27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары сайлаўы халықаралық нормалар ҳәм стандартларға ҳәм миллий сайлаў нызамшылығымыз, онда белгиленген ашықлық, жәриялылық ҳәм әдиллик сыяқлы демократиялық принциплерге толық сәйкес түрде, көтериңки руўхта өтти.
Усы жылы жаңаланған Конституция ҳәм миллий сайлаў нызамшылығына бола, мәмлекетимиз тарийхында биринши рет парламент сайлаўы аралас- мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында шөлкемлестирилди. Елимиздиң барлық аймақларында парламент ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары сайлаўы белсендилик пенен басланып, 11 мың 28 сайлаў участкаларында пуқаралар өзиниң пуқаралық ўазыйпасын әмелге асырды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 40 сырт мәмлекеттеги дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелери жанындағы 57 сайлаў участкасында сырт елдеги ўатанласларымыз сайлаў ҳуқықынан пайдаланды.
Быйылғы жылы сайлаўда Сайлаў процесин басқарыўдың автоматласқан системасындағы сайлаўшылардың электрон дизимине мәмлекетимиздеги 19 миллион 944 мың 859 сайлаўшы киргизилген. Буннан тысқары, сырт еллердеги сайлаўшыларымыз 165 мың 631 қурады.
«Мениң таңлаўым- абат Ўатаным!» сүрени астында өткен сайлаўларда мәмлекетимизде жумыс ислеп атырған бес сайлаў партиясы- Исбилерменлер ҳәрекети –Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Экологиялық партия, Халық демократиялық партиясы, «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен көрсетилген талабанлар бәсекиге киристи. Өзбектан тарийхында биринши рет сиясий партиялар тәрепинен барлық дәрежедеги депутатлық орынларға 100 процент талабанлар көрсетилди. Соның ишинде, Нызамшылық палатасына жәми 875, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине жәми 3 мың 625, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине жәми 24 мың 850 талабан көрсетилди.
Быйылғы сайлаўда “E-saylov” мәлимлеме системасы иске қосылғаны оғада әҳмийетли болды. Бул система арқалы сиясий партиялар талабанлардың нызамшылық талапларына сай екенлиги бойынша сайлаў комиссиялары менен оператив ислесиў имканиятына ийе болды. Жаңа система пуқаралар ушын да сайлаўға байланыслы мәлимлемелерди алыўда көплеген қолайлықлар жаратты ҳәм сайлаўға таярлық процеси өзиниң абзаллығын толық көрсетти.
16-23-октябрь күнлери болып өткен мүддетинен алдын даўыс бериў процесинде мәмлекетимиз аймағында 1 миллион 15 мың 948, сырт елде болса 132 мың 667 сайлаўшы даўыс берди.
Мәмлекетимиз тарийхында биринши рет Ташкент қаласындағы айырым сайлаў участкаларында электрон даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәжирийбе тийкарында енгизилди. Сондай-ақ, сайлаў процесин реал ўақыт режиминде (онлайн) видео-транслация етиў мақсетинде мәмлекетимиздиң район ҳәм қалалары аймағындағы тийисли техникалық талапларға муўапық болған сайлаў участкаларында видеокамералар орнатылды.
Елимизде жаңа система тийкарында болып өткен сайлаўды бақлаўда 850 ден аслам сырт ел ҳәм халықаралық бақлаўшы қатнасты. Сондай-ақ, сиясий партиялардан 55 мың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан 10 мыңнан аслам бақлаўшы сайлаўды тиккелей бақлап барды. Жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының аккредациядан өткерилген мыңнан аслам ўәкили елимиздеги усы әҳмийетли процессти белсендилик пенен кеңнен сәўлелендирди.
Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында комиссия баслығы менен орынбасары ҳәм министрлик пенен уйымлардың ўәкиллери қатнасыўында брифинглер шөлкемлестирилип, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм халықаралық бақлаўшыларға сайлаў процесиниң барысы ҳаққында мағлыўматлар берди.
Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Баҳром Қучқоровтың қатнасыўында болып өткен брифингте саат 17:00 жағдайына республикадағы жәми сайлаўшылардың 14 миллион 264 мың 994и, яки 71,52 проценти даўыс бериўде қатнасқаны атап өтилди. Нызамшылыққа бола, жәми сайлаўшылардың 33 проценти даўыс бериўде қатнасқан болса, сайлаў өткен деп есапланады. Бул санлар мәмлекетимизде сайлаў өткен деп есаплаўға тийкар болады.
Сайлаўдың жуўмақлаўшы нәтийжелери 2024-жыл 28-октябрь күни жәрияланады.
ӨзА