Президентимиздиң басламасы менен мǝмлекетимизде ишки туризмди раўажландырыўға қаратылып атырған итибардың нǝтийжесинде пуқаралар елимиздиң тарийхый, мǝдений ҳǝм дыққатқа ылайықлы орынлары менен жақыннан танысыў мүмкиншилигине ийе болмақта.

 Республикамыздың аймағында бундай орынлар жүдǝ көп. Итибарлы тǝрепи сонда, соңғы жыллары ишки туризмниң жөнелислери көбейип, саяхатқа шығыўшы жерлеслеримиздиң саны да артып бармақта.    «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети  Қарақалпақстан аймақлық филиалы басшылары ҳǝм кǝсиплик аўқамы комитети тǝрепинен хызметкерлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўге үлкен итибар қаратылып атырған болып, жǝмǝǝт ағзалары усы жылдың өзинде көплеген орынларға саяхатқа шықты. Өткен дем алыс күнлери болса филиалдың бир топар нураныйлары ушын Тахтакөпир районында жайласқан Қаратерең туристлик комплексине саяхат шөлкемлестирилди.

Жақында ғана пайдаланыўға тапсырылған бул орын Бөршитаў етегинде жайласқан болып, узақ жыллардан бери халқымыздың пайызлы дем алатуғын орынларының биринен есапланады. Бирақ, тилекке қарсы, өзиниң бийтǝкирар тǝбиятына ийе көлдиң жағаларында мǝдениятлы дем алыс орынлары болмай келди. Жаңа комплексте болса саяхатқа келиўшилер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Филиал хызметкерлери бул жердеги шараятлар менен жақыннан танысып, көлдиң тǝбиятынан ҳǝм әтирапының гөззаллығынан үлкен тǝсирлер алды. Филиал хызметкерлери ушын бундай саяхатлар турақлы түрде шөлкемлестирилип турылыўы режелестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.