Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў Нөкис қаласындағы 19-санлы сайлаў участкасында да шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
Бул жерде Дослық мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жәми 2198 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте.
– Сайлаў участкамызда депутатлыққа талабанларға ҳәм сиясий партияларға даўыс бериўи ушын барлық имканиятлар жаратылды,-дейди учаскалық сайлаў комиссиясының баслығы Г.Тәженова. – Усы күнге шекем 83 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди.
Көрип турғанымыздай, аймақ турғынлары сайлаўға белсене қатнаспақта. Сайлаўшылардан 27 жас биринши мәрте даўыс бериўшилер болып, ҳәзирги ўақытқа шекем олардың да бесеўи даўыс берди. Биринши мәрте даўыс бергенлерге ҳәм жасы үлкен сайлаўшыларға естелик саўғалар тапсырып атырмыз. Сондай-ақ, имканияты шекленген, наўқаслығы ямаса басқа да себеплер менен үйинен шыға алмайтуғын пуқаралардан ҳәзирги ўақытта 63 мүрәжат келип түсти. Бул ушын дүзилген арнаўлы көшпели топар орынларға шығып олардың да даўыс бериўи ушын имканият жаратылмақта.
– Мен Ташкент қаласында оқып атырман. Нөкиске үйге келип едим. Даўыс бериў ҳуқықымнан пайдаланып, достым менен бирге сайлаў участкасына келип, өзим қәлеген талабанлар менен сиясий партияға даўыс бердим,-дейди аймақ турғыны Ш.Қудайбергенова.
Орынларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў илажлары қызғын даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги