Сайлаў келешегимиз тийкары. Буны бүгинги сайлаўда даўыс берип атырған сайлаўшылар ҳәрекетинен де билиўимизге болады. Әмиўдәрья районындағы сайлаў участкаларында сиясий партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлар ушын сайлаў процесси қызғын даўам етпекте.

Районда жәми  114836 пуқара сайлаўда қатнасыў ушын дизимнен өткен болып, олар  64 сайлаў участкаларында даўыс бермекте. Сондай-ақ, 1455 сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс берген.  Сайлаў комиссиясы ағзалары көшпели қутыларды алып қариялар, имканияты шекленген пуқаралар ҳәм майыплығы бар пуқаралардың шаңарақларына барып олардың даўыс бериўи ушын сайлаў блютенлерин толтырыў ислерине қатнаспақта.


 

Қарақалпақстан хабар агентлиги