Мусагалиев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады. Жарыс алдынан бир қатар сырт еллер жоқары билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, соның ишинде, Молдова техника университети, Россия Федерациясы ҳүкимети жанындағы Финанс университети, Қырғыз-өзбек халықаралық университети, Түркменстан мәмлекетлик қаржы институтының ўәкиллери «зоом» бағдарламасы арқалы өзлериниң қызғын тилеклерин билдирди.
Жарыста институттың финанс ҳәм финанслық технологиялар, бухгалтерия есабы ҳәм аудит, экономика бағдарлары студент-жаслары қатнасып, 3 басқыш бойынша өз-ара беллести.
Жарыстың жуўмағында биринши орында финанс ҳәм финанслық технологиялар бағдары 3-курс студентлери, екинши орынды бул бағдардың 1-курс студентлери, үшинши орынды бухгалтерия есабы ҳәм аудит бағдары 3-курс студентлери еристи.
Жарыста жеңиске ерискен командалар естелик саўғалары ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Д.Абибуллаев, М.Ҳабибуллеав (сүўрет),
Қарақалпақстан хабар агентлиги