Хабарыңиз бар, елимизде бир неше жыллардан берли “Жасыл мәкан” акциясы шөлкемлестирилип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң барлық факультетлеринде де усы жойбар шеңберинде кең көлемли илажлар алып барылмақта.
Бул жойбардың тийкарғы мақсети қоршаған орталықты қорғаў, әтирапымыздағы жасыл майданларды кеңейтиў болып есапланады.
Жойбар шеңберинде университеттиң Шымбай факультети де ҳәр қыйлы саяманлы терек нәллерин отырғызыў бағдарындағы гүзги жумысларды баслап жиберди. Факультеттиң Дене мәденияты, Қурылыс ҳәм Биология факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери тәрепинен белгиленген орынларда абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, саяманлы терек нәллери егилди.
“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары айрықша әҳмийетке ийе болып, саламат турмыс тәризин және де жақсылаў, ҳаўаның тазарыўына хызмет етеди. Университет жәмәәти бул жойбарда қатнасыў арқалы тәбиятты қорғаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў жолында мүнәсип үлес қосыўды даўам етпекте.
Арыўхан Нуратдинова,
Хатира Турсынгалиева,
ҚМУ, Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери
Қарақалпақстан хабар агентлиги