Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары, районлық сайлаў комиссиясының ағзалары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем баслықлары, нураныйлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияниң күн тәртибинде дәслеп Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў мәселеси көрип шығылды ҳәм депутатлардың даўыс бериў жолы арқалы сиясий партиялардың топарлары дизимге алынды.
Буннан соң Халық депутатлары Тақыятас районы Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Режесин тастыйықлаў усынысы билдирилди ҳәм бул Реже депутатлардың мақуллаўы менен тастыйықланды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Тақыятас районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы бийлиги оқып еситтирилди.
Бул мәселе бойынша сессия қатнасыўшыларының пикирлери тыңланып, депутатлар тәрепинен даўысқа қойылды ҳәм Камилжан Айтбаев Тақыятас районы ҳәкими лаўазымына сайланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары сайлаўын 11-ноябрь күни өткериў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилген. Усы мүнәсибет пенен сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери Қоспа мәжилисиниң Мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселеси көрип шығылды.
Мәсләҳәт Кеңеси ағзалығына Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесинен талабан етип 16-“Бәҳәр” сайлаў округинен депутат Жийенғалий Утемуратов усынылды.
Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып, депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги