Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы барлық емлеў мәкемелеринде емленип атырған наўқасларға сайлаўға қатнасып, өзлери танлаған талабанларға даўыс бериў имканияты жаратылды.
-Сайлаўға бара алмайтуғын кекселер, ҳәрекетлениўи шекленген инсанлар, наўқасланып емлеўханада жатырғанларға конституциялық ҳуқықларынан биймәлел пайдаланыў имканиятлары жаратылғаны сиясий ҳәм миллий мәденияттан дәрек береди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хаткери Гүлзар Қазақбаева.-Елимзде бүгинги сайлаўдың ашық-айдын өтиўи ушын барлық имканиятлардың жаратылғанлығы буның айқын дәлийли десек алжаспаған боламыз.
Ҳәзирги ўақытлары сайлаў процесси шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы