Мәмлекетимизде болып өтип атырған сайлаў процесслеринде 18 жасқа толған жаслар биринши мәрте даўыс берип атырған болса, бүгин өмири даўамында бир неше сиясий сайлаўларда өз даўысы менен қатнасқан жасы үлкенлерде көпшиликти қурайды.
Солардың қатарында быйыл 100 жасты қарсылап атырған Хожели районындағы Тынышлық МПЖ турғыны Салима апа Дәўлетиярова да бар. Ол райондағы 512-санлы сайлаў участасынан даўыс бермекте. Сайлаў комиссиясы ағзалары көшпели қутыларды алып оның шаңарағына барып сайлаў блютенлерин толтыртып қайтты. Елимимиздиң тынышлығын, халқымыздың аманлығын тилеп ақ пәтиясын берген теберик жасы үлкен апамыз өзи мүнәсип көрген талабан ҳәм сиясий партия ушын даўыс берди.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги