Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында Руўхый-ағартыўшылық сааты болып өтти.
Илажға Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң бас қәнигеси Н.Шынназарова ҳәм «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы, доцент Қ.Мәмбетовлар қатнасты.
Илаж даўамында Н.Шынназаров ҳәм Қ.Мәмбетовлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жасларға жаратылған шараятлар, олардың турмысындағы унамлы өзгерислер ҳәмде Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына қаратып атырған айрықша итибары ҳаққында кеңнен түсиник жумысларын алып барды.
Илаж соңында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «Жаңа Мойнақ» атамасындағы китаплар топламын Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасына саўға ретинде тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги