Елимизде исбилерменлик жумысын әмелге асырыў яки пуқаралардың турмыслық талапларын қанаатландырыў мақсетинде қолайлы мүмкиншиликлер жаратылған. Ҳәр ким қәлеген буйымды сатып алып пайдаланыўы, исбилерменлар болса жумысын және де кеңейтиўи мүмкин.

Ҳәзирги күнде кредит шөлкемлери тәрепинен қәлеген турмыслық яки баска буйым шәртнама тийкарында жеткерилип берилмекте. Кредит алыўшы пуқаралардың жыллық дәраматлары жетерли муғдарда болмаса, онда басқа бир шахстың кепил болыўы талап етиледи.

Айырым пуқаралар яки исбилерменлик субъектлери кепилликтиң жуўапкершилигин сезбеген ҳалда  кепиллик шәртнамаларын қол қойып, тастыйықлап атыр. Бул болса өз гезегинде кредит алыўшы менен кепил арасында даў, тартыс келтирип шығарып, кепилдиң жуўапкершилиги пайда болмақта.

Кепиллик дегенимиз не? Кепиллик – үшинши шахстың басқа шахс кредиторы алдындағы усы шахстың кредит шәртнамасынан келип шығатуғын миннетлемелери бойынша толық ямаса жарым-жарты жуўапкер болыў миннетлемеси болып есапланады.

Кепиллик шәртнамасы басқа шахстың кредиторы ҳәм кепил арасында дүзиледи. Кепиллик шәртнамасы бойынша миннетлемениң мазмуны қарыздар тийкарғы миннетлемени орынламаған ямаса зәрүр дәрежеде орынламағанда кепилдиң қарыздар менен бирге кредитор алдында жуўап бериў миннетлемеси болып табылады.

Кепиллик өз алдына шәртнама менен рәсмийлестирилиўи, сондай-ақ, кепиллик ҳаққындағы шәртлер олар менен қайсы шәртнама миннетлемелери тәмийинленип атырған болса, сол шәртнмаға киргизилиўи мүмкин. Бундай жағдайда шәртнамаға кредитор, қарыздар ҳәм кепил тәрепинен қол қойылады.

Нызамға муўапық, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки зәрүр дәрежеде орынламаған жағдайда  кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса.

Егер, кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен теңдей көлемде жуўап береди. Атап айтқанда, процентлер, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығымларын ҳәм қарыздар миннетлемени орынламағанлығы ямаса зәрүр дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зыянларды төлейди.

Кредитор тәрепинен даўа бир ўақыттың өзинде кепил ҳәм қарыздарға, қарыздар тәрепинен тийкарғы миннетлеме орынламағанлығына байланыслы усыныс етилип, солидар жуўапкершилик ҳаққындағы қағыйдаларды қолланыў зәрүр  болған жағдайларда, бундай жуўапкершилик тек кепил яки тек қарыздарға жүклениўи мүмкин емес. Кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап бериўи керек.

Кепил кредитордың талапларына қарсы өзиниң наразылығын билдириўге ҳақылы. Кепилдиң наразылық билдириў мүмкиншиликлери тек қарыздардың тийкарғы миннетлемелери бойынша билдириўи мүмкин болған наразылықлар шеңберинде шекленеди (Пуқаралық Кодексиниң  294-статьясы). Кепилдиң көрсетилген кредитор талапларына қарсы наразылықларға болған ҳуқықы қарыздардың тийкарғы миннетлеме бойынша қарызды тән алғанлығы яки кредитор талапларына қарсы қандай болса да наразылықлардан ўаз кешиў жағдайлары менен жоғалмайды (Пуқаралық Кодексиниң  294-статьясы, биринши бөлими).

Пуқаралық Кодексиниң 295-статьясы, биринши бөлимине муўапык, егер нызамда яки кепил менен қарыздар арасында дүзилген шәртнамада басқаша тәртип белгиленбесе, миннетлемени орынлаған кепилге кредитордың усы миннетлеме бойынша ҳуқықлары ҳәм гиреўге алыўшы сыпатында кредиторға тийисли болған хуқықлар кепил кредитордың талабын қанша көлемде қанаатландырған болса, сонша көлемде өтеди. Кепил кредиторға төленген суммаға процентлер төлеўди ҳәм қарыздар ушын жуўапкершилик мүнәсибети менен көрген басқа зыянларды төлеўди қарыздардан талап етиўге ҳакылы.

Егер, тийкарғы миннетлемени орынлаў мүддети көрсетилмеген ҳәм белгилениўи мүмкин болмаған яки  талап етип алыў пайыты менен белгиленген болса, кредитор кепиллик шәртнамасы дүзилген күннен баслап бир жыл ишинде кепилге даўа қозғатпаған жағдайда  кепиллик бийкарланады.  (Пуқаралық Кодексиниң 298-статьясы).

Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир шәртнама бул миннетлеме. Кепиллик шәртнамасын қол койыўдан алдын соңынан жүзеге келиўи мүмкин болған жуўапкершиликти пуқта ойлап, шәртнама дүзилиўи мақсетке муўапық болады. Өйткени, шәртнама тәреплердиң ықтыярлы келисими тийкарында дүзиледи.

  Н. Таиров, Пуқаралық ислери бойынша

 Беруний районлараралық судының  судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги