Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында ОСК баслығының орынбасары Б.Қучқоровтың қатнасыўында гезектеги брифинг болып өтти. Онда сайлаў процесслериниң барысы бойынша мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўында даўыс бериў процеси қызғын руўхта даўам етпекте.
Соның ишинде, 13:00 жағдайына Қарақалпқстан Республикасында сайлаўшылардың 42,87 проценти, Әндижан ўәлаятында 48,12 проценти, Бухара ўәлаятында 44,01 проценти, Жиззақ ўәлаятында 53,41 проценти, Наўайы ўәлаятында 46,83 проценти, Наманган ўәлаятында 48,67 проценти, Самарқанд ўәлаятында 50,55 проценти,Сырдәрья ўәлаятында 50,23 проценти, Сурхандәрья ўәлаятында 46,59 проценти, Ташкент ўәлаятында 45,52 проценти, Ферғана ўәлаятында 51,24 проценти, Хорем ўәлаятында 48,88 проценти, Қашқадәрья ўәлаятында 49,17 проценти, Ташкент қаласында 41,09 проценти даўыс бериўде қатнасты.
Жәми сайлаўшылардың 9 миллион 498 мың яки 47,62 проценти даўыс бериўде қатнасты.
Нызамшылыққа бола, жәми сайлаўшылардың 33 проценти даўыс бериўде қатнасса, сайлаў өткен деп есапланады. Усы санлардан келип шығылса, мәмлекетимиздеги бүгинги сайлаў өткен деп есаплаўға тийкар болады.
ӨзА