Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өткен жылларда елимизде денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың бирден-бир системасын жаратыў, медицинаның жеке секторын раўажландырыў, халыққа медициналық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм саламат әўладты қәлиплестириў ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, усы тараўда денсаўлықты сақлаўды нәтийжели реформалаўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:

бириншиден, елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегияның жоқлығы ақыбетинде усы тараўдағы реформалар толық болмаған түрде әмелге асырылмақта, бул болса халыққа медициналық хызмет көрсетиў нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў имканиятын бермей атыр;

екиншиден, республиканың денсаўлықты сақлаў системасын реформалаўда денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың сырт еллерде қолланылып атырған табыслы тәжирийбеси ҳәм анық инновациялық модельлери керекли дәрежеде есапқа алынбай атырғанлығы тараўға инвестицияларды тартыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятын бермей атыр;

үшиншиден, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери, бәринен бурын, республиканың жеке меншик денсаўлықты сақлаў системасы шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң кәсиплик маманлығын арттырыў ҳәм зәрүр дәрежеде сақлаў, олардың көнликпелериниң заманагөй талапларға муўапықлығы үстинен тәсиршең мониторинг системасы енгизилмеген;

төртиншиден, жеке меншик секторды раўажландырыў ушын шараятларды жақсылаў арқалы мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаўға қәрежетлерди оптималластырыўға, сондай-ақ, жеке меншик медицина шөлкемлерин бюджет қаржыларының есабынан қаржыландырып атырған дәслепки медициналық жәрдем көрсетиў системасына интеграциялаўға жетерлише итибар қаратылмай атыр;

бесиншиден, клиникалық протоколлар ҳәм медициналық стандартлардың  толық емеслиги, сондай-ақ, инновациялық қолланбалардан ҳәм технологиялардан пайдаланыў дәрежесиниң төменлиги халыққа медициналық жәрдемди шөлкемлестириўге заманагөй усылларды ҳәм қатнасларды енгизиў имканиятын бермей атыр;

алтыншыдан, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ҳаққында ҳақыйқый мағлыўматлар, сондай-ақ, исенимли медицина статистикасының бирден-бир базасы қәлиплестирилмегенлиги денсаўлықты сақлаў системасының жағдайын мүнәсип баҳалаў ҳәм бар машқалаларды шешиў бойынша нәтийжели илажларды ислеп шығыў имканиятын бермей атыр;

жетиншиден, шешилмеген машқала ҳәм кемшиликлердиң сақланып қалып атырғанлығы жәмийетте медицина хызметкерлериниң имиджине ҳәм  абырайына унамсыз тәсир етпекте, бул кәсиптиң абырайын ҳәм елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасына болған исенимин төменлетпекте.

Халыққа медициналық хызмет көрсетиўди түп-тийкарынан жақсылаў, республикамыздың денсаўлықты сақлаў тараўын басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, тараўға сырт ел инвестицияларын белсене тартыў, улыўма тән алынған халықаралық стандартларды ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасында денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиўдиң стратегиялық мақсетлери етип белгиленсин:

улыўма тән алынған халықаралық методикаларға муўапық анықланатуғын елимиз халқының саламатлығы көрсеткишлериниң турақлы жақсыланыўын ҳәм денсаўлықты сақлаў системасынан қанаатланыўшылық дәрежесин тәмийинлеў;

дәслепки басқышта регионда халыққа медициналық хызмет көрсетиў нәтийжелилиги бойынша жетекши орынларды ҳәм кейин ала денсаўлықты сақлаў системасы нәтийжелилигиниң дүнья рейтинглеринде мүнәсип орынды ийелеў;

халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдем көлеминде жеке меншик сектор үлесин салмақлы дәрежеде көбейтиў, усы хызметтиң сапасын ҳәм оннан пайдаланыў имканиятларын арттырыў;

миллий экономиканың бюджетти қәлиплестиретуғын тармағы сыпатында медициналық туризмди қәлиплестириў, кейин ала оның мәмлекет жалпы ишки өнимине үлесин избе-из арттырып барыў;

республикалық медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери, соның ишинде, басқарыў кадрларына халықаралық стандартларға муўапық үзликсиз билим бериў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдың заманагөй системасын жаратыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы (кейинги орынларда Миллий палата деп аталады) шөлкемлестирилсин, төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

республикалық денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў стратегиясын, алдынғы халықаралық стандартлар ҳәм жер жүзиндеги ең жақсы әмелиятты есапқа ала отырып, денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

заманагөй клиникалық қолланбалар менен протоколлар, диагностика ҳәм емлеў сапасына байланыслы стандартлар, сондай-ақ, материаллық-техникалық тәмийинлеў стандартларын ислеп шығыўды шөлкемлестириў, олардың өз ўақтында енгизилиўин мониторинг етиў;

зәрүр статистикалық мәлимлеме менен тәмийинлеў мақсетинде медицина статистикасын топлаў ҳәм таллаў системасын жетилистириў ҳәм санластырыў, сондай-ақ, статистикалық көрсеткишлерди манипуляциялаў имканиятын бийкарлайтуғын халықаралық стандартларды ҳәм методикаларды енгизиў;

республика шыпакерлерин ҳәм провизорларын дизимге алыў системасын енгизиў. сондай-ақ, улыўма пайдаланыў ушын ашық болған бирден-бир электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;

халықаралық стандартларға жуўап беретуғын денсаўлықты сақлаў инфраструктурасын жаратыўға, соның ишинде, медицина ҳәм фармацевтика шөлкемлерин заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ушын финанслық қәрежетлер тартыўға. сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында жаңа шөлкемлерди шөлкемлестириўге көмеклесиў;

медицина хызметкерлериниң абырайын, усы кәсиптиң мәртебесин ҳәм елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасына болған исенимин арттырыў, медицина хызметкерлерине әдеп-икрамлылық қағыйдаларын сиңдириў, коррупция көринислерин сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў, сондай-ақ, олардың кәсиплик жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў илажларын көриў;

медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлық дәрежеси, сондай-ақ, олардың көнликпелериниң заманагөй талапларға ҳәм дүньяның ең жақсы әмелиятына муўапықлығы үстинен, соның ишинде, олардың жумысын жеке тәртипте лициензиялаўды енгизиў арқалы тәсиршең мониторинг системасын жолға қойыў;

медицина хызметкерлерин таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў, усы тараўға заманагөй стандартларды енгизиў, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўындағы жоқары қәнигели сырт ел экспертлерин ҳәм қәнигелерди елимизге белсене тартыў, елимиз қәнигелери менен экспертлериниң сырт елде стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў;

елимиз медицина шөлкемлериниң бул бағдардағы жумысын ҳәм дүньяның ең жақсы әмелиятын терең үйрениў тийкарында шыпакер (медициналық) қәтелери, кеселликлерди надурыс диагностикалаў ҳәм емлеў жағдайларын азайтыўдың тәсиршең механизмлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

елимиздиң денсаўлықты сақлаўды басқарыў системасына, соның ишинде, медициналық шөлкемлердиң жумысын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў мәселелеринде сырт елдиң ең жақсы әмелиятын бейимлестирген түрде енгизиў, сондай-ақ, пуқараларды медициналық қамсызландырыўды енгизиўдиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жаратыў;

жеке меншик бәринен бурын, тиккелей сырт ел инвестицияларын белсене тартыў, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаўдың жеке меншик системасын жедел раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў ҳәм елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасына енгизиў;

сырт ел (халықаралық) медицина ҳәм басқа да шөлкемлери менен денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, респубилкамыздың денсаўлықты сақлаў системасына грантларды, кредитлерди, донорлық ҳәм басқа да қаржыларды тартыў мақсетинде ушырасыўлар, пикирлесиўлер ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын мониторинг етиў және қадағалаў;

потенциаллы инвесторларға, әсиресе, сырт ел инвесторларына республиканың жеке меншик денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў ушын инвестиция киргизиў мәселелери бойынша мәлимлеме, мәсләҳәт, ҳуқықый ҳәм басқа да түрлерине, соның ишинде, бизнес-режелер ислеп шығыў ҳәм усыныс етилип атырған жойбарларды әмелге асырыўды қаржыландырыў дәреклерин тартыў арқалы ҳәр тәреплеме жәрдем бериў.

  1. Миллий палата:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Жәмийет саламатлығын ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илимий-изертлеў институты ҳәм оның аймақлық бөлимлери негизинде оларды қаржыландырыўдың әмелдеги тәртиби сақланып қалынған ҳалда шөлкемлестирилетуғыны ҳәм олардың ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхор болып есапланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өз структуралық бөлимлерине ийе болатуғыны, олардың структуралары ҳәм режеси Миллий палатаның баслығы тәрепинен тастыйықланатуғыны;

республикамыздың медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин бирлестиретуғын, республикамызда денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў, соның ишинде, усы қарарадың 1-бәнтинде белгиленген стратегиялық мақсетлерге ерисиўди тәмийинлеў ушын жуўапкер шөлкем болып есапланатуғыны;

денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў тараўында ҳәм ўәкиллигине киргизилген басқа да мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, медицина ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесетуғыны;

Өзбекстан Республикасында денсаўлықты сақлаўды басқарыў системасын реформалаў стратегиясын ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда денсаўлықты сақлаў тараўындағы сырт ел (халықаралық) шөлкемлери менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасына грантларды, кредитлерди, донорлық ҳәм басқа да қаржыларды тартыў ҳәм олардың мақсетли және нәтийжели жумсалыўы үстинен мониторингти ҳәм қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша ўәкилликли шөлкем болып есапланатуғыны;

медицина, фармацевтика ҳәм басқа да шөлкемлердиң шөлкемлестириўшиси сыпатында қатнасыў, денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша төлемли-контракт тийкарында хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў ҳуқықына ийе екенлиги;

2020-жыл 31-декабрьге шекем республикада кәсиплик жумысты әмелге асырып атырған шыпакерлер менен провизорларды дизимге алыў системасын енгизиўди, сондай-ақ, олар ҳаққында улыўма пайдаланыў ушын ашық болған бирден-бир электрон мағлыўматлар базасын жаратыўды тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.

2021-жыл 1-январьдан шыпакерлер менен провизорлардың Миллий палатада дизимнен өтпестен жумыс жүргизиўи қадаған етилетуғыны белгиленсин.

  1. Миллий палата жанында төмендегилер шөлкемлестирилсин:

а) Өзбекстан Республикасында Денсаўлықты сақлаўдың инновациялық моделин енгизиў бойынша мәсләҳәт кеңеси (кейинги орынларда – Кеңес).

Кеңеске Миллий палатаның баслығы басшылық ететуғыны ҳәм оның қурамы денсаўлықты сақлаў тараўындағы шөлкемлердиң басшылары ҳәм қәнигелери арасынан қәлиплестирилетуғыны;

Кеңес денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў тараўындағы жумысты муўапықластырыў бойынша Миллий палатаның коллегиалық мәсләҳәт уйымы болып есапланатуғыны;

Кеңес қурамы Миллий палатаның баслығы тәрепинен тастыйықланатуғыны белгилеп қойылсын.

б) юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда, қаржылары коммерциялық банктеги арнаўлы, соның ишинде, валюта есап-бетинде топланатуғын Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаўды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор).

Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары;

шыпакерлер менен провизорларды дизимге алыўды әмелге асырыўдан, сондай-ақ, олардың жумысын лицензиялаўдан түсетуғын қаржылар;

шәртнама тийкарында хызмет көрсетиў ҳәм басқа да хожалық жумысын әмелге асырыўдан түсимлер;

Қордың ўақтынша бос қаржыларын банклерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

халықаралық қаржы институтларының ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

қайырқомлық етиўшилер – физикалық ҳәм юридикалық шахслар, Өзбекстан Республикасы резидентлериниң ҳәм резидент емеслердиң қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Қордың қаржылары, соның ишинде, төмендегилерге бағдарланатуғыны:

Миллий палатаны сақлаў, оның жумысын материаллық-техникалық тәмийинлеў ҳәм хызметкерлерин материаллық хошаметлейтуғыны;

халықаралық стандартларға муўапық алдынғы медицина ҳәм фармацевтика шөлкемлерин шөлкемлестиретуғыны, сондай-ақ, оларды заманагөй үскенелер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинлейтуғыны;

заманагөй клиникалық қолланбалар менен протоколлар, диагностика ҳәм емлеў сапасына байланыслы стандартлар, медицина шөлкемлерин материаллық-техникалық тәмийинлеў стандартларын ислеп шығыўды ҳәм енгизиўди шөлкемлестиретуғыны;

республикамыздың медицина ҳәм фармацевтика шөлкемлериниң имаратларын, қурылмаларын ҳәм басқа да инфраструктурасын қурыў, оларды заманагөй үскенелер менен, соның ишинде, лизинг шәртлеринде тәмийинлеўге қайтарыў шәрти менен ҳәм жеңиллетилген тийкарда қаржы ажырататуғыны;

медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин сырт елде таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, оқытыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды республикамызда шөлкемлестириў ушын сырт ел қәнигелерин тартыў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландыратуғыны;

республика шыпакерлери менен провизорлары ҳаққында улыўма пайдаланыў ушын ашық болған бирден-бир электрон базасын жарататуғыны, сондай-ақ, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизетуғыны;

денсаўлықты сақлаў тараўында қайырқомлық жумысын әмелге асыратуғыны;

Миллий палатаға жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға қаратылған басқа да илажларды қаржыландыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Миллий палата 2018-жылдың ақырына шекем Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Жәмийет саламатлығын ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илимий-изертлеў институты ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин аттестациядан өткерсин ҳәм Миллий палатаны жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен толықтырыўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Миллий палатаға 2018-жылы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Жәмийет саламатлығын ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илимий-изертлеў институтын ҳәм оның аймақлық бөлимлерин сақлаў ушын нәзерде тутылған қаржылардың ажыратылыўын ҳәм кейинги жыллары қаржылар көлемлериниң сақлап қалынатуғынын;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў тараўын басқарыў системасын реформалаў шеңберинде Миллий палатаның тийкарланған есап-санақлары бойынша жетекши сырт ел шөлкемлери, соның ишинде, “GMC Service International Ltd” (Уллы Британия) шөлкеми ўәкиллериниң экспорт көмегин тартыўға байланыслы қәрежетлердиң қаржыландырылыўын тәмийинлесин.

  1. Миллий палатаға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын баслық басшылық ететуғыны;

Миллий палатаның баслығы мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына бола министрдиң биринши орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Миллий палатаның баслығы Миллий палата баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын биринши орынбасар ҳәм еки  орынбасарға ийе екенлиги;

Миллий палатаның баслығы халықаралық қаржы институтлары, сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң қаржыларын тартыўды нәзерде тутатуғын келисим ҳәм басқа да ҳүжжетлерге, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша инвестициялық келисимлерге орнатылған тәртипте қол қойыў ҳуқықына ийе екенлиги;

Миллий палатаның жумысы Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқық қорғаў жумысын муўапықластырыў хызмети ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, денетәрбия, спорт ҳәм туризм мәселелери комплекси тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

денсаўлықты сақлаў мәселелерине байланыслы ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Миллий палатада экспертизадан өткерилиўи шәрт екенлиги;

Қор қаржыларын қәлиплестириў ҳәм жумсаў, сондай-ақ, Миллий палата ҳәм оның бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў шәртлери Кеңес тәрепинен белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының жумысын шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.

  1. Миллий палатаның баслығына:

зәрүр жағдайларда Миллий палатаның структурасына белгиленген хызметкерлер саны шеңберинде өзгерис киргизиў;

жүкленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлер, соның ишинде, сырт ел шөлкемлериниң қәнигелерин, сондай-ақ, басқа да экспертлерди мәсләҳәтши сыпатында шәртнама тийкарында тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа – Миллий палатаның Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм шөлкемлер менен нәтийжели өз-ара бирге ислесиўи тәмийинлениўи, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаўдың инновациялық моделин енгизиў бойынша илажлардың сапалы әмелге асырылыўы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатылыўы;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шодмоновқа – Миллий палата ҳәм басқа да мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўди денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў мақсетинде илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Миллий палата мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте Миллий палата ҳаққындағы режени тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин.
  2. Миллий палата 2022-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:

бирден-бир социаллық төлемнен тысқары барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалардан;

орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша республикамызда ислеп шығарылмайтуғын үскенелер, компьютер техникасы, оқытыўдың техникалық қураллары, әдебиятлар, мультимедиа өнимлери, қурылыс материаллары, инвентарь ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслар ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқық қорғаў жумысын муўапықластырыў хызмети 2018-жылдың жуўмақлары менен Миллий палата жумысының нәтийжелилигин үйренсин ҳәм 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте оның жумысын бунан былай да жетилистириў, сондай-ақ, шыпакерлер менен провизорлардың жумысын жеке тәртипте лициензиялаў системасын енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Миллий палатаның буйыртпаларына бола усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылып атырған сырт ел қәнигелерине, соның ишинде, халықаралық экспертлерге белгиленген тәртипте кириў визаларының консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миллий палатаның буйыртпаларына бола усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылып атырған сырт ел қәнигелерине, соның ишинде, халықаралық экспертлерге белгиленген тәртипте мәмлекетлик бажы өндирилместен көп мәртели кириў визалары берилиўин (мүддетиниң созылыўын), сондай-ақ, олардың ўақтынша жасаў орынларында ўақтынша пропискаға қойылыўы ҳәм ўақтынша прописка мүддетиниң созылыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Миллий палатаның буйыртпаларына бола белгиленген тәртипте республикамызға сырт ел қәнигелерин, соның ишинде, халықаралық экспертлерди тартыўға рухсатнамалар берилиўин (мүддетиниң созылыўын), сондай-ақ, усы сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықына тастыйықлаўлар берилиўин (мүддетиниң созылыўын) тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Миллий палатаны белгиленген тәртипте ҳүкимет ҳәм қала байланысы менен тәмийинлесин.
  6. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте миллий палатаның жайластырылыўын тәмийинлесин.
  7. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Миллий палатаға 6, соның ишинде, 4 жеке, 1 жоқары өтиў қәбилетине ийе болған ҳәм 1 нәўбетши автотранспорт қуралын сатып алыўға ҳәм сақлаўға лимит ажыратсын.
  8. Миллий палата Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 2-август