Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми қәнигелери дүньядағы ең аянышлы жуқпалы кеселликтиң атын мәлим етти. Атап өтилиўинше, COVID-19 рекордын туберкулёз кеселлиги жаңалады.
Есабат авторлары 2023-жыл ушын 193 мәмлекет мағлыўматларын анализ етти. Нәтийжелер усыны көрсетти, 1,25 миллион адам туберкулёз кеселлигинен, 320 мың адам болса коронавирустан қайтыс болған.
2023-жылы 10,8 миллион адам туберкулёз кеселлигине шалынған, бул бир жыл алдынғыдан (10,7 миллион) бираз көп. Бул көрсеткиштиң 56 проценти бес мәмлекетке дурыс келеди. Соның ишинде, Ҳиндстан, Индонезия, Қытай, Филиппин ҳәм Пакистан.
Туберкулёз кеселлиги Mycobacterium tuberculosis патоген бактериясынан келип шығады. Оны 85 процент жағдайларда емлеў мүмкин. Бирақ, емленбеў 50 процент жағдайға шекем өлимге алып келиўи мүмкин.
«2030-жылға шекем туберкулёз кеселлиги эпидемиясын сапластырыў ушын жедел илажлар көриў керек», дейди экспертлер.
Есабатта, сондай-ақ, дүньяда туберкулёз кеселлигинен өлимлер саны аз-аздан азайып баратырғаны атап өтилген.
Ҳәзирги ўақытта алты жаңа вакцинаның 3-басқыш клиникалық сынақлары даўам етпекте. ЖДСШ веб-сайтының хебер бериўинше, бес жыл ишинде емлеў бойынша жаңа көрсетпелер яки дәрилер жәрияланыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги