Елимизде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўын халықаралық бақлаўшылар, халықаралық ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тиккелей бақлап бармақта.
Ташкент қаласындағы сайлаў участкаларында болып, процессти бақлап атырған «Беларусь сегодня» баспа үйиниң арнаўлы ўәкили Анастасия Целюк пенен сәўбетлестик.
– Бүгин сайлаў процесслери басланғаннан кейин төрт сайлаў участкасында болдым,-деди А.Целюк. -Барлық сайлаў участкаларында халық көп, олардың даўыс бериў процесслерин көплеген жергиликли ҳәм халықаралық бақлаўшылар тиккелей бақлап бармақта. Яғный, сайлаў ашық-айдынлық тийкарында өтпекте. Адамлардың кейпияты жоқары дәрежеде, сайлаўға тек ғана жуўапкершилик пенен емес, ал байрам сыяқлы қатнаста болынбақта. Халықтың жоқары дәрежедеги белсендилигине ҳәўес еттим, буннан өрнек алсақ арзыйды. Улыўма айтқанда, Өзбекстанда сайлаў демократиялық талаплар тийкарында өтпекте.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет) ӨзА