26-октябрь күни Ташкент қаласында «Жаңа Орайлық Азия: глобал трансформация дәўириндеги қәўип-қәтер ҳәм имканиятлар» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Орайлық Азия халықаралық институты, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети ҳәм Германияның Фридрих Эберт атындағы қоры менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.

Әнжуманда Орайлық Азия, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери, сондай-ақ, Қытай, Ҳиндстан, Түркия, Пакистан, Малайзия сыяқлы мәмлекетлердиң жетекши аналитикалық орайларының басшылары, жетекши экспертлери – жәми 25 мәмлекет ўәкили, 40  тан аслам сырт ел делегаты қатнасады.

Күн тәртибинен регионаллық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы, қатнасықларды және де раўажландырыў перспективасын додалаў, бул бағдардағы алдыңғы сырт ел тәжирийбесин таллаў, Орайлық Азияның заманагөй дүнья байланыслары системасындағы орны, сондай-ақ, регион мәдений-цивилизациялық мийрасының еки ҳәм көп тәреплеме сөйлесиў ҳәм исенимди беккемлеўдеги әҳмийети ҳаққында пикир алысыў орын алған.

ӨзА