Өз тәғдирине, ўатанымыздың келешегине бийпәрўа болмаған ҳәр бир пуқара бүгин өткерилип атырған сайлаўларға ҳәр қашанғыдан да белсене қатнасақта.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў ушын болып өтип атырған сиясий процесске Шоманай районы турғынлары да белсене қатнасып, өзлери мүнәсип деп тапқан талабанларға ҳәм сиясий партияларға даўыс бермекте.

Районда 20 сайлаў участкасы шөлкемлестирилген болып, 23661 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте.

Сайлаў участкаларында биринши мәрте сайлаўға келген жаслар да белсене қатнасып, естелик саўғалары менен сыйлықланбақта.

– Мен сайлаўға быйыл биринши мәрте қатнасып атырман. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқыйман. Даўыс бериў ҳуқықымнан пайдаланыў ушын районға келип сайлаўға қатнастым ҳәм мүнәсип деп тапқан талабанға даўыс бердим,-дейди С.Мақсетбаев.

Орынларда депутатларды сайлаў қызғын даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги