Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте кәмбағал шаңарақларға дийқаншылық ҳәм бағшылық ушын 50 мың гектар жер ажыратыў илажлары көрип шығылды.
Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм ҳәкимликлерге және қосымша 50 мың гектар жер табыў, солардың негизинде 200 мың шаңарақты дәраматлы етип, кәмбағаллықтан шығарыў бойынша есап-санақларды әмелге асырыў тапсырылды.
Сўх, Бахмал, Поп, Аҳангарон районларында санаатласқан «ин-витро» бағлар жаратыў тәжирийбесин пүткил республикаға жайыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Онда, «ипотека бағлары» жаратылып өнимдарлыққа киргенинен кейин адамларға 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен лизингке бериледи.
Бақ жаратаман, деген исбилерменге жерди арзан кредити ҳәм таяр жойбары менен бирге беретуғын система болады.
Бул системаны жолға қойып, усы жылдың өзинде 14 мың, келеси жылы 29 мың гектарда мине, усындай бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА