Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты Миллий изертлеў университети Бухара тәбийғый ресурсларды басқарыў институтының профессор-оқытыўшылары, илимпазлары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев Қарақалпақстандағы суўғарыў системасы ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип, усы бағдарда илимий-изертлеўлер алып барылыўы керек болған мәселелер, соның менен бирге, суў хожалығы мәкемелерин қәнигелер менен тәмийинлеў мәселелери туўралы өз-ара пикир алмасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги менен Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты Миллий изертлеў университети Бухара тәбийғый ресурсларды басқарыў институты арасында бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойылды.

– Барлық тараўлар сыяқлы суў хожалығына да заманагөй басқарыў системасы, жаңаша суўғарыў усыллары кирип келмекте. Биз Меморандумда бурыннан ислеп атырған кадрлардың маманлығын арттырыў, қайта таярлаў курсларын шөлкемлестириўди де нәзерде тутып атырмыз,-дейди Бухара тәбийғый ресурсларды басқарыў институтының ректоры, профессор Ш.Имомов. – Мине, бүгин Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри менен суў хожалығы тараўында ҳәм өндирис процесинде жүзеге келип атырған машқалалардың илимий тийкарланған ҳалда шешимин табыў, соған байланыслы қарақалпақстанлы илимпазлар менен биргеликте конференциялар, семинарлар, оқыў-тренинг ҳәм әмелий оқыўлар өткериўге келисип алдық. Бүгин қол қойылған Меморандум алдымызға қойған үлкен мақсетлеримиздиң дәслепки қәдеми болады.

Тоғыз статьядан ибарат болған Меморандумда суў хожалығы тараўындағы жетик кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў және билимлерин жетилистириў, олардың сапалы билим алыўы ушын теориялық билимлерин әмелиятта жетилистириў, суў хожалығы тараўында ҳәм өндирис процесинде жүзеге келип атырған машқалаларды илимий тийкарланған ҳалда шешимин табыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиў нәзерде тутылған.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги