Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Елимизде тиккелей инвестицияларды тартыў ушын ең қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў мақсетинде экономиканы либералластырыў, мәмлекетлик басқарыўды реформалаў, исбилерменлик субъектлериниң жумысына араласыўды шеклеў, лицензиялаў ҳәм рухсат бериўдиң тәртип-қағыйдаларын қысқартыў ҳәм жеңиллетиў, товарлар (жумыслар ҳәм хызметлер)дан еркин пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларда зәрүр инфраструктураны жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылғанын атап өтиў керек.

Салық жүгин азайтыў ҳәм инвесторлар ушын салыққа тартыў системасын жеңиллетиў, саламат бәсеки орталығын қоллап-қуўатлаўға қаратылған салық сиясаты ҳәм бажыхана-тариф жағынан тәртипке салыў реформалары жедел пәтлер менен әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, инвесторлар менен ислесиўде, әсиресе, орынларда, инвесторлардың басламалары барлық дәрежедеги ҳәкимлер тәрепинен зәрүр дәрежеде қоллап-қуўатланбайтуғыны, бул бағдарда министрликлер ҳәм ведомстволардың жумысы анық муўапықластырылмағаны менен байланыслы бюрократлық тосқынлықлар менен шеклеўлер еле де бар екени қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў бойынша мәмлекетлик сиясаттың избе-излигине болған исенимниң беккемлениўине тосқынлық етпекте.

Елимизде инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў, тиккелей инвестицияларды тартыўды хошаметлеў, инвесторлардың бул бағдардағы мәмлекетлик сиясаттың избе-излигине болған исенимин беккемлеў ҳәм инвесторлар менен ислесиўде мәмлекетлик структуралардың жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде:

  1. 2018-жыл 1-августтан сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

инсаплы жумыс алып барған инвесторға ҳәм исбилерменлик субъектине мәмлекетлик уйым (лаўазымлы шахс) тәрепинен оларға қабыл етилген админстративлик ҳүжжетттиң нызамлы күшине исениўи себепли келип шыққан мүлкий зыянның орны қапланады, егер де бул ҳүжжеттиң нызамлы күшине исенип мүлктен пайдаланған, келисим дүзген ямаса усынылған абзаллықлар менен үстинликлерден басқаша тәризде пайдаланылған және бул ҳүжжет кейин ала ҳақыйқый емес деп табылған ямаса бийкар етилген болса;

мәмлекетлик уйым (лаўазымлы шахс)ның админстртивлик ҳүжжетин бийкар етиў ямаса өзгертиў мәселеси, егер ол инсаплы инвестордың ҳәм исбилерменлик субъектиниң нызамлы мәплерине байланыслы болса, суд тәртибинде көрип шығылады, оның сақлап қалыныўы жәмийетлик мәплерге қәўип туўдырып атырған жағдайлар буған кирмейди.

  1. 2018-жыл 1-сентябрьден:

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын жер участкаларын алып қойыў ҳаққында қарар қабыл етиўге тек ғана жер участкасы алып қойылыўы режелестирилип атырған мәпдар шахслар менен ашық сөйлесиў өткерилгенинен, сондай-ақ, пайда ҳәм қәрежетлер баҳаланғаннан кейин жол қойылатуғыны;

жер участкаларын алып қойыўда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған турақ жай ҳәм өндирис имаратлары, басқа да объектлер ҳәм имаратлардың бузылыўына көшпес мүлктиң базар баҳасы ҳәм алып қойыў себепли мүлк ийесине жеткерилген зыянның орны толық қапланғаннан кейин рухсат берилетуғыны;

физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик уйым (лаўазымлы шахс)ның нызамсыз админстративлик ҳүжжети қабыл етилиўи ақыбетинде келтирилген зыян мәмлекет тәрепинен, биринши гезекте, тийисли уйымлардың бюджеттен тыс қаржылары есабынан қапланатуғыны, кейин ала айыпкер шахстан регресс тәртибинде өндирип алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын жер участкаларын алып қойыўға тек ғана төмендеги мақсетлерге жол қойылатуғыны белгилеп қойылсын:

қорғаныў ҳәм мәмлекетлик қәўипсизлик, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың зәрүрликлери, еркин экономикалық зоналарды шөлкемлестириў ҳәм олардың жумыс алып барыўы ушын жерлерди бериў;

халықаралық шәртнамалардан келип шығатуғын миннетлемелерди орынлаў;

пайдалы қазылмалар кәнлерин анықлаў ҳәм қазып шығарыў;

автомобиль ҳәм темир жоллар, аэропортлар, аэродромлар, аэронавигация объектлери ҳәм авиатехника орайлары, темир жол транспорты объектлери, көпирлер, метрополитенлер, тоннеллер, энергетика системасы объектлери ҳәм электр жеткерип бериў тармақлары, байланыс тармақлары, космослық жумыс объектлери, магистрал қубырлар, инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў (реконструкциялаў);

елатлы пунктлердиң бас режелерин Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан объектлер қурыў бөлегинде орынлаў, сондай-ақ, нызамлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти қарарларында тиккелей нәзерде  тутылған басқа да жағдайларда.

  1. 2018-жыл 1-октябрьден инвестициялық жумысты әмелге асырыў ушын жер участкаларын бериўдиң төмендеги жаңа механизмлери енгизилсин:

аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкасын 50 жылға шекемги мүддетке, бирақ арзада көрсетилгеннен кем болмаған мүддетке инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын узақ мүддетли ижараға бериў;

көшпес мүлк объектлерин (мийманханалар, саўда объектлери, мәдений кеўил ашар комплекслер, турмыслық хызмет көрсетиў объектлери, билимлендириў ҳәм медицина шөлкемлери, жол инфраструктурасы ҳәм басқалар) қурыў ушын жер участкаларына турақлы ийелик етиў ҳуқықын аукцион арқалы сатыў.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте район (қала) ҳәкимлерине шет ел инвестициясы қатнасындағы кәрханаларына аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкасын 50 жылға шекемги мүддетке, бирақ арзада көрсетилгеннен кем болмаған мүддетке инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын узақ мүддетли ижараға бериў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўәкилликлер шеңберинде ҳәм тәртипте 10 миллион АҚШ долларынан көп болмаған эквивалентте шет ел инвестициясының үлеси болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда шет ел инвесторлары менен инвестициялық шәртнамаларды дүзиў;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине улыўма майданы 2000 квадрат метрден артық, бирақ 5000 квадрат метрден көп болмаған, пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин (Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-июньдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыўдың тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3067-санлы қарарының 1-ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген объектлер буған кирмейди) инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын сатыў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрилиги, Экономика министрлиги және Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

сырт ел инвестицияларының қатнасындағы кәрханалардың устав фондындағы сырт ел инвестициялары үлесиниң ең кем муғдарын 30 проценттен 15 процентке шекем азайтыў;

сырт ел инвестицияларының қатнасындағы кәрхананың қатнасыўшысы сыпатында сырт елли юридикалық шахс қатнасыўы шәрт екени ҳаққындағы талапты бийкар етиў;

сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханалар устав фондының ең кем муғдарын 600 миллион сумнан 400 миллион сумға шекем кемейтиў;

сырт ел инвестицияларының қатнасындағы кәрханаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын мәмлекетлик бажы муғдарын үш есеге кемейтиў;

акционерлик жәмийетлери устав фондының ең кем муғдарын 400 миллион сум муғдарында белгилеў;

мийўе-овощ өнимлерине экспорт контрактларын «Өзагроэкспорт» АЖ тәрепинен жәрияланған баҳалардан төмен болмаған баҳалар бойынша дүзиў, сондай-ақ, мийўе-овощ өнимлериниң экспорт контарактын дүзбей «Өзагроэкспорт» АЖ рәсмий веб-сайтында көрсетилген баҳалардан төмен болмаған баҳалар бойынша инвойс тийкарында бажыхана рәсмийлестирилиўинен өткериў тәртибин бийкар етиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмурадов:

ўәкилликли уйымлардан ҳәр бириниң ҳуқықларынан келип шыққан ҳалда олардың сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша өз-ара муўапықластырылған жумысын тәмийинлесин;

министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, саўда-экономикалық мәселелер бойынша мәсләҳәтшилердиң бул тараўдағы тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын баҳалаған ҳалда мәмлекетлик инвестициялық сиясаттың әмелге асырылыўы ҳаққындағы айлық есабатларын тыңлаўларын, соның ишинде, информация-коммуникация технологияларының имканиятларын қолланған ҳалда өткерсин;

сырт ел инвесторларын елимиздиң экономикалық потенциалы, бизнес жүргизиў ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен кеңнен хабардар етиў мақсетинде халықаралық конференциялар, семинарлар, ири инвестициялық форумларды шөлкемлестириў арқалы сырт ел инвестицияларын тартыўды кеңейтсин.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети комплеслери, министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларына – инвестициялық орталықты раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарлардың нәтийжели әмелге асырылыўы, сырт ел инвесторларына зәрүр жәрдем көрсетилиўи, инвестициялық буйыртпалар сапалы ҳәм тез көрип шығылыўы, инвестициялық буйыртпалар бойынша тәртип-қағыйдалар өткерилиўи, сондай-ақ, социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм инвестициялық жумыс тараўындағы машқалалы мәселелердиң шешилиўи;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – сырт елли инвесторларға барлық зәрүр жәрдем көрсетилиўи, инвесторлар менен тиккелей ҳәм ашық-айдын сөйлесиўди орнатыў арқалы инвестициялық буйыртпалардың жедел көрип шығылыўы, инвесторлардың системалы түрде жеке өзи қабыл етилиўи, тийисли инфраструктураның тәмийинлениўи, жер участкалары ажыратылыўы, рухсат бериўши ҳүжжетлердиң берилиўи, инвестициялық буйыртпалар бойынша келисиўдиң тәртип-қағыйдаларының өз ўақтында әмелге асырылыўы, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың системалы мониторинг етилиўи;

Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине – жумыс ислемей турған ямаса қурылысы жуўмақланбаған объектлер, нәтийжесиз пайдаланылып атырған өндирислик объектлер және жер майданларының оларда тиккелей инвестициялар қатнасындағы инвестициялық жойбарларды орналастырыў ушын пуқта хатлаўдан өткерилиўи;

«Өзбекэнерго» АЖ баслығы, «Өзтрансгаз» АЖ баслығы, Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине –инвесторлардың өндирислик объектлериниң қурылысы ҳәм олардың сыртқы инфраструктураға жалғаныўы, инвесторлардың өндирислик зәрүрликлерге муўапық электр энергиясы, тәбийғый газ, суў менен үзликсиз және сыртқы канализация тармақлары менен тәмийинлениўи;

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығына – инвесторларға республика аймақларына инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда мәсләҳәт жәрдеминиң көрсетилиўи бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Инвестиция киргизиў ўақтында Өзбекстан Республикасында орнатылған ең кем айлық мийнет ҳақының 8500 есесинен кем болмаған муғдарда хожалық жәмийетлериниң акцияларын ҳәм үлеслерин сатып алыў, сондай-ақ, сырт ел кәрханасын шөлкемлестириў тәризинде Өзбекстан Республикасына инвестиция киргизген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға көп мәртелик үш жыллық виза алыў ҳәм оның әмел етиў мүддетин Өзбекстан Республикасы аймағынан шығыў зәрүрлигисиз шекленбеген муғдарда создырыў ҳуқықы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги елимиз экономикасының әҳмийетли тараўларына үлкен муғдарда инвестиция киргизген сырт ел пуқараларына «Ҳүрметли пуқара» статусын бериў тәртибин енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер ҳәм ведомстволардың басшыларына Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте инвестиция киргизиў ушын ең қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған, инвестициялық жумыс тараўындағы унификация етилген нызам ҳүжжети жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, бойсыныўына қарамастан, барлық дәрежедеги мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен инвесторлардың ҳуқықлары менен кепилликлерин қорғаў бойынша әмелдеги нызам ҳүжжетлерине сөзсиз әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын және нызам ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыў ҳәм айыпкер лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў бойынша тәсиршең илажлар көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте:

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Экономика министрлиги және басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди инвестициялық жумысты әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған ямаса оны шийеленистирип атырған нормалар менен қағыйдаларды анықлаў көзқарасынан толық хатлаўдан өткерип, оларды сапластырыў илажларын көрсин.

  1. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 1-август